Мәмлекетимизде профессионал билимлендириў системасы реформаланбақта. Жасларды заманагөй кәсип-өнерге оқытыў, ишки ҳәм халықаралық мийнет базарында бәсекиге шыдамлы қәнигелер таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 17-июльдеги "Республикада халықаралық билимлендириў стандартлары тийкарында орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў бағдарламаларын енгизиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына муўапық, техникумда Британияның “Pearson BTEC” халықаралық билимлендириў бағдарламасы енгизилди.

Дүньяның 70 мәмлекетинде қолланылып атырған бул бағдарлама Өзбекстанда биринши мәрте усы техникумда енгизилди. Оның тийкарғы өзгешелиги - теориялық билимлерди әмелий көнликпелер менен бирлестириў. Буның ушын билимлендириў стандартларына сай заманагөй оқыў устаханалары, санлы лабораториялар шөлкемлестирилген.

Жойбардың улыўма баҳасы 11,9 миллиард сум болып, соннан 2 миллиард сумы бирге ислесиўшилер тәрепинен ажыратылған. Нәтийжеде 240 орынлық заманагөй устаханалар шөлкемлестирилди. Техникумда жәми 1 203 оқыўшы билим алмақта.

Мәкеме 4 гектар майданда жайласқан. Имарат ҳәм объектлердиң улыўма майданы 4,6 мың квадрат метр. Бул жерде регион экономикасының жетекши тармақлары ушын қәнигелер таярлаў бойынша дуал оқытыўды енгизиў нәзерде тутылған. Халықаралық бағдарлама питкериўшилери 70 тен аслам мәмлекетте тән алынатуғын дипломға ийе болады.

Жеке меншик шерик Саловутдин Илёсовтың қатнасыўында “spin-off” билимлендириў бағдарламасы да жолға қойылды. Оның шеңберинде 136 оқыўшы талап жоқары болған заманагөй кәсип-өнерлерди ийелемекте. Тийкарғы пәнлер инглис тилинде оқытылып, оқыў-методикалық қураллар да усы тилде берилмекте. Бул кәсиплик билим ҳәм қәнигелик бойынша жумыс ислеў ушын зәрүр болған тил билиў көнликпелериниң раўажланыўына хызмет етеди.

Әмелий таярлық себепли питкериўшилердиң сырт елде жумысқа жайласыў имканиятлары кеңеймекте. Усы жылы техникумда кепсерлеў бойынша билим алған 25 жумыссыз пуқара Эстонияға жумысқа жиберилди. Олардың айлық ис ҳақысы айына 3 мың евроға шекем.

Буннан тысқары, техникумда шөлкемлестирилетуғын 40 миллион долларлық санаат зонасы ушын зәрүр қәнигелер таярлаў бойынша келисимлерге ерисилди. Бул билимлендириўдиң өндирис пенен байланысын беккемлеў, питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы техникумда жаратылған шараятларды көзден өткерди. Халықаралық мийнет базарында маман кадрларға талап артып баратырғаны атап өтилди. Оқыў процесин жумыс бериўшилердиң талабынан келип шығып шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.