Комплекс мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл август айындағы сапары ўақтында берилген тапсырмалар тийкарында қурылған. Ол 150 миллиард сум мәмлекетлик бюджет есабынан қурылған болып, бир ўақыттың өзинде 200 ге шекем адамды қабыллаў имканиятына ийе. Бул жерде ҳәр жылы 3 мыңнан аслам жасларды оқытыў ҳәм әмелий жойбарларға тартыў, IТ хызметлерин көрсетиў имканияты жаратылған.

Орайда фрилансер ҳәм программистлер ушын заманагөй коворкинг орталығы жаратылған, резидент компаниялар ушын болса толық үскенеленген офислер шөлкемлестирилген. Бул жерде билимлендириў, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў процесслери өз-ара интеграцияланған. Атап өтилгениндей, жаратылған инфраструктура жаслардың өзин-өзи бәнт етиў имканиятын кеңейтип, турақлы дәрамат табыўына жәрдем бермекте.

Кейинги жылларда Ферғана ўәлаятында IТ хызметлериниң көлеми 4 есеге артып, экспорт 23 миллион доллардан артқаны атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта ўәлаятта IТ-парк резидентлериниң саны 139 ға жетти. 2025-жылы IТ-хызметлер экспорты 22,7 миллион долларды қураған.

Жаңа IТ-парк шеңберинде резидентлер санын 200 ге жеткериў, 700 жаңа жумыс орнын жаратыў, хызметлер көлемин арттырыў ҳәм експортты 30 миллион долларға жеткериў мөлшерленген.

Келешекте бул комплекс негизинде жасалма интеллект технологиялары хабын шөлкемлестириў, басқарыў системаларын санластырыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, жасалма интеллект, программаластырыў, график дизайн, компьютер саўатлылығы ҳәм инглис тили бойынша заманагөй оқыў курсларын жолға қойыў режелестирилген. Стартаплар ушын венчур қаржыландырыў, грантлар ҳәм акселератор бағдарламалары енгизиледи.

Президент Шавкат Мирзиёев парк резидентлери ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында жумыс алып барып атырған жаслар менен ушырасты. Олар тәрепинен алға қойылған баслама ҳәм идеялар қоллап-қуўатланды.