Сапардың тийкарғы мақсети жаслардың аўыл хожалығы
тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, оларды заманагөй
агротехнологиялар, инновациялық көзқараслар ҳәм алдынғы тәжирийбелер менен
жақыннан таныстырыўдан ибарат болды.
Бул жойбар шеңберинде шөлкемлестирилип атырған оқыў-семинарлар
жасларды фермерликке қызықтырыў, олардың исбилерменлик потенциалын
раўажландырыў ҳәм аўыл хожалығында нәтийжели жумыс алып барыўы ушын зәрүр
болған әмелий билимлерди қәлиплестириўге хызмет етпекте. Интенсив бағдарлама
даўамында қатнасыўшыларға базар талабына сай өнимлер жетистириў, жер
ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, агротехникалық илажларды дурыс
шөлкемлестириў, өнимлерди сақлаў ҳәм қайта ислеў, маркетинг ҳәм сатыў
стратегиялары бойынша түсиниклер берилди.
Илажда Аралбойы халықаралық инновация орайының
инновация бөлими баслығы Шарапат Хожаназаров қатнасып, орайдың жумысы ҳәм бул
жерде әмелге асырылып атырған илимий-изертлеў жумыслары ҳаққында ҳәр тәреплеме
мағлыўмат берди. Сондай-ақ, фермерлик жумысын баслаў нийетинде болған жасларға
топырақтың қурамы ҳәм сапасына қарап егин түрлерин таңлаў, суўды үнемлейтуғын
суўғарыў технологияларын қолланыў, өсимликлерди тәрбиялаў, зыянкеслер ҳәм
кеселликлерге қарсы гүресиў, өнимдарлықты арттырыўдың заманагөй усыллары,
қыйтақ жер, бағшылық ҳәм балықшылық тараўлары бойынша әмелий усыныслар берилди.
Семинардың итибарлы тәреплеринен бири сонда, теориялық
билимлер әмелий мысаллар менен беккемленди. Жаслар инновациялық ыссыханалар,
нәл жетистириў майданлары ҳәм тәжирийбе участкалары менен танысып, жоқары
өнимдарлыққа ерисиўде инновациялардың әҳмийетин жақыннан көрди. Қәнигелер
тәрепинен санлы технологиялардан пайдаланыў, климат өзгерислерине бейимлескен
аўыл хожалығы усыллары ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер жетистириў бойынша да
қызықлы мағлыўматлар усынылды.
– Мен еки жылдан берли Шоманай районында үйимиз
жанындағы 6 сотых жер майданында бағшылық пенен шуғылланып келемен. Бүгинги
семинар даўамында бағымды буннан былай да раўажландырыў, өнимлердиң сапасын ҳәм
зүрәәтлилигин арттырыў бойынша көплеген жаңа мағлыўматларға ийе болдым.
Әсиресе, топырақ анализи тийкарында төгинлеў, тамшылатып суўғарыў
технологиялары ҳәм мийўе тереклерин дурыс тәрбиялаў бойынша берилген усыныслар
мен ушын оғада пайдалы болды. Алған билимлеримди әмелиятқа қолланып, бағшылық
жумысымды және де кеңейтиўди мақсет еткенмен, – дейди илаж қатнасыўшысы,
студент Феруза Усербаева.
“Жас фермерлер мектеби” жойбары аўыл хожалығы
тараўында билимли, интакер ҳәм заманагөй пикирлейтуғын жаслар қатламын
қәлиплестириўге хызмет етип атырғанын атап өтиў керек. Бундай әмелий семинарлар
арқалы жаслар тек ғана тараўға байланыслы билимлерин байытып қоймастан, ал
келешекте өз фермерлик жумысын жолға қойыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм
мәмлекетимиз азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге үлес қосыў мүмкиншилигине ийе болмақта. Усы
жағынан бул илаж жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге
қаратылған әҳмийетли басламалардан бири сыпатында айрықша әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.