Ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиў тәризинде өткен ушырасыўда мәмлекетимизде стартап экосистемасын раўажландырыў, жаслардың инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Атап өтилгениндей, усы жылдың 11-февраль күни Президентимиздиң стартапларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған 59-санлы қарарының қабыл етилиўи бул бағдарда әҳмийетли қәдем болды. Бул ҳүжжет жеңилликлер системасын кеңейтип ғана қоймастан, жаслардың инновациялық идеяларына мәмлекет дәрежесинде исеним ҳәм үлкен имканиятлар есигин ашады.
Қарарға муўапық, 2030-жылға шекем елимизде жумыс алып барып атырған стартаплардың санын 5 мыңға жеткериў мақсет етип қойылған. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда нызам шығарыўшы уйым сыпатында Сенаттың орны айрықша әҳмийетке ийе.
Илаж даўамында HR, билимлендириў ҳәм маркетинг тараўларында жумыс алып барып атырған стартаплар өз жойбарлары менен таныстырып, әмелий усынысларын билдирди. Социаллық басламалар, сондай-ақ, репродуктивлик саламатлық тараўындағы жойбарларға айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, стартаплар ушырасып атырған тийкарғы машқалалар, соның ишинде, қаржыландырыў, базарға кириў ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды азайтыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Ушырасыў жуўмағында Жаслар парламенти ҳәм стартапкерлер арасында турақлы сөйлесиўди жолға қойыў мақсетинде «Digital Leadership Program»ды шөлкемлестириўге келисип алынды.