Бүгинги күнде жер деградациясы мәселесин тек ғана экологиялық машқала ямаса агротехникалық кемшилик сыпатында талқылаў жетерли емес. Бул, бәринен бурын, экономикалық турақлылық, азық-аўқат қәўипсизлиги, суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги, аўыл халқының дәраматы ҳәм аймақлық раўажланыў сапасына тиккелей тәсир ететуғын стратегиялық фактор болып есапланады. Усы мәниде жаңа Өзбекстан шараятында жерге мүнәсибет тәбиятты қорғаў шеңберинен шығып, мәмлекетлик басқарыў мәденияты, узақ мүддетли режелестириў ҳәм келешек әўладлар алдындағы жуўапкершилик өлшемине айланбақта.

Президентимиз алға қойып атырған ресурс үнемлеўши ҳәм "жасыл" раўажланыў модели де әйне усы логикаға сүйенеди: тәбийғый ресурсларға мүнәсибет өзгермей турып, экономикалық өсиўдиң сапасы ҳәм турақлылығы ҳаққында сөз етиў қыйын. Соның ушын жер деградациясына қарсы гүрес бүгин аграр сиясаттың тар бағдары емес, ал мәмлекеттиң улыўма раўажланыў моделине байланыслы мәселеге айланды.

Жер деградациясының ең қәўипли тәрепи сонда, ол айрықша апатшылық сыяқлы бир күнде пайда болмайды. Жыллар даўамында топырақтың өнимдарлығын төменлетеди, шорланыўды күшейтеди, суўды услап турыў қәбилетин әззилетеди. Нәтийжеде аўыл хожалығы нәтийжелилигин басқышпа-басқыш жемирип барады. Бул процестиң экономикалық тәсири болса жүдә үлкен: фермер бурынғы зүрәәтти алыў ушын көбирек суў, көбирек төгин, көбирек энергия ҳәм көбирек мийнет күшин жумсаўға мәжбүр болады. Демек, жер деградациясы тек ғана зүрәәтти азайтып қоймастан, ал өнимниң өзине түсер баҳасын арттырады, бәсекиге шыдамлылықты төменлетеди ҳәм аграр экономиканың турақлылығына зыян жеткереди.

Машқаланың глобаллық көлеми де әҳмийетли. БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң (FAO) 2024-жыл декабрьде жәрияланған шорланған топырақлар бойынша ири глобал баҳалаўына бола, дүнья бойынша 1,381 миллиард гектар жер шорланыў тәсиринде, және 1 миллиард гектар жер қәўип астында. Ҳүжжетте шорланған топырақлар үлеси жоқары мәмлекетлер қатарында Өзбекстан да атап өтилген. Сондай-ақ, айырым егинлер бойынша өним жоғалтыўлары 70 процентке жетиўи мүмкин екенлиги атап өтилген. Бул санлар жер деградациясын тар агротехникалық мәселе емес, ал глобаллық азық-аўқат ҳәм суў қәўипсизлиги контекстинде баҳалаў керек екенлигин көрсетеди.

Өзбекстан мысалында бул мәселе және де әҳмийетли. Себеби мәмлекетте аўыл хожалығы, азық-аўқат тәмийнаты ҳәм аўыл халқының бәнтлигиниң сезилерли бөлеги жер ҳәм суў ресурсларының жағдайына тиккелей байланыслы. Топырақ өнимдарлығының төменлеўи тек ғана аграр тараўдағы жоғалтыў емес, ол азық-аўқат баҳалары, экспорт түсимлери, суў тутыныўы ҳәм социаллық турақлылыққа да тәсир етеди.

Әлбетте, климат өзгериўи, қурғақшылық, температураның көтерилиўи ҳәм трансшегаралық суў ресурсларына байланыслылық жер деградациясын күшейтетуғын факторлар болып есапланады. Бирақ Өзбекстан ҳақыйқатлығы машқаланың үлкен бөлеги тәбийғый факторлардан гөре басқарыў сапасы, инфраструктура жағдайы ҳәм есап-санақ системаларының нәтийжелилиги менен де тиккелей байланыслы екенин көрсетпекте.

Жәҳән банкиниң тармақлық таллаўларында 2050-жылға барып Сырдәрья ағысы 5 процентке шекем, Әмиўдәрья ағысы 15 процентке шекем қысқарыўы мүмкин екенлиги, улыўма суў жетиспеўшилиги болса 15 миллиард куб метрге жетиў итималы атап өтилген. Бул санлар жер ҳәм суў сиясатын ески қатнаслар тийкарында даўам еттириў мүмкин емеслигин көрсетеди. Болмаса суў жетиспеўшилиги ҳәм жер деградациясы бир-бирин күшейттириўши факторға айланады.

2023-жыл ноябрьдеги мәжилисте Президентимиз мәмлекет суў ресурсларының тек ғана 20 проценти Өзбекстан аймағында қәлиплесетуғынын, ҳәр жылы бетонланбаған канал ҳәм салмаларда 14 миллиард куб метр, яғный 36 процент суў жоғалтылып атырғанын атап өткен еди. Бул санлар мәселениң түбири көп жағдайларда тәбиятта емес, ал инфраструктура ескиргени, суў есабының жетилиспегенлиги, қадағалаў ҳәм басқарыў системаларының жетерли дәрежеде нәтийжели ислемей атырғанын айқын көрсетеди.

Жер деградациясына қарсы гүресиў, бәринен бурын, басқарыўды реформалаў мәселеси есапланды. Суў қалай есапланады? Қайсы аймақта қанша жоғалтыў бар? Қайсы жер майданларында шорланыў тезлесип атыр? Қайсы реформа нәтийже бермекте, қайсы бири тек есабатта қалмақта? Әне усы сораўларға анық жуўап берилмесе, ең ири инвестициялар да күтилген нәтийжени бермеўи мүмкин.

Кейинги бир-еки жылда жер ҳәм суў ресурсларын басқарыўға байланыслы сиясатта жаңа басқыш басланғаны көзге тасланбақта. 2025-жыл августта мақулланған 2025-2028-жылларға мөлшерленген суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация тармағын раўажландырыў бағдарламасында 2020-2024-жылларда мәмлекетлик бюджеттен тараўға 60 триллион сум ҳәм 622 миллион доллар сыртқы инвестиция қаратылғаны, суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыныўы 2020-жылдағы 4 проценттен 2025-жылға келип 50 процентке жеткени атап өтилди. Бағдарламада 2 мың 551 километр ирригация тармағын реконструкциялаў, насос станцияларының жыллық электр тутыныўын 6,8 миллиардтан 6,2 миллиард киловатт-саатқа азайтыў ўазыйпалары белгиленген.

Бул санлар тармақта муғдарлық өзгерислер басланғанын билдиреди. Бирақ аналитикалық көзқарастан ең әҳмийетли сораў сонда: бул өзгерислер топырақ сапасының жақсыланыўы, суўдың жумсалыўының реал қысқарыўы ҳәм өнимдарлықтың турақлылығында қалай сәўлеленбекте? Егер реформалардың нәтийжеси тек ғана қурылған имаратлар ямаса өзлестирилген қаржылар менен емес, ал жердиң мелиоративлик жағдайы ҳәм суўды үнемлеўдиң әмелий нәтийжеси менен баҳаланса, сиясаттың сапасы әдеўир артады.

Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжатында суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыныўын 61 процентке, яғный 2,6 миллион гектарға жеткериў, жылына 2,5 миллиард куб метр суўды үнемлеў, 2026-жылы бул мақсетлер ушын 3,3 триллион сум ажыратыў режеси белгилеп берилди. Бул санлар машқалаға енди өз алдына жойбарлар жыйындысы сыпатында емес, ал миллий реформа бағдарламасы дәрежесинде қатнас жасалып атырғанын көрсетеди.

Мәмлекетимиз жетекшиси 9-февраль күни аўыл хожалығында жаңа жерлерди өзлестириў ҳәм тараўда илимди жаңа басқышқа алып шығыў бойынша усыныслар презентациясы менен танысқан еди. Онда жер деградациясына қарсы гүресиў және де кеңирек — жайлаўлар, суўғарылмайтуғын жерлер, агротехнологиялар ҳәм илимий изертлеўлер менен байланыслы сиясат сыпатында қаралды. 2030-жылға шекем және 938 мың гектар жайлаўды раўажландырыў ҳәм жақсылаў, 2026-2027-жылларда 620 мың гектар жайлаўды тиклеў режелестирилгени айтылды. Бул жер мәселесин тек ғана суўғарылатуғын майданлар менен шеклеп болмайтуғынын, пүткил агроландшафт системасы көзқарасынан қатнас жасаў кереклигин аңлатады.

2026-жыл марттағы экологиялық жойбарлардың презентациясы 2026-2030-жылларға мөлшерленген тийкарғы илажлар қатарында шөллениўге қарсы гүресиўдиң илимий ҳәм әмелий тийкарларын күшейтиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Бул болса жер деградациясына қарсы гүресиў миллий экологиялық сиясаттың еркин ҳәм тийкарғы бағдарына айланып атырғанын көрсетеди.

Бүгинги шараятта жер деградациясына қарсы нәтийжели сиясатты тек қаржы ажыратыў ямаса өз алдына имаратлар қурыў менен тәмийинлеп болмайды. Оның ушын жердиң мелиоративлик жағдайы, шорланыў дәрежеси, грунт суўының қәдди, суўдың жумсалыўы, өнимдарлық ҳәм агротехнологиялық жағдайы бойынша мағлыўматларды бирден-бир системаға бирлестириў талап етиледи. Жәҳән банкиниң таллаўларында да инфраструктура модернизациясы менен бир қатарда мониторинг системалары, хызмет көрсетиў сапасы ҳәм суў басқарыўында институционаллық реформалар шешиўши әҳмийетке ийе екени атап өтилген.

Ең тийкарғы мәселе илим, мониторинг ҳәм әмелият арасында тығыз байланыс жаратыў болып есапланады. Егер топырақ анализи, шорланыў карталары, грунт суўы көрсеткиши ҳәм суў жумсалыўы ҳаққындағы мағлыўматлар қарар қабыл етиўге хызмет етпесе, реформалар көбинесе бөлек-бөлек ҳалда қалып кетеди. Мәселен, бир аймақта суўды үнемлейтуғын технология енгизилиўи мүмкин. Егер сол жерде дренаж системасы ислемесе ямаса шорланыў дәрежеси есапқа алынбаса, күтилген нәтийжеге ерисилмейди.

Демек, жер деградациясына қарсы гүресиўде келешек санлы мониторинг, анық мағлыўматлар базасы ҳәм илимий тийкарланған басқарыў мәдениятына байланыслы. Қарар қабыллаў процеси "қанша қаржы жумсалды?" деген сораўдан "қандай нәтийже алынды?" деген өлшемге өтиўи шәрт. Әне сонда инфраструктураға жумсалып атырған ҳәр бир сум ҳәм енгизилип атырған ҳәр бир технологияның ҳақыйқый баҳасы ашылады.

Бул мәселе пүткил мәмлекет ушын әҳмийетли болса да, оның көринислери барлық аймақта бирдей емес. Айырым жерлерде шорланыў жоқары болса, басқа аймақларда суў жетиспеўшилиги, және басқаларында самал эрозиясы ямаса жайлаўлардың жемирилиўи тийкарғы қәўип дереги болыўы мүмкин. Соның ушын, бул машқаланы бирден-бир орайласқан қатнас пенен емес, ал мәнзилли аймақлық сиясат арқалы шешиў нәтийжелирек.

Аралбойы ҳәм шөллениў қәўпи күшли аймақларда экологиялық турақлылық, жер қапламын сақлаў ҳәм жайлаўларды тиклеў тийкарғы бағдар болыўы керек. Интенсив суўғарылатуғын дийқаншылық раўажланған аймақларда болса суўдың жумсалыўын қысқартыў, шорланыў ҳәм дренаж мәселелерин шешиў биринши орынға шығады. Демек, жер деградациясына қарсы гүресиўдиң табысы миллий бағдарламалар менен бирге аймақлық дифференциялаў принципи қаншелли есапқа алыныўына да байланыслы.

Жер деградациясы тек топырақтың сапасының жаманласыўы менен шекленбейди. Ол азық-аўқат жетистириў имканиятларын қысқартады, суў жетиспеўшилигин күшейтеди, климат өзгериўине бейимлесиўди қыйынластырады ҳәм аўыл халқының дәраматларына унамсыз тәсир көрсетеди. Соның ушын бул мәселе турақлы раўажланыў менен тиккелей байланыслы. Себеби, турақлы раўажланыў бүгинги мүтәжликлерди қанаатландырыў менен бирге, келешек ушын да беккем ресурс ҳәм имканиятларды сақлап қалыў дегени.

Бүгинги күнде жерге қатнасты өзгертиў тек ғана аўыл хожалығы тараўының ўазыйпасы емес. Бул мәмлекеттиң экономикалық турақлылығы, азық-аўқат қәўипсизлиги, суў тәмийнаты ҳәм аймақлардың раўажланыўы менен байланыслы стратегиялық мәселе. Жер тек ғана өндирис қуралы емес, ал халықтың абаданлығын ҳәм мәмлекеттиң келешегиниң таяныш ресурсы. Соның ушын, оны сақлаўды гезектеги экологиялық илаж емес, ал миллий мәп ҳәм турақлы раўажланыў талабы сыпатында түсиниў зәрүр.

Соның ушын жер ҳәм суў ресурсларын басқарыўға байланыслы реформалардың нәтийжеси ажыратылып атырған қаржы көлеми ямаса қабыл етилип атырған бағдарламалардың саны менен емес, ал олардың қаншелли бир пүтин, илимий тийкарланған, санлы мониторингке таянған ҳәм нәтийжеге бағдарланған системаға айлана алыўы менен өлшениўи керек. Егер инфраструктура модернизациясы, суўды үнемлеўши технологиялар, шорланыў ҳәм мелиорация бойынша мағлыўматлар, илимий қатнас ҳәм экономикалық хошаметлер өз-ара үйлесимли ислесе, бүгинги қәўип ертеңги турақлы өсиў ноқатына айланыўы мүмкин.

Усы мәниде, бүгин жерди сақлаў тек ғана тәбиятты сақлаў емес. Бул Өзбекстанның экономикалық келешегин, социаллық турақлылығын ҳәм миллий раўажланыў келешегин сақлаў дегени. Жерге қатнас қаншелли ақылға уғрас ҳәм узақты гөзлеп қурылса, мәмлекеттиң ертеңги раўажланыў сапасы да соншелли беккем болады.

Жаҳонгир ИСАЕВ,

Турақлы раўажланыў орайы бөлим баслығы