Орайдың бой тиклеўи де тосыннан емес. Елимиз басшысының социаллық тараўға исбилерменлерди тартыў, оларға кең жеңилликлер бериў ҳәм “мәмлекетлик емес сектор”ды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы избе-из реформалардың жемиси болып есапланады.

Бүгинги күнде социаллық исбилерменлик пенен шуғылланыўшылар ушын жаратылған салық жеңилликлери ҳәм жеңиллетилген ресурс базасы мине, усындай заманагөй орайлардың ашылыўына тийкар жаратпақта.

Орайдың ашылыў мәресиминде Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров, тараў басшылары, қәнигелери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, енди әўере-сарсаңлыққа шек қойылып, ата-аналар перзентлерин Ташкентке ямаса сырт елге алып барыўға мәжбүр емес. Нөкистиң өзинде де халықаралық стандартларға сай ABA-терапия ҳәм нейропсихологиялық хызметлер бар.

Қатнасыўшылар орайда жаратылған шараятлар менен танысып, бундай қәнигелескен медициналық мәкемениң Нөкисте жумыс баслаўы қала халқы ушын бир қатар машқалаларға шешим болатуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.