Соның ушын оны "Ең уллы, ең әзиз", деп атаймыз. Себеби дүньяда инсаннан әзиз, ҳүрметли зат жоқ. Қарақалпақ диярында әне усы идея қанат қағып атыр.
Өзбекстан көп миллетли мәмлекет. Онда 130 дан
аслам миллет ҳәм халық, 15 ке шамалас диний конфессия жумыс алып барады. Тиллер
ҳәр қыйлы, тарийхлар ҳәр қыйлы, қәдириятлар, үрп-әдетлер, дәстүрлер ҳәм турмыс
тәризи рәңбәрең. Бирақ мақсет бирден-бир - келешек әрманы барлық халықлар ҳәм
миллетлерди бирлестирип турады. Исениўлер ҳәр қыйлы, ибадатлар ҳәр қыйлы,
тақўаның түри көп. Бирақ баратуғын жолымыз бир. Бул улыўма миллий бирликтиң
өзине тән, ҳәўес етерлик көриниси. Улыўма миллий бирлик, улыўма миллий
аўызбиршилик, мақсетлердиң бирдейлиги раўажланыўымыздың тийкары, уллы келешегимиздиң
гиреўи.
Қарақалпақстанға сапарымыз даўамында буған
айқын гүўа болдық. Қарақалпақ халқы - өз тарийхы, мәденияты, қәдириятларына ийе
халық. Мине усы жағынан қарақалпақ халқын көп миллетли Өзбекстан халқының
гәўҳары деп айтыў мүмкин. Бул гәўҳардың бийтәкирар жайнап турыўларында,
рәңбәрең жылтыраўларында туўысқанлықтың, өтмиши ҳәм келешеги бирдей болған уллы
идеаллардың көринисин көрдик. Көшеде, ушырасыўларда жүзлеген адамлар менен
жүзбе-жүз турғанымызда бул жақсылық ҳәм кеўиллиликтиң жарқын мәнисин аңладық.
Бул ҳәммемиздиң байлығымыз, ҳәммемиздиң руўхый қүдиретимиз. Өзбекстан халқының
қүдирети оның бирлигинде, аўызбиршилигинде, бир-бириниң тәғдирине
байланыслылығында ҳәм тәғдирлеслигинде. Өзбекстан халқының уллы қүдирети - оның
миллети, елаты, диний исеними, социаллық келип шығыўы ҳәм басқа да тәреплерине
қарамастан, Өзбекстан деп аталған дерлик 40 миллионлық үлкен шаңарағымыздың,
муқаддес шаңарағымыздың тәғдирине жуўапкершилик сезими жоқарылығында, тәғдири
бирдей сезиминиң беккемлигинде. Бул, айтыў мүмкин, ең үлкен күш, шексиз
қүдирет.
"Бир Ўатан, бир халық болып, жаңа турмыс
ҳәм келешек жаратамыз!" сүрени астында районлар, қалалар бойлап сапарымыз
басланды. 12-15-август күнлери Қарақалпақстан бойлап "Ғәрезсизлик
тойы" илажлары қызғын ҳәм салтанатлы өткерилди. Илаж шеңберинде көплеген
ағартыўшылық ушырасыўлар, китап акциялары, миллий липаслар флешмобы, кинолар
көрсетиўи, әскерий хызметкерлер менен ушырасыў, ўатансүйиўшилик ушырасыўлары,
қайырқомлық сапарлары, балалар ушын байрам бағдарламалары ҳәм үлкен концертлер
шөлкемлестирилди. Илажлар ҳәр қыйлы, рәңбәрең, форма ҳәм усылы жағынан
бир-бирин қайталанбайтуғын, халықшыл, әпиўайы, бирақ тәсиршең түрде өткерилди.
Фестиваль тек ғана үлкен сахналарда емес,
тиккелей халық арасында, турақ жайлар, мәҳәллелер, мектеплер, оқыў орынларының
майданларында болып өтти. Байрам руўхы көшелерге, көшелерден майданларға,
майданлардан жас ҳәм жасы үлкенниң қәлбине, санасына көшти.
Жәмәәтимиз топарларға бөлинип, 34 ири
социаллық жойбар ҳәм ғалабалық акцияны әмелге асырды. 120 дан аслам
руўхый-ағартыўшылық, мәдений ҳәм спорт илажы шөлкемлестирилди. Оларда 40 мыңға
шамалас адам қатнасты. Нөкис қаласы ҳәм 16 райондағы 110 нан аслам мәкан ҳәм
аўыл пуқаралар жыйынлары қамтып алынды. Булардың барлығында үлкен қызғынлықты,
исенимди, Ўатан ҳәм оның тәғдири менен байланыслы сезимлерди көриў мүмкин.
Қанлыкөл районында "Ғәрезсизлик
саатлары" жойбары шеңберинде илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, көркем өнер
ғайраткерлери ҳәм жергиликли халық пенен өткерилген ушырасыў шын мәнисинде
"Ғәрезсизлик тойы"на айланды. Бул жерде ғәрезсизликтиң тарийхый,
социаллық, ҳуқиқий, руўхый ҳәм сиясий мәниси түсиндирип берилди. Ғәрезсизлик
жылларында ерисилген, атап айтқанда, кейинги жылларда исленген жумыслар
ҳаққында пикир жүргизилди. Ҳақыйқатында да, жаңа Өзбекстан - жаңаша
пикирлейтуғын инсан, жаңаша пикирлейтуғын жәмийет ҳәм дүнья цивилизациясы менен
тең қәдем таслайтуғын заманагөй мәмлекет. Халқымыздың ең үлкен байлығы ҳәм
руўхый қүдирети мине усында.
Халық пенен жүзбе-жүз ушырасыўда және бир әҳмийетли
темаға айрықша итибар қаратылды. Бул жас әўлад ҳәм келешек мәселеси еди. Дүнья
тез өзгерип атырған, инсаният қәдириятлардан узақласып атырған (А.Гутерриш),
әдепсизлик ҳәм руўхый төменлик тереңлесип баратырған (П.Бьюкенен), адамзаттың
ой-пикиринде кескин өзгерислер жүз берип, инсаныйлық мәнисин жоғалтып атырған
(Ф.Фукуяма) бир ўақытта Өзбекстан деп аталған уллы шаңарағымыз, пайызлы ҳәм
берекетли шаңарағымызға руўхыйлық, ағартыўшылық ҳәм тәрбия тийкар етип
алынғаны, оған мәмлекетимиз басшысының өзи басшылық етип атырғаны пүткил
халқымыздың дүнья жәмийетшилигиндеги ерк-ықрарын, беккем минез-қулқын ҳәм
исенимин көрсетип атырғанына айрықша итибар берилди.
Айырым мәмлекетлер үлкен экономикалық
имканияты, басқалары әжайып әскерий потенциалы ҳәм басқа да тәреплери менен өзин
көрсетип атырғанда Өзбекстан халқы тарийхый жетилискен, бир неше цивилизациялар
процесинде қәлиплескен, сап инсаныйлық қәдириятларға тийкарланған адамгершилик
пазыйлетлери ҳәм генетикалық тийкарға ийе тәрбия белгилери менен олардан үстин
турады. Бул - жаңа Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиндеги тек ғана өзине тән
қүдирети ҳәм беккем ерк-ықрарының таянышы.
Қоңырат районы өзиниң өндирислик потенциалы,
санаат, транспорт тараўындағы кең имканиятлары, жер асты ҳәм жер үсти
байлықлары менен тек ғана Қарақалпақстанның емес, ал пүткил Өзбекстанның
раўажланыўында айрықша орынға ийе. Бул жер Орайлық Азияда бирден-бир сода ислеп
шығарыў комплекси, әййемги, пүткил регион менен байланысқан киши жипек жолы
статусындағы темир жол, нефть-газ резервлери ҳәм, әлбетте, үлкен көлемдеги аўыл
хожалығы өнимлери менен де айрықша әҳмийетке ийе болған район. Оның орайы өзине
тән заманагөй қалашаға айланған. Кең ҳәм тегис асфальт жоллар, кешқурын көзди
қамастыратуғын, байрамға тән түс беретуғын рәңбәрең шырақлар, тереклер менен
қоршалған әтирап кеўиллерди жубатады. Жаслар дем алыў бағы ҳақыйқый руўхыйлық
ҳәм ағартыўшылық майданына айланған. Бул жерде узақ өтмиштен бүгинге шекемги
болған, миллий мәдениятымыздың раўажланыўына әҳмийетли үлес қосқан уллы
ата-бабаларымыздың тулғалары ҳәм бийтәкирар ҳикметлери заманагөй архитектуралық
шешимлер ҳәм безеўлер арқалы тарийхый-хронологиялық тәризде жайластырылған.
Олардың ҳәр бириниң келбетинде өзиниң уллылығы, саўлаты ҳәм миллеттиң
раўажланыўы менен байланыслы бийтәкирар мәдениятымызға тийислилиги айқын
көринеди. Майданда қурылған 2000 орынлық амфитеатр Жаслар дем алыў бағының
пайызлы орны болып есапланады. Бул жерде заманагөй руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық
үгит-нәсиятлаўдың үлгили көринисин көрдик. Пүткил майданда пайыз, көтериңки
руўх ҳәм көтериңки кейпият анық сезиледи. 500 ден аслам тамашагөй жыйналған бул
амфитеатрда Ташкенттен келген белгили көркем өнер шеберлери ҳәм жергиликли
ғайраткерлердиң қатнасыўында үлкен байрам болып өтти. Қоңырат районы халқы,
әсиресе, жасларының көз-қарасында "Ғәрезсизлик тойы"ның тийкарғы
мазмунын көриў мүмкин еди.
Қоңыраттағы ең заманагөй архитектуралық
шешимлерге ийе, пайызлы илажлар залы саўлаты ҳәм көрки менен айрықша ажыралып
турады. Залды толтырып отырған 600 ден аслам ҳаял-қызлар, аналар, қызлар
жыйналған әнжуманда сөз ана ҳәм ана Ўатан ҳаққында болды. Ҳақыйқатында да, ана
- өмирдиң басламасы, миллеттиң даўамшысы, әўладлардың сағасы. Оны сақлаў -
миллетти сақлаў. Ананың муқаддеслиги, Ўатанның муқаддеслиги ҳәм оның миллеттиң
келешеги екени барлық қатнасыўшыларда қуўаныш пенен бирге, миннет ҳәм
жуўапкершилик, өз-ара байланыслылық сезимлерин оятты.
Халқымыздың әжайып дәстүри бар. Тойға барса, той
саўғасы менен адамлардың руўхын көтериў, оларға хошамет ҳәм исеним бағышлаў
әдетимизге айланған. Бул бизиң бир неше мың жыллық қәдириятларымыздың ажыралмас
бөлеги болып есапланады. "Ғәрезсизлик тойы" да халқымыздың бул жақсы
дәстүрин және бир мәрте сынақтан өткерди. Онлаған район ҳәм қалашаларда
мыңлаған адамлардың алдында болдық, олар менен сәўбетлестик.
Көркем өнер шеберлери қосықлар айтты,
шайырларымыз оларға бағышлап меҳир, мириўбет, ҳүрмет ҳәм қәдир-қымбат ҳаққында
қосықлар оқыды. Бул бағдарда Өзбекстан халық артистлери Гавҳар Зокирова, Мансур
Тошматов, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Бобур
Бобомурод, жергиликли көркем өнер шеберлеринен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан
халық артисти Мырзагул Сапаева, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен
артист Элиза Айтниязова ҳәм Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен артист Дарибай Хожабергеновтың
шығып сөйлеўи көпшиликтиң қуўанышына себеп болды. Әсиресе, Элиза ҳәм Дарибайдың
академиялық жанр - опера бағдарындағы шығыўлары айрықша йош ҳәм байрамға тән
руўх бағышлады.
"Жақсылық кәрўаны" жойбары
шеңберинде Қанлыкөл, Төрткүл, Кегейли, Беруний, Елликқала районлары ҳәм Нөкис
қаласында нураныйлар, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың ҳалынан хабар
алынды. Олар менен қызғын сәўбетлер өткерилди. Әмелий жәрдем ҳәм байрам
саўғалары жеткерилди. Мине усы сапар етиўлер шеңберинде 150 ден аслам шаңараққа
барылды. Саўға-сәлемлер, социаллық жәрдемлер көрсетилди. Ең әҳмийетлиси,
инсаный меҳир улыўма миллий байланыслылық, тилеклеслик ҳәм меҳир-муҳаббаттың
көринисине айланды. "Сиз ҳәмийше итибарымыздасыз, сиз жалғыз емессиз"
деген сап улыўма миллий туйғы, инсаный меҳир үстинлик етти.
"Ғәрезсизлик тойы" фестивалының
мазмуны кең, форма ҳәм усыллары рәңбәрең болды. Беруний районында "Миллий
липаслар флешмобы" өткерилди. Онда 500 ден аслам қатнасыўшының заманагөй,
ықшам, соның менен бирге, оғада миллий кийим-кеншек дәстүрлерине сәйкес
келетуғын липаслардағы шығыўлары өзиниң пишиўи, миллийлиги ҳәм
қәдириятларымызға сәйкеслиги менен айрықша ажыралып турды. Олардың ҳәр бириниң
шығыўы өз алдына алғыслар менен күтип алынды.
Қараөзекте "Китап кәрўаны" акциясы
шөлкемлестирилди. Онда 500 ден аслам адам, атап айтқанда, жаслар қатнасты.
Китапқумарлық, ағартыўшылық турмысымыздың мазмунына айланып атырғаны және бир
мәрте тән алынды. Ҳәр қандай бузғыншы идеялар, шақырықлар ҳәм шақырықлардан
сақлаўшы қүдиретли қурал ағартыўшылық екени, жоқары мәнаўият ҳәм
әдеп-икрамлылық турмыслық зәрүрлик екени және бир мәрте тастыйықланды. Әлбетте,
бул еки илаж формасы, шөлкемлестириў тәреплери ҳәм көриниси менен бир-биринен
парық қылады. Бири миллий кийимлер, эстетикалық талғам, кийиниў мәденияты,
жүриў-турыў әдеби бойынша. Екиншиси болса китап ҳәм китапқумарлық, пикирлеў ҳәм
ақылдың үстинлиги, ағартыўшылық ҳәм руўхыйлық зәрүрлиги менен байланыслы илаж
болып табылады. Бирақ оларды бир мәнис, бир мазмун бирлестирип турды. Өз
қәдириятларын сақлай алған, миллий өзгешеликлерин жоғалтпаған миллет келешегин
сақлай алыўы сөзсиз. Ағартыўшылық, пикирлеў, билим - жаңадан-жаңа басламалар,
бийтәкирар идеялар, раўажланыўдың жаңа басқышына тийкар болатуғын жойбарлар
дәреги. Демек, миллий кийим ҳәм гезлемеде де, китаплар ҳәм олардың бетлеринде
де миллеттиң әййемги ҳәм бай естелиги, кең дүньяқарасы, руўхый саламат,
ағартыўшылық жақтан жоқары ҳәм бәркамал келбети жәмленген. Қарақалпақстандағы
илажлар мине усы уллы идеяға тийкарланды.
Кең көлемли фестиваль бағдарламасында жаслар
темасына айрықша итибар қаратылды. Себеби, жаслар - аталар жумысының
даўамшылары. Бүгин биз қурып атырған жаңа Өзбекстан, биз қурып атырған Үшинши
Ренессанс тийкары кимниң қолында қалады? Кейинги әўлад бул ийгиликли
мақсетлеримизди, уллы идеалларымызды даўам еттирип, әмелге асыра ала ма? Қалқып
турған дүньяда, жаңа дүнья тәртибин жаратыў, дүньяға ийелик етиў тилеги күшейип
баратырған бир ўақытта Орайлық Азияның, соның ишинде, Өзбекстанның бирлигин,
қол қатылмаслығын сақлап қала ала ма? Әлбетте, ҳәр қандай ата өз шаңарағы ҳәм
оның келешеги ҳаққында пикир еткенде, қуўанышқа толы той заўқы менен бирге,
перзентлериниң тәғдирин де ойлайды. Мине, усы ой жаслар менен пикирлесиў
процесинде биз - үлкен әўладта да сезилди.
Жаслар менен ислесиў, олардың ишине кириў,
кеўил кеширмелери ҳәм арзыў-нийетлерине шерик болыў мақсетинде бир қатар
илажлар өткерилди. "Жигерлик" жойбары шеңберинде әскерий
хызметкерлердиң жанында болдық. Әскерий билим журты курсантлары менен
ушырастық. Әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары, перзентлери менен
сәўбетлестик. Нөкис қаласындағы Арқа-батыс әскерий округинде 650 ден аслам
курсант, әскерий хызметкер, олардың шаңарағы ҳәм перзентлери қатнасты. Ўатанды
қорғаў, әскерий хызметтиң абырайы ҳәм жуўапкершилиги ҳаққында пикирлестик. Шын
мәнисинде, әскерий хызметкерлер турмыстың рәҳәт-қуўанышын, жеке ерки ҳәм
еркинлигин ақыл менен Ўатан қорғаўшысы сыяқлы мақтанышлы ҳәм оғада машақатлы,
сутканың қәлеген ўақтындағы ҳәр қандай жаўынгерлик тапсырма миннетлемесине
алмастырған. Оның ушын адамға үлкен күш-ғайрат, пидайылық, Ўатан ҳәм миллет
тәғдири ушын жуўапкершилик сезими керек. Әскерлер әне усындай ел қәдирлеген
адамлар. Себеби Ўатан туйғысы, ўатанпәрўарлық, зәрүр ўақытта Ўатан ушын
пидайылық жүректе туўылады ҳәм қәлиплеседи. Кәсиплик шеберлик ҳәм тараўдың
өзине тән тәреплерин тек ғана арнаўлы билим ҳәм тәжирийбе арқалы өзлестириў
мүмкин. Кеўилдиң шақырыўы ҳәм ғайраты болса ҳәмме нәрседен үстин. Биз әскерий
хызметкерлер ҳәм курсантлар менен ушырасыўда буған және бир мәрте гүўа болдық.
Балалар - миллеттиң нәўшелери. Көп миллетли
шаңарағымыздың заўқы, арзыў-нийетлери, келешек гүллери болып табылады.
"Жаңа Өзбекстанның бахытлы балалары" илажлары фестивальдың ең қызғын
ҳәм кеўилли илажларынан бирине айланды. Тақыятас районындағы "Айдын
жол" дем алыў орайында дем алып атырған балалар менен ушырасыў мазмунлы
болды. Дем алып атырған балалардың көркем шығыўлары бахыт, келешек әрманы
көриниси болды. Бул жерде қосықлар, намалар айтылды. Оларға арнаўлы көркем
китаплар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Балалардың қуўанышы - ҳәр қандай
байрамның пайызы. Сапарымыз даўамында 350 ден аслам байрам саўғалары, китаплар
ҳәм оқыў қураллары топламы саўға етилди.
Фестиваль шеңбериндеги гала-концертлер
жыйналған көп санлы тамашагөйлердиң улыўма байрамына айланды. Тамашагөйлер
артистлер менен қосылып кетти. Хожели, Қоңырат, Беруний, Төрткүл районлары ҳәм
Нөкис қаласында өткерилген концерт бағдарламаларында мыңлаған тамашагөйлер
қатнасты. Атап айтқанда, Нөкистеги гала-концерт сапарымыздың жуўмақлаўшы
көринисине айланды. Онда 200 ден аслам тамашагөй қатнасты. Гала-концертти
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев
қутлықлаў сөзи менен ашты. Илаж байрам кейпиятында, ҳақыйқый халықшыл той,
ғалабалық сейил статусында өткерилди. Пайтахттан барған ел сүйген көркем өнер
шеберлери менен бирге жергиликли қосықшылардың атқарыўындағы бул қуўанышлы
мәресим ғалабалық түс алды. Нөкис қаласындағы үлкен амфитеатрда 2000 нан аслам
тамашагөй жыйналды. Нама-қосықлар, аяқ ойынлар, сахна көринислери, көркем
композициялар бир мазмун ҳәм темаға қаратылған еди. Адамлардың қәлбинде байрам
кейпияты ояныўы менен бирге, өмиринен миннетдаршылық ҳәм өмиринен разылық
сезими айқын көринди. Ўатанға муҳаббат, оның тәғдирине байланыслылық ҳәм түрли
миллетлердиң бирден-бир жери болған Өзбекстанның уллы келешеги алдындағы
миннетлеме сезими айқын көринди.
"Ғәрезсизлик тойы" даўам етпекте. Халқымыздың дәстүрине бола,
тойға таярлық жумыслары менен бирге, той кейпияты ҳәм шадлық кеўлиңизде
толқынланады. Той қызығы менен жасайсыз. Ҳәзирги ўақытта пүткил Өзбекстан халқы
әне усындай руўх ҳәм кейпият пенен жасамақта. Ал бизлер Қарақалпақстаннан
туўысқанлықтың ҳәм келешек алдындағы миннетлемениң жаңа, жаңалығы төгилмеген йошлы
сезимлери менен қайттық. Байрам ҳәр қашанғыдан да мазмунлы, ҳәр қашанғыдан да
қуўанышлы өтетуғынына гүман жоқ.
Нарзулла ЖЎРАЕВ,
“Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң
ағзасы,
сиясий илимлер докторы, профессор