"Ташкент-Ҳумо" халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманларды мәмлекетимиз басшысы өмирлик жолдасы менен күтип алды.

Еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Сапар бағдарламасына муўапық, бүгин Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң үшинши мәжилисин өткереди.

Саммит даўамында салмақлы келисимлерге қол қойылыўы, бир қатар экономикалық ҳәм гуманитарлық жойбарлардың басланыўы нәзерде тутылған.