Президентимиз Гурбангули Бердимуҳамедовты Түркменстан тәрепинен Авазада болып өткен Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы, ҒМДА саммити ҳәм Каспий экологиялық форумына нәтийжели басшылық еткени ҳәм олардың табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

Түркменстанның регионаллық қарым-қатнас ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўдағы әҳмийетли ролин және бир мәрте көрсеткен бул илажлар айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Ерисилген келисимлер регионда избе-из раўажланыў ҳәм тынышлықты тәмийинлеўге қаратылған шерикликтиң жаңа перспективаларын ашпақта.

Сөйлесиў даўамында избе-из раўажланып, әмелий мазмун менен байып атырған Өзбекстан – Түркменстан стратегиялық шериклигиниң турақлы унамлы пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тәреплер өз-ара саўда көлемин буннан былай да арттырыў, санаат кооперациясын кеңейтиў, энергетика, транспорт ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жойбарларды әмелге асырыў, транспорт-логистика тараўындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Авазада Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында тарийхый шәртнамаға қол қойылғанына айрықша итибар қаратылды.

Бул механизмди иске қосыў еки тәреплеме күн тәртибиниң тийкарғы бағдарлары бойынша ҳәрекетлерди системалы муўапықластырыўға хызмет етеди.

Жетекшилер болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режесин де додалады.

Жуўмағында көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары, уқсас тарийх ҳәм мәдений дәстүрлерге тийкарланған Өзбекстан – Түркменстан бирге ислесиўин избе-из раўажландырыў және Орайлық Азияда тынышлық, татыўлық ҳәм турақлы раўажланыўды буннан былай да беккемлеўге өз-ара умтылыс исенимли екени атап өтилди.