Ҳүкиметтиң арнаўлы веб-сайтында 8-май күни архивлердиң биринши бөлеги
жайластырылды. Оларға ҳаўа көлеминде көзге тасланған әдеттегидей емес объектлер,
соның ишинде, кескин манёврлар ҳәм "зигзаг" тәризли траектория бойлап
ҳәрекетлениў жағдайлары ҳаққындағы видео, ҳүжжетлер ҳәм аналитикалық
материаллар киргизилген.
АҚШ Қорғаныў
министрлигиниң мәлим етиўинше, сырдан шығарыў ҳаққындағы қарар АҚШ Президенти
Доналд Трамптың көрсетпесине байланыслы ашық-айдынлықты арттырыў басламасы
шеңберинде қабыл етилген. Процесс Пентагон тәрепинен Миллий разведка директоры
офиси менен биргеликте муўапықластырылады ҳәм он миллионлаған ҳүжжетлерди
таллаўды нәзерде тутады, олардың бир бөлеги алдын тек ғана қағаз түринде
сақланған.
Ҳәзирги ўақытқа
шекем жәми 162 файл жәрияланған. Олардың арасында АҚШ Федерал тергеў бюросының
материаллары, Мәмлекетлик департаменттиң архив телеграммалары, сондай-ақ, NASAның
адам басқарылатуғын космослық миссиялар менен байланыслы жазыўлары бар.
Әсиресе,
2023-жылы аспанда бир неше секундтан кейин жоғалып кеткен жарық сызықлы объектти
көрсеткен әскерий дрон операторының көрсетпелери айрықша итибарға ылайық болды.
Басқа видеожазыўларда да ҳәрекет траекториясын кескин өзгертип жиберетуғын объектлер
бақланады.
Буннан тысқары,
1972-жылы "Аполлон-17" миссиясы ўақтында NASA тәрепинен алынған
фотосүўрет жәрияланды, онда үш мүйешлик формасында жайласқан үш жақтылық
ноқатын көриў мүмкин. Қәнигелер ҳәзирше бул ҳәдийсениң тәбияты ҳаққында бирдей
жуўмаққа келген жоқ.
Пентагонда атап
өтилгениндей, ҳәдийселердиң бир бөлеги мағлыўматлардың жетиспеўшилиги себепли
анықланбаған, бирақ тергеў экспертлер ҳәм жеке меншик қәнигелерди тартқан ҳалда
даўам еттириледи.
АҚШ қорғаныў
министри Пит Хегсетнинг айтыўынша, архивлердиң жәрияланыўы БУДлер темасы
бойынша көп жыллық спекуляцияларды тоқтатыўға қаратылған ҳәм ҳүкиметтиң
"мисли көрилмеген ашық-айдынлығын" көрсетеди.
NASA да бул
басламаны қоллап-қуўатлады. Агентлик админстраторы Жаред Айзекманның мәлим
етиўинше, аномал қубылысларды заманагөй илимий методлар жәрдеминде үйрениў
даўам еттириледи ҳәм нәтийжелер жәрияланады.