Мәмлекет халқы санының өсиўи ҳәм туристлер ағымының көбейиўи азық-аўқат өнимлерине болған талапты да арттырмақта. Бүгинги күнде гөшке болған жыллық талап 2 миллион 150 мың тоннаны қурап, өндирис көлеми дерлик 1 миллион 600 мың тоннаны қурамақта.

Сол себепли 2026-2028-жылларда шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыў бойынша комплексли илажлар ислеп шығылды. Жумысы тоқтап қалған кәрханаларды тиклеў, шарўашылыққа қәнигелескен районларды қоллап-қуўатлаў, халықтың үйлеринде жеңил конструкциялы малханалар қурыў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў арқалы қосымша 190 мың тонна гөш жетистириў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, жумысы тоқтап қалған 103 шарўашылық кәрханасын саламатландырыў режелестирилген. Олардың қарыздарлығын реструктуризциялаў ямаса он жыл мүддетке бөлип-бөлип төлеў имканиятын бериў, от-жем егинлерин жетистириў ушын жер ажыратыў ҳәм кәрханаларды нәсилли қарамал менен тәмийинлеў усыныс етилди. Нәтийжеде 33 мың бас қарамал бағылып, жылына 12 мың тонна гөш ҳәм 40 мың тонна сүт жетистириў имканияты жаратылады.

Шарўашылыққа қәнигелестирилген 13 районда 75 мың гектар от-жем майданларынан нәтийжели пайдаланыў, киши шарўашылық жойбарларын қаржыландырыў, сүт қабыллаў ҳәм от-жем саўдаларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, халықтың жеке меншик хожалықларында 20 сотыхлық жеңил конструкциялы 11 мың қарамалды сақлаў имаратын қурыў, 421 мың бас қарамал бағыў режелестирилген.

Улыўма баҳасы 3 триллион сум болған 802 жаңа жойбар шеңберинде 68 мың бастан аслам қарамал, 186 мың бас қой-ешки бағыў ушын шараят жаратыў нәзерде тутылған. Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы жылына қосымша 20 мың тонна гөш ҳәм 120 мың тонна сүт жетистириў имканиятын береди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы мысалында шарўашылық комплекслерин саламатландырыў бойынша ЖИ жәрдеминде өткерилген таллаў нәтийжелери көрип шығылды. Үйренилген 20 комплекстиң қарыздарлығы 109,6 миллиард сумды қурап, олардың ярымы жоқары қәўип категориясына киргизилген. Көпшилик объектлерде от-жем майданлары ҳәм зәрүр инфраструктура жетиспейди.

Соннан келип шығып, қарыз жүгин азайтыў, азық-аўқат базасын қәлиплестириў, комплекслерди дәслеп тәжирийбе-сынақ түринде, кейин ала басқышпа-басқыш иске қосыў ҳәм нәсилли қарамал менен тәмийинлеў бойынша усыныслар билдирилди.

Монголиядан 150 мың бас қой, Қытай ҳәм Европа мәмлекетлеринен 100 мың бас нәсилли қарамал, Беларустан болса 2 мың бас қарамал алып келиў режелестирилген. Бул жылына қосымша 44 мың тонна гөш жетистириў имканиятын береди.

Улыўма етип айтқанда, шарўашылық тармағын раўажландырыў ушын 463 миллион доллар қаржы қаратылыўы нәзерде тутылған.

Халықтың жеке хожалықлары ҳәм шарўашылыққа қәнигелескен мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өткен дәўирде 191 райондағы 3,9 миллион халық жасайтуғын 2 мың 407 мәҳәлле қәнигелестирилген.

Бундай шаңарақларды арзан нәсилли қарамаллар менен тәмийинлеў, сыйырларды жасалма туқымландырыў, от-жем ҳәм зооветеринария хызмети менен тәмийинлеўди жақсылаў, нәсилли бузаўларды идентификациялаў, субсидия ажыратыў усыныс етилди. Бул хожалықларда шарўа малларының бас санын ҳәм өнимдарлықты арттырыў, пуқаралар ушын қосымша дәрамат дәреклерин жаратыў имканиятын береди.

Нәсилшилик бағдарында 13 районда 200 бас қарамал бағыўға мөлшерленген хожалықлар шөлкемлестириў, ҳәр жылы 500 мың бас сыйырды сайланды нәсилшилик материалынан пайдаланған ҳалда жасалма туқымландырыў, сондай-ақ, эмбрионлар трансплантациясы технологияларын кеңнен енгизиў режелестирилген.

Презентацияда Өзбекстан шарўашылығы ассоциациясын шөлкемлестириў усынысы да көрип шығылды. Жаңа структура шарўа мәплерин қорғаў, кооперацияны раўажландырыў, нәсилшилик жумысы, илимий изертлеўлер ҳәм инновациялар, қаржылай қоллап-қуўатлаў ҳәм сыртқы базарларға шығыў мәселелери менен шуғылланады.

Сондай-ақ, фермерлер ҳәм халық ушын “Smart Fermer” бирден-бир санлы жәрдемши платформасы таныстырылды. Мобиль қосымша арқалы шарўа малларын идентификациялаў, ветеринария қәнигесин шақырыў, жасалма туқымландырыў, азықландырыўды шөлкемлестириў ҳәм жайлаўларды басқарыў мәселелери бойынша мағлыўмат алыў, субсидия алыў ушын арза бериў ҳәм кеңеслерден пайдаланыў имканияты жаратылады.

Қусшылық тараўында улыўма баҳасы 432 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Бул жойбарлар есабынан 2028-жылға шекем қосымша 100 мың тонна қус гөшин ислеп шығарыў, аралас жем ислеп шығарыў қуўатлылығын 3,3 миллион тоннаға жеткериў, заманагөй сойыў системалары менен қамтып алыўды 20 проценттен 50 процентке шекем кеңейтиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге жойбарлардың экономикалық нәтийжелилигин терең таллап, қаржылардың мәнзилли ҳәм мақсетли бағдарланыўын тәмийинлеў, есап-санақ ҳәм мониторингтиң санлы системаларын енгизиў, ишки базарды сапалы ҳәм арзан өнимлер менен турақлы тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.