Илаж шеңберинде киши исбилерменлик жумысын жолға қойыў ушын арналған мийнет қураллары ярмаркасы шөлкемлестирилди. Көргизбеге келген жаслар өз бизнесин баслаў ушын зәрүр болған заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қураллары менен жақыннан танысты.

Сондай-ақ, бул павильонда қәнигелер тәрепинен коммерциялық банклер тәрепинен өз исбилерменлик жумысын жолға қоймақшы болған пуқаралар ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў ҳәм мәмлекетлик субсидияларды алыў тәртиби бойынша мағлыўматлар берилди.

Соның менен бирге, бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы арқалы қатнасыўшыларға мийнет базарындағы бар бос жумыс орынлары усынылып, билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң жергиликли кәрханаларда бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм сырт елде нызамлы мийнет жумысын шөлкемлестириў имканиятлары бойынша тараў қәнигелеринен зәрүр усыныс ҳәм мәсләҳәтлер алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.