Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон рәмзий лентаны кесип, дипломатиялық ўәкилхананың жаңа имаратын салтанатлы түрде ашты.

Жетекшилер елшихана ҳәм консуллық бөлиминиң ҳәкимшилик имаратлары, елши резиденциясы, дипломатлар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын турақ жай имаратын өз ишине алған кең көлемли комплекс пенен танысты.

Мәресим жуўмағында Президентлер Ҳүрметли мийманлар китабында естелик жазыўларын қалдырды, дипломатиялық ўәкилхана аймағында тереклер екти.

Бул илаж Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылысларының және бир көриниси болды.