Бул баслама Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў
агентлигиниң Норвегияның шығындыларды автоматластырылған түрде жыйнаў ҳәм сайлап
алыў технологияларына қәнигелескен “TOMRA” компаниясы менен
биргеликтеги тәжирийбе жойбары шеңберинде әмелге асырылды.
Жойбар Өзбекстанда ишимликлер ислеп шығарылатуғын пластикалық, шийше ҳәм
алюминий ыдысларды бөлек-бөлек жыйнаў ҳәм қайта ислеўге бериўди хошаметлеўге
қаратылған.
Енди пуқаралар сортларға ажыратылған пластикалық, шийше ҳәм алюмин
ыдысларды арнаўлы фондоматларға тапсырып, ҳәр бир ыдыс ушын 150 сумнан сыйлық
алады.
Қурылма
пайдаланыўшысы еки варианттан бирин таңлаўы мүмкин. Биринши жағдайда ҳәр бир
қабыл етилген ыдыс ушын 150 сумнан төленеди. Қаржылар “Click” электрон
ҳәмиянына өткериледи.
Екинши жағдайда
пуқара өзине тийисли болған сумманы қайырқомлыққа жибериўи мүмкин. Онда,
жыйналған ыдысларды сатыўдан түскен қаржылар қайырқомлық ҳәм терек егиў
илажларына қаратылады.
Фандоматлар
ишимликлер салынатуғын ыдысларды басқа турмыслық шығындыларға араластырмай, өз
алдына жыйнап алыў ҳәм қайта ислеўге жибериў имканиятын береди. Таңлап алынған
материаллардан екилемши шийки зат алыў ҳәм жаңа өним ислеп шығарыўда қайта
пайдаланыў мүмкин. Бул тәбийғый ресурслардан пайдаланыўды қысқартыў, сондай-ақ,
көше, суў бассейнлери ҳәм полигонларға шығып атырған шығындылардың көлемин
азайтыўға хызмет етпекте.
Шығындыларды
бөлек-бөлек жыйнаў әдетин қәлиплестириў, халықтың экологиялық мәдениятын
арттырыў да жойбардың мақсетлеринен бири болып есапланады. Баслама
пайдаланылған ишимлик ыдыслары тек ғана шығынды емес, ал экономикалық қунға ие
қайта исленетуғын ресурс екенин көрсетиўге қаратылған.
Егер тәжирийбе
жойбары өзиниң нәтийжелилигин тастыйықласа, келешекте республикамыздың басқа да
аймақларында ҳәм адамлар көп жыйналатуғын орынларда фондоматларды
басқышпа-басқыш орнатыў режелестирилмекте.