Бул ҳаққында ол баспасөз ўәкиллери ушын өткерилген брифингте айтып өтти, деп хабар бермекте "Report" Монголияның “МОНЦАМЭ” Миллий мәлимлеме агентлигине тийкарланып.

"Ҳәммеңизге белгили, соңғы бир ай даўамында айырым жынайый топарлар Монголия президентиниң абырайы ҳәм институтына бийпәрўа түрде ҳүжим етип, оның абырайына дақ түсирмекте. Ақылға сыймайтуғын ҳәм оғада аўыр жынаятқа байланыслы маған жала жабылып, кемиситилди. Мен бираз ўақыт үндемей, жағдайды бақлап турдым. Бирақ, жуўапкершиликли лаўазымда ислеп атырған инсан сыпатында мен бүгин усы гәпти айтыўға қарар еттим. Нызам алдында ҳәмме тең. Күни кеше Демократиялық партия топары Монголия президенти отставкаға шығып, тергеў өткериўи керек, деген позицияны билдирди. Мен буған қосыламан", - деди ол.

Монголия Конституциясына муўапық, президент отставкаға шығарылса, лаўазымынан азат етилсе яки қайтыс болса, парламент оның ўәкилликлерин тоқтатыў ҳаққында қарар қабыл етеди. Жаңа мәмлекет басшысы сайланғанға шекем оның ўазыйпасын парламент спикери атқарады. Мүддетинен алдын Президент сайлаўы 4 ай мүддетте өтиўи керек.