Кейинги жылларда мәмлекетимизде социаллық хызметлердиң қолайлылығын арттырыў, жәрдемге мүтәж пуқараларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў, тараўға мәмлекетлик емес секторды тартыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Кейинги үш жылда социаллық хызмет түрлери 23 тен 140 қа көбейди. Ҳәр жылы орташа 4,6 миллион, соның ишинде, 2 миллионға шамалас социаллық хызметлер мәҳәлле кесиминде көрсетиледи.

Бүгинги күнде елимизде 168 мыңнан аслам майыплығы болған балалар бар. Соннан 133,8 мыңы билимлендириў ҳәм социаллық хызметлер менен қамтып алынған. Және 34,6 мың баланы билимлендириў системасына тартыў зәрүр.

Оның ушын социаллық хызметкерлердиң қатнасыўында ҳәр бир шаңарақ пенен мәнзилли ислесиў системасы енгизиледи. Ҳәр бир баланың мүтәжликлери комплексли түрде ҳәм дәслепки басқышта баҳаланып, кейин ала оған мүнәсип болған билимлендириў орталығы ҳәм зәрүр хызметлер анықланады. Баҳалаўдың жаңа механизми тәжирийбе тәризинде 2026-жыл 1-октябрьден баслап Хорезм ҳәм Наўайы ўәлаятларында енгизиледи.

2026/2027-оқыў жылынан арнаўлы мектеплерде оқытыў баланың талаплары, функционал имканиятлары ҳәм оқыў бағдарламасын өзлестириў дәрежесин есапқа алған ҳалда ислеп шығылатуғын индивидуал режелер тийкарында шөлкемлестириледи. Көзи әззи педагоглар, сондай-ақ, арнаўлы мектеплердиң баслаўыш класслары ушын жеке ассистент ҳәм жәрдемшилер ажыратылады.

Майыплығы болған балалардың жасаў орнына жақын жерде оқытыў ушын коррекция классларын шөлкемлестирген мәмлекетлик емес мектеплерге ҳәр бир оқыўшыға есап пенен субсидия бериледи. Ҳәр жылы кеминде 50 мектептиң инклюзив орталықты жақсылаўға қаратылған басламалары грант тийкарында қаржыландырылады.

2027-жылдан баслап балаларды ваучер тийкарында текст оқыў қурылмалары, сөйлеў синтезаторлары, Брайль экранлары ҳәм басқа да жәрдемши қураллар менен тәмийинлеў усыныс етилди. 2027/2028-оқыў жылынан баслап кириў ҳәм сертификатлаў имтиханларында майыплығы болған шахсларға қосымша ўақыт, Брайль әлипбеси, сурдоаўдармашы, ассистент хызметлери ҳәм басқа да зәрүр шараятлар жаратылады.

Мәлим бир жасаў орнына ийе болмаған шахсларға социаллық хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў бойынша да жаңаша қатнаслар ислеп шығылған. Ҳәзирги ўақытта республикамызда жәми 726 орынға мөлшерленген 11 реабилитация орайы жумыс алып бармақта. 2026-жылдың биринши ярымында оларға 1 мың 100 адам жайластырылды.

Ҳәзирги реабилитация мәкемелери ўақтынша орналастырыў ҳәм социаллық реинтеграциялаў орайларына айландырылады. Баспанасызлар бул орайларға өз мүрәжатына бола, "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен үйрениў нәтийжесине бола ямаса социаллық хызметкер ямаса профилактика инспекторының жәрдеминде жайластырылыўы мүмкин. Олардың ҳәр бири ушын ҳүжжетлерин тиклеў, медициналық ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм жумысқа орналастырыўды нәзерде тутатуғын индивидуал реже ислеп шығылады.

Орайларда бәнтликке көмеклесиўши бөлимлер шөлкемлестирилип, бос орынлар исбилерменлерге жеңиллетилген шәртлер тийкарында ижараға бериледи. Белгили бир жасаў мәнзилине ийе болмаған шахсларға кәсип-өнерге оқытыў ушын ваучер бериў, оларды социаллық қорғаўға мүтәж категорияларға киргизиў ҳәм жумыс орынларын бәнт етип қойыў нәзерде тутылмақта. Мәмлекетлик емес шөлкемлер арасында мәмлекетлик социаллық буйыртпаны жайластырыў арқалы ўақтынша баспана, ыссы аўқат ҳәм кийим-кеншек хызметлери менен қамтып алыў кеңейтиледи.

Адам саўдасынан жәбирленгенлерди анықлаў ҳәм реабилитациялаў механизмлерин күшейтиў мәселелери де додаланды.

2026-жыл 1-сентябрьден "Инсан" орайлары арқалы мәҳәлле ҳәм район дәрежесинде адам саўдасынан жәбирленген шахслардың жағдайын баҳалаў ҳәм тийисли хызметлерге жибериў системасы енгизиледи.

Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў республикалық орайы ҳәм оның аймақлық орайлары Ҳаял-қызлар ҳәм балаларды реабилитациялаў республикалық орайы ҳәм оның аймақлық орайлары етип қайта аталыўы белгиленди. Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларының аймақлық орайларында адам саўдасынан жәбирленген ҳаял-қызлар ҳәм олардың жас өспирим перзентлерин қабыл етиў және оларға зәрүр хызметлер көрсетиў жолға қойылып, қосымша 40 орын жаратылады.

Соның менен бирге, балалар саўдасы ушын өз алдына жынайый жуўапкершилик белгилеў, адам саўдасы менен байланыслы жынаятларды ислеген шахслардың мийнет миграциясы ҳәм сыртқы миграция тараўындағы жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықын шеклеў, көрсетилип атырған хызметлерди турақлы мониторинг етиў усыныс етилди.

Сондай-ақ, 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, оларға теңлестирилген шахслар, сондай-ақ, Чернобыль АЭСиндеги аварияның ақыбетлерин сапластырыў қатнасыўшылары ушын жеңиллетилген транспорт хызметлеринен пайдаланыў тәртиби әпиўайыластырылады. Бүгинги күнде 48,4 мыңнан аслам пуқара усындай жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықына ийе. 2025-жылы олар транспорт хызметлеринен 1,7 миллион мәрте пайдаланған.

Жаңа тәртипке бола, 11 категориядағы пуқаралар ушын ҳаўа, темир жол ҳәм қалалараралық транспортларда бийпул қатнаў ямаса 50 процент шегирме бериледи. Қағаз талонлар бийкар етиледи - билет сатып алыў ушын ID-карта ямаса биометрикалық паспортты көрсетиў жеткиликли болады. Жеңилликке ийе болыў ҳуқықы "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасы арқалы тексериледи.

2027-жыл 1-январьдан баслап жеңиллетилген авиа, темир жол ҳәм қалалараралық автобус билетлерин социаллық картаның “Baraka” мобил қосымшасы арқалы онлайн сатып алыў имканияты жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды мақуллап, тийисли ҳүжжетлерди пуқта ислеп шығыў, орынларда жаңа хызметлерди сапалы жолға қойыў ҳәм белгиленген илажлардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берди.