Ол сапар даўамында жүзден аслам машқалалы мәселелер
шешилгенин атап өтип, олардың саны ҳәм көлемине қарамастан, жумыслар даўам
еттирилетуғынын атап өтти.
Жәмәәтимиз ҳәммесин - итибарлы, пуқта ҳәм ақырына
шекем тексерип көреди, - деди Саида Мирзиёева.
Сапар шеңберинде ири оңлаўға оғада мүтәж болған
2-санлы мектеп, Ханқа районындағы бүгинги күнде қараўсыз қалған, авариялық
жағдайдағы 49-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси көзден өткерилди.
Буннан тысқары, делегация
мәмлекетлик хореография академиясының Үргенш филиалында да болды. Бүгинги күнде
академияның болажақ тәрбияланыўшылары ушын оқыў ханалары ҳәм мектеп-интернат
бир имаратта жайластырылған. Келешекте қосымша имарат қурыў режелестирилген
болып, бул ҳәр бир мәкемени толық ҳәм өз алдына орын менен тәмийинлеў
имканиятын береди.