Ушырасыў алдынан банк басқарыўшылары кеңесиниң 59-жыллық мәжилисин Өзбекстанда өткериўге көрсетилген жәрдем ушын мәмлекетимиз жетекшисине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстанның Азия раўажланыў банки менен кең көлемли өз-ара пайдалы бирге ислесиўин кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. 30 жыллық бирге ислесиў дәўиринде АРБ Өзбекстанның ҳақыйқый стратегиялық шеригине айланды.

Жойбарлар портфели дерлик 16 миллиард долларды қурамақта, бул болса операциялар көлеми бойынша Өзбекстанды банктиң региондағы ең ири шериклери қатарына киргизеди.

Темир ҳәм автомобиль жоллары, энергетика ҳәм социаллық инфраструктураны модернизациялаў, суў ҳәм канализация тармақларын жаңалаў, аўыл хожалығы ҳәм жеке меншик секторды раўажландырыў ҳәм басқа да бағдарларда әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылды ҳәм даўам еттирилмекте.

Өзбекстан Президенти ҳәм АРБ басшысы саммит шеңберинде қол қойылған АРБ менен 2030-жылға шекем жаңа Шериклик бағдарламасына киргизилген 12,5 миллиард долларлық жойбарларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Ипотека базары, жеке меншик сектор, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў, инклюзив билимлендириў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў тараўындағы реформаларды алға қойыў, санлы инновацияларды енгизиў, арнаўлы экономикалық зоналарда инфраструктураны модернизациялаў сыяқлы бағдарларда биргеликте жумыс алып барыўға келисип алынды.

Орайлық Азия регионында ири инфраструктуралық жойбарларды алға қойыў, соның ишинде, қаржыларды мобилизациялаўда Банктиң жетекшилик ролин күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти банк басшылары кеңесиниң мәжилиси табыслы ҳәм нәтийжели өтиўин тиледи.

Ушырасыў соңында Өзбекстан ҳәм АИИБ арасында 2030-жылға шекем мөлшерленген жаңа Шериклик бағдарламасын алмасыў мәресими болып өтти.