Мәмлекетлик комиссияның тийисли протоколына муўапық, қарақалпақстанлы абитуриентлер ушын қосымша еки түрде оқыўға кириў имканияты белгиленди.

биринши мүмкиншилик

2-октябрьден 6-октябрьге шекем Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасап атырған, тест сынақларында 68 ҳәм оннан жоқары балл топлаған ҳәм мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының күндизги бөлиминде төлемли-контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген жаслар 500 мақсетли орын ушын өткерилетуғын таңлаўда қатнасыў ушын дизимнен өтиўи мүмкин болады.

Дизимнен өтиў my.uzbmb.uz. сайты арқалы әмелге асырылады. Абитуриентлер таңлаўда өзи оқыўға усыныс етилген жоқары оқыў орны ҳәм тәлим бағдары бойынша қатнасады.

Абитуриентлер тест сынақларында топлаған балларына қарап қатаң избе-изликте мақсетли орынларға усыныс етиледи.

екинши имканият

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мүрәжаты тийкарында Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлиги тәрепинен аймақлардағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша төлемли-контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 орын тастыйықланды.

Бул қосымша орынлар Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта, орта арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған, тест сынақларында 56,7 ҳәм оннан жоқары балл топлаған, бирақ оқыўға усыныс етилмеген, мәмлекетлик ЖООларына оқыўға кириў ушын дизимнен өткен абитуриентлер арасында бөлистириледи.

Таңлаў ведомостлары белгиленген тәртипте рәсмийлестириў ушын тийисли жоқары билимлендириў мәкемелерине жибериледи.