Ол жаслар тек ғана мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланатуғын социаллық қатлам емес, ал бар машқалаларға нәтийжели шешим усыныс етип атырған, жаңа экономикалық ҳәм социаллық қун жаратып атырған күш екенин және бир мәрте тастыйықлады.
Президентимиздиң "Мийрасхорлық тек ғана мақтаныш емес, ал үлкен жуўапкершилик болып табылады", деген сөзлери ушырасыўдың идеялық мазмунын билдирди. Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўирлеринде дүнья цивилизациясына шексиз үлес қосқан уллы ойшылларымызға мийрасхорлық тек ғана тарийх пенен мақтаныўды емес, ал билим жаратыў, илимий пикирлеўди раўажландырыў ҳәм халық мәпине хызмет ететуғын жаңалықларды турмысқа енгизиў жуўапкершилигин де жүклейди. Усы жағынан Үшинши Ренессанс идеясы барған сайын анық әмелий мазмунға ийе болмақта. Оның тийкары заманагөй мектеплерде, жоқары билимлендириў ҳәм илимий мәкемелерде, технопарк ҳәм лабораторияларда, жаслар шөлкемлестирип атырған стартапларда, жаратылып атырған программалық өнимлер, инженерлик қолланбалар ҳәм социаллық жойбарларда қурылмақта. Себеби, бул идеяның нәтийжелилиги жасларға жаратылып атырған имканиятлардың илимий нәтийже, инновациялық өним ҳәм жәмийет мәпине хызмет ететуғын басламаларға айланыўы менен белгиленеди.
Бул сиясаттың ҳуқықый тийкары, бәринен бурын, Конституциямызда мәмлекет жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм экологиялық ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеўи, олардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўын хошаметлеўи сыпатында белгиленген. Сондай-ақ, жаслардың интеллектуаллық, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан раўажланыўы, билим алыўы, денсаўлығын сақлаўы, турақ жайға ийе болыўы, жумысқа жайласыўы ҳәм бәнтлиги ушын шараят жаратыў мәмлекеттиң конституциялық миннетлемеси сыпатында беккемленген. Сонлықтан, жасларға билим алыў, кәсип ийелеў, мийнет етиў, өз талантын жүзеге шығарыў ҳәм мәмлекетлик басқарыўда қатнасыў имканиятын жаратыў белгили бир дәўирге мөлшерленген социаллық жәрдем емес, ал конституциялық миннетлемелерди әмелге асырыў түри болып есапланады. Жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған ҳәр бир бағдарлама тең имканиятларды кеңейтиў, инсан потенциалын раўажландырыў ҳәм шахстың еркин кәмалға келиўи ушын ҳуқықый ҳәм институционаллық шараят жаратады.
Бул қатнас "Жаңа Өзбекстан жаслары - 2030" стратегиясында анық мақсетлер, нәтийже көрсеткишлери ҳәм орынлаў механизмлери менен беккемлеп қойылды. Онда жас инсан мәмлекетлик қарарларды ислеп шығыў, әмелге асырыў ҳәм нәтийжелерин баҳалаў процесиниң белсенди қатнасыўшысы сыпатында тән алынады. Стратегия жаслардың мәплерин тәмийинлеў, экономикалық нәтийжелилик, финанслық турақлылық, есап бериў, ашық-айдынлық, үзликсиз режелестириў ҳәм миллий-руўхый үйлесимлилик принциплерине тийкарланады.
Халықты дизимге алыў илажының дәслепки нәтийжелерине бола, 2026-жылы мәмлекетимиздеги 14-30 жастағы халықтың саны 9,5 миллион, яғный улыўма халықтың 25 процентин қурайды. Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан аслам жас кирип келмекте. Бул демографиялық потенциал Өзбекстанның стратегиялық үстинликлерден бири болып есапланады. Бирақ демографиялық үстинлик өз-өзинен раўажланыў факторына айланбайды. Оның экономикалық ҳәм социаллық нәтийжеси жаслардың сапалы билимлендириў, заманагөй кәсип, илим ҳәм технологиялар менен қамтып алыныўына тиккелей байланыслы.
Усы мәниде мәмлекетимиз басшысының заманагөй дүньяда мәмлекетлер аймағы ямаса тәбийғый байлықлары менен емес, билим, технология ҳәм инсан капиталы менен бәсекилесип атырғаны ҳаққындағы пикири айрықша әҳмийетке ийе. Билимлер экономикасы шараятында инсан ой-пикири стратегиялық ресурсқа, жаслардың маманлығы ҳәм жаңалық жаратыў қәбилети болса миллий раўажланыўдың шешиўши факторына айланбақта.
Кейинги жылларда ерисилген нәтийжелер бул сиясаттың әмелий нәтийжесин көрсетпекте. "Жаслар дәптери" арқалы 1,5 миллион жастың машқалалары шешилген, жас исбилерменлердиң саны бес есеге көбейген. Шет тиллерин интенсив үйренип атырған жигит-қызлардың саны 3,5 миллионға жеткен. Оқыўшы ҳәм студентлер халықаралық пән олимпиадаларында 434, жас спортшылар болса абырайлы жарысларда 2245 медальды қолға киргизген. Бул көрсеткишлер мәмлекет тәрепинен жаратылған имканиятлар жаслардың жеке умтылысы ҳәм мийнети менен үйлескенинде анық нәтийже бериўи мүмкин екенлигин көрсетеди.
Ушырасыўда алға қойылған жаңа басламалар жасларды қоллап-қуўатлаў сиясатын кейинги сапа басқышына алып шықпақта. Ҳәр жылы 500 мың жигит-қызды заманагөй кәсиплерге оқытыўға қаратылған "Келешек билимлери экосистемасы", кәсибин жаңаламақшы болған жаслар ушын "кәсип ваучеры", жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы жумыссыз жаслардың жеке меншик оқыў орайларында бийпул кәсип ийелеўи, техникумларда мәмлекетлик грантларды кеңейтиў сыяқлы механизмлер билимлендириўди тиккелей бәнтлик ҳәм дәрамат пенен байланыстырыўға хызмет етеди. Бул арқалы жаслар сиясаты мийнет базары талапларына сәйкес турақлы компетенцияларды қәлиплестириў модельине өтпекте.
Жоқары билимлендириў мәкемеси питкериўшисин жумысқа алған исбилермен ушын жас қәнигеге салыстырғанда дәрамат ҳәм социаллық салық ставкасының бир жыл даўамында 1 процент етип белгиленетуғыны да айрықша итибарға ылайық. Бул механизм жумыс бериўшиниң мәпин жас қәнигениң бәнтлиги менен үйлестиреди, питкериўшиниң мийнет базарына кириўиндеги дәслепки тосқынлықларды азайтады. Онда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпасы жумыс бериўши ушын анық экономикалық хошамет пенен беккемленбекте.
Жаслар исбилерменлигин раўажландырыўға қаратылған "Жаслар мини-франшизасы" бағдарламасы, жергиликли брендлер тийкарында бизнес баслаў ушын 300 миллион сумға шекем процентсиз ссуда ажыратылыўы, жоқары дәрамат ҳәм көплеген жумыс орынларын жарататуғын жойбарларға 5 миллиард сумға шекем инвестиция киргизилиўи жаслардың бизнес идеяларын базарда өтимли ҳәм турақлы жойбарларға айландырыў ушын финанслық тийкар жаратады. Қаржыландырыўдың таяр бизнес модельлери ҳәм мәсләҳәт жәрдеми менен үйлестирилиўи жаслар исбилерменлигин тосыннан жумыстан системалы экономикалық институтқа айландырыўға хызмет етеди.
Мәмлекетлик басқарыўда жаслардың потенциалынан пайдаланыўға қаратылған "ТОП-100" бағдарламасы, олардың министрликлер, уйымлар ҳәм халықаралық шөлкемлерде стажировка өтеўи, қәбилетли жаслардың басшылық лаўазымлары ҳәм кадрлар резервине усыныс етилиўи мәмлекетлик хызметте меритократиялық нормаларды беккемлеўге қаратылған. Бул механизмлер Конституциямызда белгиленген жаслардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўын хошаметлеў, сондай-ақ, жумысқа жайласыў ҳәм бәнтлик ҳуқықларын әмелге асырыў ушын шараятлар жаратыўға байланыслы қағыйдалардың избе-из көриниси болып есапланады. Бундай системада жас емес, оның билими, басламасы, кәсиплик потенциалы ҳәм ерискен нәтийжеси тийкарғы баҳалаў өлшемине айланады.
Жас ҳуқықтаныўшы ҳәм илимий хызметкер сыпатында бул бағдарды айрықша әҳмийетли, деп есаплайман. Заманагөй мәмлекетлик басқарыў тәжирийбе менен бирге, жаңа билим, илимий-аналитикалық қатнас, санлы көнликпе ҳәм интакерликке де сүйениўи зәрүр. Жаслардың мәмлекетлик басқарыўға системалы тартылыўы әўладлар алмасыўы емес, тәжирийбе менен жаңаша пикирлеўдиң өз-ара үйлесиўи болып есапланады. Бул болса қабыл етилип атырған қарарлардың сапасын ҳәм келешекке бағдарланғанлығын арттырады.
Мәмлекетимиз басшысының "Биз жасларға жаратып атырған имканиятлардан ҳеш бир ул-қызымыз шетте қалмаўы керек", деген қатаң талабы реформалардың адамгершилик мәнисин сәўлелендиреди. Ата-ана қарамағынан айырылған, майыплығы болған, миграция, әскерий хызмет ямаса жазаны өтеўден қайтқан жаслар ушын "Кепилленген биринши қәдем" пакетиниң енгизилиўи мәмлекетлик сиясатта тең имканият ҳәм социаллық әдиллик принциплери үстин екенин көрсетеди. Усы тәризде жаңа жаслар сиясаты тек ғана жоқары нәтийжелерге ерискен жасларды хошаметлеў менен шекленбестен, басланғыш имканиятлары ҳәр қыйлы болған барлық жигит-қызлардың потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған инклюзив мазмунға ийе болмақта.
Әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы мазмунын ҳуқық, имканият ҳәм жуўапкершиликтиң өз-ара үнлеслигинде көремен. Ҳуқық реал имканият пенен тәмийинленгенде ғана әмелий мазмунға ийе болады; имканият болса билим, ҳадал мийнет ҳәм жеке жуўапкершилик пенен уйғынласқанда ғана раўажланыў нәтийжесине айланады. Усы мәнисте жасларды қоллап-қуўатлаў сиясатының соңғы мақсети тек ғана жеңилликлер бериў емес, еркин пикирлейтуғын, дәлил ҳәм илимий жуўмақлар тийкарында жаңа шешимлер ислеп шығатуғын, жәмийет ҳәм мәмлекет алдындағы жуўапкершилигин аңлайтуғын әўладты қәлиплестириўден ибарат.
Мәмлекетимиз басшысының жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиўи, олардың жойбарларын жеке тыңлаўы ҳәм перспективалы басламаларды қоллап-қуўатлаўы жасларда мәмлекетлик реформаларға байланыслылық, исеним ҳәм жуўапкершилик сезимин күшейтеди.
Бүгин жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар анық ҳуқықый, институционаллық ҳәм финанслық механизмлер менен тәмийинленген. Олардан нәтийжели пайдаланыў, терең билим, ҳадал мийнет, жоқары ҳуқықый мәденият ҳәм ўатанға садықлық пенен мәмлекеттиң раўажланыўына үлес қосыў мәмлекетимиз тәрепинен билдирилген жоқары исенимге мүнәсип жуўап болып есапланады. Мине, усындай жуўапкершиликли ҳәм дөретиўши әўлад ғана уллы ата-бабалардың мийрасын даўам еттирип, Үшинши Ренессанс тийкарын беккемлей алады.
Фарангиз ЭШТУРДИЕВА,
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы
Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты докторанты