Күни кеше мәмлекет басшылары тар шеңберде сөйлесиўлер ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилисин өткерди, биргеликтеги жойбарларға старт берди. Ушырасыўлар жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламына қол қойылды.

Бүгин саммит Бухара қаласында даўам етти. Мәмлекет басшылары тарийхый естеликлерди зыярат етип, санаат кәрханасының жумысы менен танысты.

Бухара халықаралық аэропортындағы илажлар жуўмағында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев шығарып салды.

Усының менен мәмлекетимиз басшысы Бухараға сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтты.