Ушырасыў шеңберинде жоқары мәртебели мийман өзбек әмелий көркем өнериниң үлгилери, усталардың бийбаҳа буйымлары, миллий кийим-кеншеклер менен танысты, халқымыздың бай дәстүрлери ҳәм үрп-әдетлери ҳаққында толық мағлыўмат алды.

Қызғын ҳәм ашық-айдын руўхта өткен сөйлесиўде Өзбекстан менен Малайзия арасындағы дослықты буннан былай да беккемлеў, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.