Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Валентина Матвиенконы туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.

Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын кеңейтиў ҳәм беккемлеўде еки мәмлекет парламентлери белсене қатнасып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Парламентлер жоқары палаталарының бирге ислесиў комиссиясының мәжилислери ҳәр жылы өткериледи. ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы шеңберинде нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған.

Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан жетекшиси еки мәмлекет парламентлери арасындағы тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў тәрепдары екенин және бир мәрте тастыйықлады.