Миллий дзюдо мектебин раўажландырыў ҳәм жас спортшыларды таярлаў бағдарында усы абырайлы федерация менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Ташкент қаласы дүньяның дзюдо орайларынан бирине айланып баратырғаны атап өтилди. Кейинги үш жылда мәмлекетимизде 4 мыңнан аслам спорчылар қатнасыўында 10 халықаралық жарыс өткерилген болса, бул ретки жас өспиримлер арасындағы жәҳән чемпионаты биринши мәрте Өзбекстанда өткерилмекте.
Мариус Визер мәмлекетимизде спортты раўажландырыў ҳәм жасларды кеңнен тартыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады.
Өзбекстанда ири халықаралық турнирлерди өткериў, миллий сайланды командамызды Лос-Анджелес Олимпиадасына таярлаў, мәмлекетимиздиң заманагөй спорт инфраструктурасы тийкарында спортшылар, тренерлер ҳәм төрешилерди таярлаў, спорт медицинасы тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.
19-22-ноябрь күнлери Ташкент қаласындағы Олимпия қалашасында дзюдо бойынша жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте. Онда 78 мәмлекеттен 600 ге шамалас жас спортшы қатнаспақта. Жарысқа сырт еллерден де жоқары дәрежедеги делегациялар келди.