Жарыс даўамында қатнасыўшылар өзлериниң спорт шеберлиги,
командалық аўызбиршилиги ҳәм саламат бәсеки орталығын көрсетип, жеңимпазлық
ушын өз-ара гүрес алып барды.
Оғада қызықлы өткен жарыс жуўмағында, киши футбол
бойынша биринши орынды Тахтакөпир районлық Айрыкша жағдайлар бөлими ийелеген
болса, екинши ҳәм үшинши орынларды райондағы қәнигелестирилген мектеп ҳәм
Миллий Гвардия командалары жеңип алыўға миясар болды.
Ал, шахмат бойынша өткерилген жарыста болса, қызлар
арасында Айдын жол мәкан пуқаралар жыйынынан Айнура Қәдирбекова бас сыйлықты
жеңип алған болса, ерлер арасында А.Адилов аўыл пуқаралар жыйынынан Парасат
Жайлыбаевқа тең келетуғын қарсылас табылмады.
Тахтакөпир районы Мәденият орайында усы жарыс
жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими өткерилип, онда район
ҳәкими Ж.Адилов жеңимпазларды ерискен
табысы менен қызғын қутлықлады. Район ҳәкими өз сөзинде халық, әсиресе, жаслар
арасында денетәрбия ҳәм спортты кеңнен ғалаба ен жайдырыў, саламат турмыс
тәризин қәлиплестириў ҳәм ғалабалық спорт жарысларын турақлы шөлкемлестириў
үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.
– Шахмат бойынша жарысқа қатнасып, финалға шекем жетип
келдим. Бирақ, шешиўши ойында азмаз әўмет жетиспеди ҳәм қарсыласыма утылып
қалдым. Алдағы ўақытлары бул кемшиликлерди сапластырып, бас сыйлықты жеңип алыў
ушын ҳәрекет етемен, – дейди Дәўқара аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Айсәнем
Өтемисова.
Илажда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине
шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрдетапсырылды.
Адилбай
Оразов,
Қарақалпақстан
хабар агентлиги шолыўшысы.