Бул мәселе Миграция агентлиги басшысының АҚШтың «Head Honchos» компаниясы ўәкиллери менен онлайн ушырасыўында додаланды.

Бағдарлама шеңберинде талабанларға инглис тили, аўыл хожалығы техникасын басқарыў, үскенелерге техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оңлаў, кепсерлеў ҳәм мийнет қәўипсизлиги бойынша әмелий көнликпелер үйретиледи.

Жумыс бериўшилер оқыў бағдарламасын ислеп шығыў, талабанларды сынақтан өткериў ҳәм жуўмақлаўшы сертификатлаў процесинде қатнасады. Биринши топарды АҚШтағы бәҳәрги аўыл хожалығы мәўсимине таярлаў мақсет етилген.

Америкалы бирге ислесиўшилердиң мағлыўматына бола, АҚШ фермерлериниң өзбекстанлы жумысшыларды мәўсимлик жумысларға тартыўға қызығыўшылығы артып бармақта.

Жумыс бериўшилердиң анық буйыртпалары алынып, таңлаў нормалары тастыйықланғаннан кейин талабанларды таңлап алыў ҳәм таярлаў процеси басланады.

Қабыллаў шәртлери ҳәм арза тапсырыў тәртиби Миграция агентлигиниң рәсмий каналларында жәрияланады.