Бул ҳаққында Қытай Илимлер академиясы Шанхай астрономиялық обсерваториясының киши илимий хызметкери Чжан Сзязюн "Не ушын биз Марсқа барамыз?" атлы мақаласында мәлим етти, деп хабар берди “naked-science.ru”.

Чжанның сөзлерине бола, адамзат Марста турақлы бола алыўы ушын үш тийкарғы ўазыйпаны шешиўи керек: Жер ҳәм Марс арасында мағлыўмат алмасыўын тәмийинлеў, еки планета арасында жүк тасыўды жолға қойыў ҳәм "Қызыл планета"да адамлардың аман қалыўы ушын шараят жаратыў.

Космослық аппаратлар байланысыўы ҳәм навигациясы ушын Шанхай астрономиялық обсерваториясы басшылығында ислеп шығылған өте узын базалы радиоинтерферометрия тийкарындағы орбиталарды анықлаў системасы пайдаланылады. Ол Марсқа жол алған аппаратлардың траекториясын жоқары анықлықта белгилеп алыў имканиятын береди ҳәм олардың орбитаға табыслы шығыўын тәмийинлеўге жәрдемлеседи. Чжанның атап өтиўинше, бул технология Қытайдың "Тянвен-1" Марс миссиясы даўамында сынақтан өткерилген.

Екинши ўазыйпа — Жер ҳәм Марс ортасында материаллық объектлер алмасыўын шөлкемлестириў. Инсаният әллеқашан Қызыл планетаға космослық аппаратларды жибериўди үйренип алған, бирақ ҳәзирше Марс затын Жерге жеткерип бериў технологиясына ийе емес.

Чжанның сөзлерине бола, енди Қытай кейинги қәдемди қойыўды режелестирмекте: шама менен 2031-жылы Марс топырағы үлгилерин Жерге жеткерип бериў. "Тянвен-3" миссиясы шама менен 2028-жылға мөлшерленген.

Үшинши ўазыйпа — Марста инсанның аман қалыўын тәмийинлеў. Планетада жүдә төмен температура, жоқары радиация дәрежеси, күшсиз гравитация ҳәм төмен атмосфера басымы бар. Буннан тысқары, суў ҳәм кислородтан пайдаланыў имканияты шекленген.

Илимпаздың сөзлерине бола, адамлардың өмирин тәмийинлеў ҳәм изертлеў жумысларын алып барыў ушын жергиликли ресурслардан қалай пайдаланыў кереклигин анықлаў керек.

Басқа аспан денелери әдеўир узақта жайласқан.

Чжанның пикиринше, бул қыйыншылықларға қарамастан, адамзат Жер-Ай системасынан сыртқа шығып, узақ космосты өзлестире баслағаннан кейин, Марс ерисилетуғын мақсет болып қалмақта.

Меркурий Қуяшқа жүдә жақын, ал Венерадағы шараят өзлестириў ушын жүдә қолайсыз. Басқа аспан денелери әдеўир узақта жайласқан. Бул фонда Марс бир қатар абзаллықларға ийе: онда сийреклескен атмосфера ҳәм суў музы бар, сутканың даўамлылығы ҳәм жыл мәўсимлериниң алмасыўы болса Жердегидей. Бул өзгешеликлер Қызыл планетаны планеталараралық цивилизация жолындағы сәйкес аралық басқышқа айландырады, деди изертлеўши.