Бул ҳаққында Өзбекстанның Сиэтл қаласындағы Бас консулханасының дипломатлары ҳәм колледж басшылары арасында болып өткен ушырасыўда мәлим етилди.
Вашингтон штатының Оберн қаласында өткерилген сөйлесиўлерде колледж президенти ўазыйпасын атқарыўшы Жорж Фрейзер ҳәм халықаралық бағдарламалар ҳәм қосымша билимлендириў бойынша вице-президент Венди Стюарт қатнасты.
Ушырасыўда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған билимлендириў реформалары, жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў, әмелий таярлықты күшейтиў ҳәм сырт ел билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Колледж басшылары бул реформаларды жоқары баҳалап, өзбекстанлы шериклер менен биргеликте ислесиўге таяр екенин билдирди.
Сөйлесиўлерде "1+1+2" билимлендириў моделине айрықша итибар қаратылды. Оған бола, студент дәслепки бир жылды Өзбекстанда шөлкемлестирилиўи режелестирилип атырған кампуста, кейинги бир жылды «Green River College»диң АҚШтағы тийкарғы кампусында оқыйды. Буннан соң және еки жыл даўамында АҚШ университетинде бакалавриаттың 3-4-курсларында билим алыўды даўам еттириўи мүмкин.
Колледж ўәкиллериниң атап өтиўинше, қабыллаў, жас, тил ҳәм академиялық талаплар орынланған жағдайда, бул қатнас 9-класс питкериўшилерине төрт жыл ишинде толық орта билимлендириўди жуўмақлаў ҳәм бакалавр дәрежесин қолға киргизиў имканиятын бериўи мүмкин.
Ушырасыўда, сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары, программалық тәмийнат ислеп шығыў, киберқәўипсизлик, бухгалтерия ҳәм авиация бағдарларында биргеликтеги бағдарламаларды енгизиў, студентлер ҳәм оқытыўшылар алмасыўын жолға қойыў мәселелери додаланды.
Колледж басшылары Өзбекстандағы мәпдар билимлендириў мәкемелери менен тиккелей сөйлесиўди баслаўға таяр екенин мәлим етти.
«Green River College» 1945-жылы шөлкемлестирилген. Билимлендириў мәкемеси басқа жоқары оқыў орынларына өтиў бағдарламалары, кәсиплик ҳәм техникалық билимлендириў, әмелий бакалавриат бағдарламалары ҳәм де таярлаў курсларын усынады. Ҳәзирги ўақытта колледжде 15 мыңға шамалас студент билим алмақта.