Мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм дос тәжик халқының раўажланыўы жолындағы жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысында үлкен табыслар тиледи.
Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Барлық бағдарлардағы бирге ислесиў пәтлери артып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта, транспорт, энергетика, геология, аўыл, суў хожалығы ҳәм басқа да тармақларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў даўам еттирилмекте.
Жедел аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар әмелге асырылмақта.
Жетекшилер регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин додалады.