Усы жылда да республикамыздың қала ҳәм районлары ушын зәрүр болған маманлықлар санынан ҳәм кадрлардың ишки мүтәжликлеринен келип шығып, ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларын таңлаған абитуриентлер ушын төлемли-контракт тийкарында 6 500 қосымша квота ажыратылды.

Әлбетте, қосымша квоталардың ажыратылыўы бул республикамыз ушын зәрүр болған жоқары билимге ийе маман кадрларды таярлаўда әҳмийетли болып, бул өз нәўбетинде ҳүрметли Президентимиздиң қарақалпақстанлы жаслар ушын айрықша жаратып берген имканиятларының және бир көриниси болды десек алжаспаған боламыз.