Бул ҳүжжет 2025-жылы қол қойылған бирге ислесиў ҳаққындағы түсинисиў меморандумының логикалық даўамы болып, еки тәреплеме илимий байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў, илимий мәкемелер арасындағы бирге ислесиўди системалы түрде кеңейтиў және фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлер тараўындағы өз-ара пайдалы шерикликти беккемлеўге қаратылған.

Илажлар режеси физика-математика, техника, химия-биология ҳәм жәмийетлик-гуманитар пәнлер бағдарларын қамтып алады. Онда тийкарғы илимий бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыў, илимпазлар арасында тәжирийбе алмасыў, қоспа илимий изертлеўлерди әмелге асырыў, илимий әнжуманлар ҳәм семинарлар шөлкемлестириў, сондай-ақ, еки академия системасындағы илимий шөлкемлер арасында тиккелей байланысларды кеңейтиў нәзерде тутылған.

Режениң әмелге асырылыўы тәреплердиң илимий потенциалы ҳәм бар инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланыў, перспективалы изертлеў бағдарларын биргеликте раўажландырыў ҳәм илимий қолланбалардың нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди. Сондай-ақ, жас илимпазлар ҳәм изертлеўшилер арасындағы байланысларды беккемлеў, илимий кадрлар таярлаў бойынша тәжирийбе алмасыў ҳәм жас әўлад ўәкиллериниң халықаралық илимий бирге ислесиўдеги қатнасын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылады.

Бул келисим Өзбекстан ҳәм Татарстан арасындағы дәстүрий илимий байланысларды және де беккемлеў, узақ мүддетли илимий шерикликти раўажландырыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди анық әмелий нәтийжелер менен байытыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.