Олимпиадаға Түркменстанның жетекши жоқары оқыў орынлары менен бирге Өзбекстан, Россия, Германия, Греция, Иран, Венгрия, Нидерландия, Тәжикстан ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы мәмлекетлерден улыўма 87 команда қатнасып, өз имканиятларын сынақтан өткерди.
Халықаралық пән олимпиадасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Анық пәнлер факультети математика кафедрасының оқытыўшысы, PhD Азиз Ҳакимбаев басшылығындағы институт командасы да қатнасып, жоқары нәтийжелерге еристи.
Атап айтқанда, математика ҳәм информатика тәлим бағдарының 4-курс студентлери Баҳрам Аллакуатов, Исметулла Наўрызбаев, Умида Махсутова, сондай-ақ, математика тәлим бағдарының 2-курс студенти Сайыпбек Нуратдинов жекелик жарысларда 3-орынды ийелеп, ҳәр бири қола медалын қолға киргизди.
Әлбетте, бул жетискенлик институтта математика бойынша халықаралық дәрежеде қолға киргизилип атырған жоқары көрсеткишлердиң бири болды.
Мағлыўмат ушын, OMOUS халықаралық ашық пән олимпиадасы қәбилетли студентлерди анықлаў, олардың логикалық ҳәм аналитикалық пикирлеўин раўажландырыў, сондай-ақ, математика бойынша халықаралық көлемде бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.