Бул жетекши халықаралық финанс институты менен стратегиялық шерикликти және де кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды. Биргеликтеги жойбарлар портфели 16 миллиард долларға шамаласты.

Декабрь айында Ташкент қаласында өткерилетуғын Халықаралық раўажланыў ассоциациясының ресурсларын орта мүддетли көрип шығыў форумына таярлық мәселелери додаланды.

Өсиў ҳәм жумыс орынлары бағдарламасын әмелге асырыў, жаңа Шериклик мәмлекетлик бағдарламасын таярлаў, инфраструктура, меншиклестириў ҳәм суў қәўипсизлигине жеке меншик инвестицияларды тартыў сыяқлы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары көрсетип өтилди.