Ушырасыў даўамында университет ректоры Б.Жоллыбеков ҳәм Қытай делегациясы ўәкиллери тәлим, илим ҳәм өндирис тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин додалады. Тәреплер заманагөй технологиялар тийкарында әмелий көнликпелерге ийе болған жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў бойынша пикир алысты.

Сөйлесиўлер жуўмағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Сюйчжоу санаат ҳәм технологиялар колледжи ҳәм “XCMG” компаниясы арасында үш тәреплеме бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Ҳүжжетте бирге ислесиўдиң бир қатар тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, заманагөй халықаралық талапларға муўапық қурылыс машина қурылысы тараўында қәнигелер таярлаў, биргеликте билимлендириў бағдарламалары ҳәм оқыў-методикалық ресурсларды ислеп шығыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм техник қәнигелер алмасыўын шөлкемлестириў, студентлерди әмелий таярлаў системасын жетилистириў нәзерде тутылған.

Еки тәреплеме билимлендириў системасын енгизиў бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли бағдарларынан бири болады. Бул модель арқалы студентлер тек ғана университетте теориялық билим алып қалмастан, тиккелей “XCMG” компаниясының өндирис ҳәм хызмет көрсетиў кәрханаларында әмелий таярлықтан өтиўи мүмкин болады. Онда өндирислик әмелиятты шөлкемлестириў, заманагөй техника ҳәм технологиялар менен ислесиў көнликпелерин қәлиплестириў, мийнет базары талапларына сәйкес келетуғын кәсиплик компетенцияларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады.

Буннан тысқары, тәреплер Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қурылыс факультетинде “XCMG” шет ел қурылыс машина қурылысы технологиялары институтының Өзбекстан филиалын шөлкемлестириў бойынша биргеликтеги жойбарды әмелге асырыў мәселесин додалады. Жойбар шеңберинде заманагөй билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, оқыў процесине алдынғы халықаралық тәжирийбени енгизиў, өндирис тараўы менен тығыз байланыслы болған қәнигелерди таярлаў имканиятларын кеңейтиў нәзерде тутылған.

Ушырасыў жуўмағында тәлим ҳәм өндирис интеграциясын беккемлеў, дуал билимлендириўдиң нәтийжели механизмлерин басқышпа-басқыш енгизиў, қоспа билимлендириў жойбарларын әмелге асырыўға келисип алынды. Бул бирге ислесиў студентлердиң теориялық таярлығын әмелият пенен үйлестириў, билимлендириў процесине халықаралық тәжирийбени енгизиў, заманагөй инженерлик бағдарлары ушын маман кадрлар таярлаў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.