Жасларымызға қарап, олар ерисип атырған жетискенликлерди көрип, көкирегимиз таўдай көтериледи, қандай үлкен дөретиўши күш қатарымызға қосылып атырғанынан мақтанып кетемиз", деген сөзлер қаншелли турмыслық әҳмийетке ийе екенин әмелий реформалар ҳәм жаслардың күш-ғайраты артқаны көрсетип тур.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында болса жасларды заманагөй кәсиплер ҳәм шет тиллерге оқытыў системасын буннан былай да жетилистириў, интеллектуаллық потенциалын арттырыў ҳәм илимий жумысын хошаметлеў, социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм жумыссызлықты азайтыў белгилеп берилди. Сондай-ақ, жаслар арасында IТ тараўын және де ғалаба ен жайдырыў, тараўдағы хызметлер экспортын арттырыў, денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланатуғын жаслардың қамтып алыўын кеңейтиў бойынша жыллар кесиминде анық ҳәм стратегиялық илажлар көрсетип өтилди. Стратегияда нәзерде тутылған мәселелердиң орынланыўы ҳәзир әмелий басқышта болып, атап айтқанда, IТ хызметлери ҳәм программалық өнимлердиң экспортын 5 миллиард долларға жеткериў, тараўда 300 мың жасты бәнт етиў ҳәм БМШтың Электрон ҳүкиметти раўажландырыў индексинде елимизди дүньяның жетекши 30 мәмлекетиниң қатарына киргизиў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде стартаплардың саны 950 ге жеткен ҳәм бул өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 37,5 процентке өсиў болғанын билдиреди. Соның менен бирге, венчур фондлардың саны 22 ге жетип, экосистеманың баҳасы 4,3 миллиард долларға баҳаланып атырғаны, стартапларға киргизилген инвестициялардың көлеми 132 миллион долларды қурап атырғаны жасларымыздың усыныс ҳәм басламалары "қағаздан базарға" өтип атырғанынан, инвесторлардың исенимине ерисип атырғанынан дәрек береди.
Сондай-ақ, билим алыў, тил үйрениў менен байланыслы мәселелер, атап айтқанда, жасалма интеллект арқалы заманагөй кәсиплер ҳәм пәнлерди бийпул үйрениўши жаслардың санын 3 миллионға, интеллектуаллық ойынларға тартылған жаслардың қамтып алыныўын 10 процентке жеткериў, ҳәр жылы 500 ге шекем талантлылардың ТОП-300 дизимине киретуғын абырайлы жоқары билимлендириў шөлкемлеринде оқыўын шөлкемлестириў сыяқлы анық режелердиң орынланыўы да жаслар ушын жаңа имканиятлар жаратады, әлбетте.
Және бир әҳмийетли ўазыйпа сыпатында "Армия ҳәм жаслар - бир тән, бир жан" принципи тийкарында дөгереклер ҳәм басқа да әскерий-ўатансүйиўшилик илажларына тартылатуғын жаслардың санын 675 мыңға жеткериў белгиленген. Бул, әлбетте, мәмлекеттиң интеллектуаллық ҳәм руўхый қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Себеби, әскерий-ўатансүйиўшилик тәрбиясы жас әўлад қәлбинде ўатанға муҳаббат, миллий мақтаныш, пидайылық ҳәм жуўапкершилик сезимлерин қәлиплестиреди. Ең әҳмийетлиси, армия ҳәм жаслар арасындағы тығыз байланыс беккемленип, қорғаныў потенциалы ушын мүнәсип кадрлар резерви жаратылады. Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбияланған ҳәр бир жас жаңа Өзбекстанның ертеңги күни, тынышлығы ҳәм раўажланыўының исенимли кепили болып есапланады.
Арзыўлар ҳәм имканиятлар жол картасы
Ҳәзирги күнде елимиз халқы 38 миллионды қурап атырған болса, соннан 9,5 миллионы ямаса дерлик 25 проценти 14-30 жастағы жигит-қызлар болып есапланады. Усы тийкарда ҳәр жылы 270 мың жас шаңарақ қәлиплеспекте. Бундай демографиялық өсиў жаслар сиясатына узақ мүддетли ҳәм системалы қатнасты талап етпекте.
Бундай қатнас өз ўақтында әмелге асырылғанда жаслардың сапалы билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, заманагөй мийнет базарында мүнәсип орын табыўына жәрдемлесиў ҳәм социаллық белсендилигин қоллап-қуўатлаў мүмкин. Жасларда ўатансүйиўшилик, интакерлик ҳәм жуўапкершилик сезимлерин беккемлеў мақсетинде Президентимиздиң усы жыл 20-апрельдеги пәрманы менен "Жаңа Өзбекстан жаслары - 2030" стратегиясы тастыйықланды.
Бул стратегия мәмлекетимиз басшысының жаслар менен турақлы сөйлесиўлери даўамында жаслар тәрепинен билдирилген пикир, усыныс ҳәм басламалар тийкарында қәлиплестирилген болып, оларды мәмлекет дәрежесинде системалы ҳәм мәнзилли шешиўдиң стратегиялық илажлары белгилеп берилген.
Атап айтқанда, стратегияда ҳәр жылы 600 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеў, 2030-жылға шекем 900 мың жасты волонтёрлыққа тартыў, оқыў орайларының санын 90 мыңға жеткериў, 450 мың жастың шет тиллер бойынша билимин B2 дәрежесине алып шығыў, жаслар жынаятшылығын азайтыў, ҳәр жылы кеминде 10 мың жас шаңарақты ипотека арқалы қоллап-қуўатлаў сыяқлы ўазыйпалар нәзерде тутылған.
Жаслардың социаллық белсендилигин арттырыў мақсетинде волонтёрлық қорынан 100 миллион сумға шекем грантлар ажыратыў, белсенди жасларды мәмлекетлик шөлкемлерде төлемли әмелиятқа тартыў, алдыңғы дөретиўшилер ушын Президент сыйлығын, сондай-ақ, китап ҳәм book-кафелер жайласқан "Жаслар көшелери"н шөлкемлестириў режелестирилген.
Жаслардың саламатлығын беккемлеў, руўхый қәўип факторларын қысқартыў, психологиялық жәрдем системасын күшейтиў мәселелери де стратегияда өз көринисин тапқан. Атап айтқанда, руўхый қәўип топарына киретуғын жаслардың үлесин 40 процентке азайтыў, күни-түни ислейтуғын психологиялық байланыс орайын шөлкемлестириў, спорт пенен шуғылланатуғын жаслардың үлесин 25 процентке арттырыў нәзерде тутылмақта.
Әҳмийетли тәрепи, тек ғана 2026-2027-жылларда 7 бағдар бойынша 56 жойбар әмелге асырылады. Соның ишинде, "Жаңа әўлад исбилерменлери" бағдарламасында Гарвард, Стенфорд, MIT, Лондон бизнес мектеби сыяқлы абырайлы билимлендириў мәкемелери менен биргеликте 20 мың жасты оқытыў, 1 мың бизнес жойбарды таңлап алыў ҳәм оларға 3 жылға шекемги мүддетке базалық есаплаў муғдарының 500 есесине шекем ссуда бериў режелестирилген.
Бир сөз бенен айтқанда, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы тек ғана мәмлекеттиң раўажланыў бағдарламасы емес, ал миллионлаған жаслардың арзыў-мақсетлерин анық мәнзилге бағдарлайтуғын "жол картасы" болып есапланады.
Жоқары билимлендириў ҳәм мийнет базары: талап ҳәм усыныс үнлеслиги
Жоқары билимлендириў тараўында соңғы жылларда ерисилген жетискенликлер миллий тарийхымызда улыўма бақланбаған болып, бул бағдардағы сапа көрсеткишлерин арттырыў ең әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады. Жаслардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси ҳәзирги ўақытта 44 процентти қурағаны ҳәм 2030-жылға шекем 50 проценттен арттырыў нәзерде тутылып атырғаны пикиримизди дәлиллейди. Егер 2017-жылдағы менен салыстырылса, бул көрсеткиш алты есеге көбейип, 1,7 миллионға жеткени белгили болады.
ЮНЕСКО мағлыўматларына бола, дүньяда студентлер саны 269 миллионнан аслам болып, 18-24 жастағы жигит-қызлардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўы орташа 43 процентти қурайды. Демек, Өзбекстан бул бағдарда орташадан жоқары басқышқа өткен, келешекте рейтинглердеги ең жоқары дәрежелерге умтылыў ушын барлық тийкарлар бар. Буның ушын раўажланған, соның ишинде, Канада, Япония, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбелерин кеңнен енгизиў нәзерде тутылған.
Жоқары билимлендириўдиң сапа көрсеткишлери барған сайын жақсыланбақта. 2025-жылдың жуўмақларына бола, мәмлекетимиздиң 7 жоқары билимлендириў мәкемеси QS халықаралық рейтингине, 4 жергиликли университет Times Higher Education рейтингине, 59 жоқары билимлендириў мәкемеси болса Times Higher Education Impact рейтингине киргизилгени, соннан 12 си дүньяның ең жақсы 1000 университетиниң қатарынан орын алғаны пикиримди тастыйықлайды.
Енди "U10 – Өзбекстанның глобаллық дәрежедеги алдынғы университетлери" бағдарламасының әмелге асырылыўы, бағдарлама шеңберинде таңлаў тийкарында 10 жоқары билимлендириў шөлкемине миллий изертлеў университети статусының берилип, оларда илимий кластерлердиң шөлкемлестирилиўи де жаңа имканиятларды жаратады.
Жоқары билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлердиң жумысында илимий қолланбаларды коммерцияластырыўды кеңейтиўге қаратылған жаңа система усыныс етилмекте. Жоқары оқыў орынларының “spin-off” кәрханаларын шөлкемлестириў арқалы "тармақ - кәрхана - жоқары билимлендириў шөлкеми - илимий шөлкем" шынжыры тийкарында инновациялық өним ҳәм хызметлер ислеп шығарыўды жолға қойыў нәзерде тутылмақта.
Жоқары оқыў орны питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеўде индивидуал ислеў, экономика тармақларындағы бос жумыс орынларына бағдарлаў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, жоқары оқыў орынларында карьера орайларының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе.
Студентлерди жумыс пенен бәнт етиў бағдарында барлық жоқары оқыў орынларында карьера орайларының жумысы толық жолға қойылып, нәтийжелилигине қарап хошаметлеп барыў нәзерде тутылмақта. Орайлардың жумысы "Питкериўши сапасы индекси" арқалы баҳаланып, ең жоқары нәтийже көрсеткен 20 жоқары оқыў орнының карьера орайына 500 миллион сумнан ажыратылады.
Улыўмаластырып айтқанда, билимлендириў мәкемелери мийнет базарының талапларына сәйкес бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаған жағдайда ғана питкериўшилердиң бәнтлиги, экономика тармақларының нәтийжелилиги ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўы тәмийинленеди. Заманагөй экономика дипломлы емес, ал билимли, әмелий көнликпелерге ийе ҳәм өзгериўшең шараятларға тез бейимлесе алатуғын қәнигелерди талап етеди.
Мәртлик мектеби ҳәм имканиятлар майданы
Президентимиздиң мүддетли әскерий хызметти өтеў жаслар ушын табыслы жолға айланыўы керек, деген турмыслық пикирлери бүгинги күнде өз дәлилин таппақта. Себеби мүддетли әскерий хызмет тек ғана физикалық ҳәм әскерий таярлық емес, ал жәмийетте беккем орнын табыўы ушын жасларды мийнет базарына ҳәм еркин кәсипке таярлаў басқышы сыпатында шөлкемлестирилиўи зәрүр әҳмийетке ийе.
Имканият ҳәм жеңилликлер ҳаққында сөз болғанда, армияда жаслар кеминде бир кәсип ийеси болып шығыўы бойынша пүткиллей жаңа система жаратылған. Әскерий бөлимлердеги тийкарғы бағдар ҳәм қәнигеликлерден келип шығып, әскерлерди кәсипке таярлаў бойынша 3-6 айлық бағдарламалар ислеп шығылғаны, ҳәр жылы 5 мың әскер сайлап алынып, "Бир миллион программист" ҳәм "Бес миллион жасалма интеллект жетекшиси" бағдарламалары шеңберинде оқытылыўы да бурын бақланбаған ҳәм әскерлердиң келешектеги жумысы ушын әҳмийетли болып есапланады.
Әскерлерге мүддетли әскерий хызметти өтеў дәўиринде әскерий бөлимниң өзинде жоқары оқыў орнына оқыўға кириў ушын имтихан тапсырыў имканияты жаратылмақта. Тест сынақларын табыслы өтип, студентликке қабыл етилген әскерлер мүддетли әскерий хызмет жуўмақланыўы менен жоқары оқыў орнында оқыўын баслаўы болса гезектеги абзаллық болып есапланады. Бул жаслардың мийнет базарына тезирек кирип барыўы ушын имканият есапланады.
Армиядан қайтып, жоқары оқыў орынларында билим алмақшы болған жасларға шет тили ҳәм пән сертификатын алыў қәрежетлери қаплап бериледи. Олар жоқары оқыў орынларына контрактке кирсе, процентсиз тәлим кредити ажыратылады, армиядан қайтқан соң, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегиндеги жаслардың кредит қәрежетиниң 6 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Жеке меншик секторда жумыс ислеўди қәлеген жасларға кәсипти ийелеў ҳәм сертификат алыў қәрежетлери төлеп бериледи. Бул оларға мәмлекет тәрепинен қаратылып атырған итибардың айқын көриниси болып есапланады.
Усы жағынан мүддетли әскерий хызмет тек ғана ел алдындағы муқаддес ўазыйпаны орынлаў емес, ал жаслардың физикалық ҳәм руўхый жетиклиги, жетекшилик қәбилети ҳәм турмыслық тәжирийбесин қәлиплестиретуғын әҳмийетли мектепке айланбақта.
Қызларымыздың табысы — келешек ушын тийкар
Бүгин жаңа Өзбекстанның раўажланыўы ҳаққында сөз болғанда, илим, билимлендириў, исбилерменлик, мәденият ҳәм спорт тараўларында жоқары нәтийжелерге ерисип атырған қызлардың табысларын айрықша атап өтиў керек. Себеби мәмлекеттиң ертеңги раўажланыўы тек ғана заманагөй инфраструктура ямаса экономикалық көрсеткишлер менен емес, ал билимли, интакер ҳәм ўатансүйгиш қызлардың потенциалы менен де белгиленеди. Жәмийетте ҳаял-қызлардың орны қаншелли жоқары болса, мәмлекеттиң раўажланыў потенциалы да соншелли күшли ҳәм турақлы болады.
Тек ғана спорт тараўында 2025-жылы қызларымыз жәҳән ареналарында 167 алтын, 193 гүмис ҳәм 243 бронза медалын қолға киргизди.
Ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларында оқып атырған қызлардың саны 904 мыңнан артып, жәми студентлердиң 54 процентин қурағаны да тарийхымызда бақланбаған сийрек ушырасатуғын ҳәдийсе. Бул көрсеткиш тек ғана гендер теңликти тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли нәтийже емес, ал келешекте экономика, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлар ушын жоқары маманлықтағы кадрлар потенциалы қәлиплесип атырғанын да аңлатады.
2025-жылы өзбекстанлы 60 қыздың дүньядағы ең абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға киргени, стажёр-изертлеўшилер ҳәм докторантурада оқып атырғанлардың 8,5 мыңы, яғный 61 процентин ҳаял-қызлар қурап атырғаны да реформалардың нәтийжеси болып есапланады.
Келешекте болса бул бағдарда және де көбирек имканиятлар жаратылады. Атап айтқанда, жаңа оқыў жылынан баслап жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларымыз ушын мәмлекетлик грант квотасы 2 есеге арттырылып, 4 мыңға жеткериледи. ТОП-300 деги жоқары оқыў орынлары менен қоспа билимлендириў тийкарында магистратура басқышында билим алып атырған студент қызлардың контракт пуллары мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи.
Ҳәр жылы ҳаял-қызлардың инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў ушын кеминде 10 бағдар бойынша стартап таңлаўлары өткерилиўи, онда ҳәр бир бағдар жеңимпазына Инновация қорынан 500 миллион сумға шекем грант берилиўи нәзерде тутылып атырғаны, мектеплердиң 11-класын питкерип, мәмлекетлик техникумларға кирген қызларды кәсипке оқытыў толық мәмлекетлик грант тийкарында болыўы да абадан жәмийет ушын қойылып атырған беккем тырнақ болып есапланады.
Президентимиз ғайратлы қызларды турақлы қоллап-қуўатлап келмекте. Атап айтқанда, 2026-жылдың өзинде 166 мың ҳаял-қыз заманагөй кәсип ҳәм исбилерменликке, және 100 мыңы IТ тараўына оқытылады.
"Жаңа Өзбекстан - жаслар мәмлекети" идеясы бүгин әмелий нәтийжелер менен беккемленип, жас әўладтың жеке табыслары раўажланыўдың тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшине айланбақта. Жасларға жаратылып атырған имканиятлар, билимлендириў, инновация ҳәм исбилерменлик тараўындағы реформалар олардың потенциалын толық көрсетиўине хызмет етип, жеке жетискенликлерди жәмийеттиң раўажланыўына айландырыў ушын беккем тийкар жаратпақта. Себеби, жеке табыслар улыўма раўажланыў менен үнлес болғанда ғана мәмлекет турақлы раўажланады ҳәм жаслар мәмлекеттиң ең исенимли таянышы ҳәм тийкарғы драйверине айланады.
Мирзаюсуф РУСТАМБОЕВ,
Өзбекстан Республикасы Жәмийетлик қәўипсизлик университети баслығы,
юридика илимлериниң докторы, профессор