Турмыслық ҳәм автомобиль химиясы - күнделикли турмыста ҳәм транспорт қуралларына техникалық хызмет көрсетиўде қолланылатуғын химиялық қураллар. Бурын бундай өнимлердиң үлкен бөлеги сырттан алып келинген болса, бүгинги күнде жергиликли өндирис жедел раўажланбақта.

«BCG Group OZ» кәрханасы бүгинги күнде турмыслық ҳәм автомобиль химиясы өнимлериниң кең түрлерин ислеп шығарыў менен шуғылланбақта.

Кәрхана россиялы бирге ислесиўши менен 6 миллион долларлық жойбар шеңберинде шөлкемлестирилген. Бул жерде 80 нен аслам жаңа жумыс орны жаратылған.

Кәрханада 80 нен аслам түрдеги өнимлер, соның ишинде, автохимия ҳәм автокосметика, мийманхана, ресторан ҳәм санаат ушын профессионал жуўыў ҳәм тазалаў өнимлери ислеп шығарылмақта.

Өткен жылдың өзинде 176 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, 2 миллион 600 мың долларлық экспорт етилген. Кәрханада өним ислеп шығарыў есабынан импорттың орнын басыў 14,7 миллион долларды қурады.

Кәрхана өнимлериниң сапасы миллий ҳәм халықаралық ҳүжжетлер, соның ишинде, ISO 9001, "Ҳалал" сертификатлары, ҒМДА мәмлекетлериниң сертификатлары менен тастыйықланған.

Сапа қадағалаўы шийки заттан таяр өнимге шекемги барлық басқышларды өз ишине алады. Лабораторияда шийки заттың техникалық талапларға муўапықлығы, өнимниң жабысқақлығы, pH дәрежеси, тығызлығы ҳәм нәтийжелилиги тексериледи.

Бүгинги күнде кәрхана өнимлери қоңсы мәмлекетлер, соның ишинде, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Тәжикстан ҳәм Аўғанстанға экспорт етилмекте.

Келешекте кәрханада өним ислеп шығарыў көлемин 294 миллиард сумға жеткериў мөлшерленген.

Мәмлекетимиз басшысы бундай өндирислер мәмлекетимиз экономикасы ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.