Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, өз-ара туристлер ағымын көбейтиў, сондай-ақ, еки мәмлекет туризм тараўы ўәкиллери арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеў перспективалары додаланды.

Тәреплер туризм тараўындағы маркетинг изертлеўлери ҳәм статистикалық мағлыўматлар, сондай-ақ, өз-ара туристлер ағымын көбейтиўге қаратылған тийкарғы тенденциялар бойынша турақлы мәлимлеме алмасыўды жолға қойыўға келисип алды.

Сөйлесиўлердиң даўамы сыпатында Ташкент ҳәм Манама арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў мәселеси додаланды.

Сондай-ақ, тәреплер туризм тараўы ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын өз-ара инфотур ҳәм пресс-турлар шөлкемлестириў бойынша жумысларды даўам еттириўге келисип алды. Баҳрейн тәрепине 25-27-ноябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилетуғын "Жипек жолында туризм" Ташкент халықаралық туризм ярмаркасында, сондай-ақ, 2027-жылдың Халықаралық турақлы ҳәм өмиршең туризм жылы деп жәрияланыўына бағышланған илажларда қатнасыў усыныс етилди.