Климаттың өзгериўи суўдың жыллылықтан кеңейиўи, музлықлар ҳәм поляр муз қалқанларының ериўи себепли теңиз қәддине тәсир көрсетеди. Жәҳән метеорология шөлкеминиң мағлыўматларына бола, дүньяда теңиздиң орташа қәдди барған сайын тез көтерилмекте: 2015-жылдан 2024-жылға шекем өсиў пәти жылына орташа 4,7 миллиметрди қураған — бул 1993-2002-жыллардағы көрсеткишлерден еки есеге көп.

Жүз жыллықтың ақырына келип теңиз суўының көтерилиўи қурғақлықта жасаўшы омыртқалы ҳайўанлардың 42 проценттен асламы үйреншикли жасаў орнынан бираз айырылыўына алып келиўи мүмкин.

Бул цифр қалай алынды?

"Science" журналында жәрияланған кең көлемли изертлеўлер шеңберинде илимпазлар теңиз суўы көтерилиўи прогнозларын жер үсти омыртқалыларының 34 мың 120 түри ушын жасаў орталығының қолайлылық карталары менен салыстырды, бул болса жер үсти ҳайўанлары, жер баўырлаўшылар, қуслар ҳәм сүт емизиўшилердиң барлық белгили түрлериниң дерлик 90 процентин қурайды.

Изертлеўлер 2100-жылға барып 14 мың 325 ден 15 мың 324 ге шекем үйренилген түрлер жаға бойы аймақларын суў басыўы себепли жасаў орталығын жоғалтыўы мүмкин екенлигин көрсетти (анық сан климатлық сценарийге, ол болса ыссыхана газлериниң муғдарына байланыслы). Соның менен бирге, Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамының "Қызыл китабы"на бола, ҳәзирги ўақытта бул түрлердиң тек ғана 5,9 проценти климат өзгериўи себепли қәўип астында есапланады.

Қайсы түрлер қәўип астында?

Авторлардың есап-санақларына бола, қуслардың 63 процентке шекемги түри, сүт емизиўшилердиң 52 проценти, рептилиялардың 36 проценти ҳәм жер-суў ҳайўанларының 24 проценти қәўип астында қалады. Буннан тысқары, жер баўырлаўшылар, тарқалыў аймағы шекленген, сондай-ақ, жойтылып кетиў қәўпи астында турған түрлер ең әззи болып шықты. Улыўма алғанда, рептилиялар қуслар ямаса сүт емизиўшилерге қарағанда дерлик еки есе көп жасаў орталығын жоғалтыўы мүмкин, деп есаплайды илимпазлар.

Мәселен, шығындылардың ең жоқары дәрежесине ийе сценарийде 2050-жылға барып жасаў орталығының 10 процентинен көбирегин жоғалтатуғын түрлердиң саны 18, 2100-жылға барып 109 болады, олардың ярымынан көби жер баўырлаўшылар болып есапланады.

Атап айтқанда, жүз жыллықтың ақырына шекем жер баўырлаўшылардың үш түри - Мексика ендеми болған “Sauromalus klauberi” кесирткеси, сондай-ақ, Бразилия ендеми болған “Melanophryniscus setiba” қурбақасы ҳәм “Amphisbaena littoralis” амфисбени планетамыздағы барлық жасаў орталығының ярымынан көбирегин жоғалтыўы күтилмекте.

Аймақлар бойынша жағдай

Әсиресе, бул аймақта биологиялық ҳәр түрлиликтиң оғада жоқары дәрежеси себепли Амазонка дельтасы илимпазларды қәўетерге салмақта. Мәселен, 2050-жылға барып Амазонканың ойпатлық дельтасындағы 100 мың гектардан аслам теңиз бойы тоғайлары ҳәм суўлы-батпақлы жерлерди суў басыўы мүмкин.

Қубла-Шығыс Азия да қәўип астында, бирақ суў басыў қәўпи бар жерлер үлеси Амазонка дельтасына қарағанда кемирек. Сондай болса да, Сундарбан (Бангладеш) мангра тогайларында жасаўшы бенгал жолбарысы 2070-жылға келип өзиниң жасаў орталығының көпшилик бөлегинен айырылып, суў астына кирип кетиўи мүмкин.

Жоқары қәўипке дуўшар болған басқа аймақлар қатарына Орайлық Америка ҳәм Қубла-Шығыс Африка жагалары киреди.

Жылыўдың биринши курбаны

Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, пүткил дүньяда ҳайўанлар теңиз суўының азғана көтерилиўиниң ақыбетлерин өзинде сезип атыр. Мәселен, 2016-жылы илимпазлар Австралия ҳәм Жаңа Гвинеяны ажыратып турыўшы Торрес бугазындағы кишкене маржан атаўында жасаўшы кемириўшилер түри — риф мозаикалық қуйрықлы тышқаны (Melomys rubicola) жоқ болып кеткенин жәриялады. Бул антропоген факторлар тәсиринде теңиз суўының көтерилиўи ақыбетинде сүт емизиўшилердиң жасаў орталығының жоқ болыўы менен байланыслы биринши жағдай болды.

Изертлеў авторларының атап өтиўинше, олардың жуўмақлары ең консерватив баҳаларға тийкарланған. Түрлерге реал тәсир, егер қосымша климат факторлары: дузлы шашыраўлар санының артыўы, дүбелейлердиң күшейиўи ҳәм теңиз суўын қурғақлыққа алып кирип, тәбийғый жасаў орталығын бузатуғын боранлар есапқа алынса, әдеўир кең көлемли болады, деп жазады “vokrugsveta.ru”.