Илажда район ҳәкими Б.Менглибеков, мектепке шекемги
ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы, район аймағындағы мектеп директорлары,
питкериўши жаслар қатнасты.
Онда шығып сөйлегенлер, мектеп питкериўшилерин
жетискенликлери менен қызғын қутлықлап, оқыўшыларға ҳәм олардың ата-аналарына
алтын ҳәм гүмис медальлар, саўғалар, миннетдаршылық хатлары ҳәм ҳүрмет
жарлықларын салтанатлы түрде тапсырды.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Министрлер
Кабинетиниң 2019-жыл 22-февральдағы «Улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм
академиялық лицейлердиң питкериўшилерин хошаметлеўди және де жетилистириў
илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, алтын медаль улыўма орта билим бериў
мәкемелериниң 9-класын тамамлағаны ҳаққындағы айрықша дәрежели аттестаты бар
болған, улыўма орта билим бериў мәкемелериниң 10- ҳәм 11-классларында барлық
пәнлер бойынша жуўмақлаўшы қадағалаўлар, шереклик ҳәм жыллық баҳалары айрықша
болған, үлгили минез-қулықлы ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсеткен
питкериўшилерге бериледи.
Гүмис медаль улыўма орта билим бериў мәкемелериниң
9-класын питкериў ҳаққындағы айрықша дәрежели аттестаты бар болған, улыўма орта
билим бериў мәкемелериниң 10- ҳәм 11-классларында барлық пәнлер бойынша жыллық
баҳалары айрықша болған, үлгили минез-қулықлы ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик
көрсеткен питкериўшилерге бериледи.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.