Айсбергтиң суў астындағы бөлеги
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының қәнигелери 2018-жылы Өзбекстан ушын арнаўлы экономикалық таллаў таярлаған. Оған бола, 2015-жылы елимиздеги барлық өлим жағдайларының 79 проценти жуқпалы болмаған, яғный жүрек ҳәм қан тамыр кеселликлери, рак, қантлы диабет және созылмалы дем алыў жоллары кеселликлериниң үлесине туўра келген.
Бул кеселликлер экономикаға да аўыр жүк болмақта. Таллаўға бола, 2016-жылы олар себепли көрилген жәми зыян 9,3 триллион сумды, яғный ЖИӨниң 4,7 процентин қураған. Мәмлекеттиң емлеў қәрежетлери болса бул зыянның тек бестен бир бөлегине туўра келген. Қалған бөлеги тийкарынан наўқаслар жумысқа шыға алмағанлығы, кесел ҳалда өнимсиз ислегенлиги ҳәм мийнетке жарамлы жасында қайтыс болғанлығы себепли жоғалтылған көринбес жоғалтыўлар болып табылады. Емлеў қәрежетлери айсбергтиң суў үстиндеги ушы ғана.
Енди бул санды екинши миллий бағдарламадағы мақсет пенен салыстырып көрейик. Мәмлекет денсаўлықты сақлаўға ЖИӨниң 5 процентин бағдарламақшы, кеселлик болса 2016-жылдың өзинде-ақ экономикадан дерлик сонша үлести үнсиз тартып алған. Демек, жәмийет кеселлик ушын бәри бир ҳақы төлейди. Тек бул ҳақы жойтылған мийнет, жойтылған дәрамат ҳәм ўақтынан бурын кесилген емирлер менен ғана төленеди.
Алпыс төрт есе қайтатуғын инвестиция
Тап усы таллаўда ибратлы жуўмақ бар. Қәнигелер профилактика илажларына жумсалған ҳәр бир сум қанша болып қайтыўын есаплап шыққан. Аўқаттағы дуз муғдарын азайтыўға бағдарланған бир сум бес жылда 8,3 сум, он бес жылда болса 64,8 сум экономикалық нәтийже беретуғыны анықланған. Темеки тутыныўын азайтыў илажлары он бес жылда ҳәр бир сумға 13 сум, физикалық белсендиликти үгит-нәсиятлаў болса 9,6 сум пайда келтиретуғыны есап-санақ етилген.
Не ушын дуз? Себеби 2014-жылғы тексериўге бола, елимизде үлкен жастағылардың күнлик дуз пайдаланыўы шама менен 14,9 граммды қураған. Бул ЖДСШ усыныс еткен 5 граммнан дерлик үш есеге көп.
Жүрек ҳәм қан тамыр кеселликлери және диабетти емлеўге қаратылған клиникалық илажларда ҳәр бир сум он бес жылда бир сумға да жетпейтуғын экономикалық нәтийже береди. Әлбетте, бул емлеўдиң қәдирин ҳеш азайтпайды, себеби инсан өмирин сақлаў ҳәр қандай есаптан үстин. Бирақ экономикалық логика анық. Кеселлик басланыўынан алдын киргизилген капитал оннан кейин сарпланатуғын қаржыдан бир неше есе нәтийжелирек.
Шыжланға да зыяны тиймесин
Кеселликтиң және бир көринбес қурбаны — шаңарақ бюджети. ЖДСШ ҳәм Денсаўлықты сақлаў системалары ҳәм сиясаты бойынша Европа обсерваториясы 2022-жылы жәриялаған шолыўда елимизде денсаўлыққа жумсалып атырған жәми қаржының ярымынан көби халықтың өз қалтасынан төленип атырғаны атап өтилген. Жәҳән банкиниң 2018-жылғы мағлыўматларға тийкарланған таллаўына бола болса, ең кем тәмийинленген қатламдағы шаңарақлардың шама менен 7 проценти жәми қәрежетлериниң төрттен бирин емлениўге жумсаўға мәжбүр болған.
Медициналық қамсызландырыўдың тийкарғы мәниси де сонда. Қамсызландырыў кеселлик қәўпин бир шаңарақ мойнынан алып, пүткил жәмийетке бөлистиреди. Саў ўақтында ҳәмме бир қазанға үлес қосады, ал аўырғанында сол қазаннан даўа алады. Елимизде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери Президентимиздиң 2020-жыл 12-ноябрьдеги қарары тийкарында дәслеп Сырдәрья ўәлаятында енгизилген, кейин ала басқа аймақларда да енгизиле баслаған. Екинши миллий бағдарлама болса бул қорғаўды ҳәр бир шаңараққа жеткериўди гөзлейди.
Шаңарақ қалтасы ушын және бир жақсы хабар бар. Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 19-июньдағы қарары менен басланғыш буўында мәмлекетлик бюджет есабынан көрсетилетуғын кепилленген медициналық жәрдем көлемлери тастыйықланған. Ҳәзирги ўақытта бул шеңберде амбулатор наўқасларға 69 түрдеги дәри-дәрмақ бийпул берилмекте. Олардың саны 2027-жылдан 73 ке, тексериўлердиң түри болса 36 ға жеткериледи.
Шыпакериңиз сизди атыңыздан таный ма?
Профилактиканың тийкарғы майданы мәҳәлледеги шаңарақлық поликлиника болып есапланады. Қан басымы көтериле баслаған ямаса қандағы қант муғдары артып атырған инсанды кеселлик асқыныўға айланбастан алдын әйне шаңарақлық шыпакер анықлай алады. Мәмлекетимиз басшысы 2026-жыл 27-октябрьде медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен өткерген ушырасыўда былай деди: "Ҳәмийше айтаман, басланғыш буўын қанша жақсы ислесе, халқымыз сонша саламат болады".
Ушырасыўда мәлим етилиўинше, 28 районда бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемниң жаңа модели сынақтан өткерилип, 7 миллион халық шаңарақлық шыпакерлерге жеке бириктирилген. Жаңа лабораториялар ашылған, шыпакер ҳәм мийирбийкелер оқытылған, наўқастың тексериўден өтиў ҳәм медициналық жәрдем алыў тәртиби анық белгиленген. Бул модель 2027-жылдан және 100 районда енгизиледи.
Карелия әжайыбаты. Бул қатнастың күшин Финляндияның Арқа Карелия ўәлаяты дәлиллеген. Өткен әсирдиң 70-жылларының басында бул жерде жүрек ишемик кеселлигинен өлимшилик дүньядағы ең жоқары көрсеткишлерден бири еди. Машқалаға қарсы 1972-жылы басланған жойбарда медицина орайлары, мектеплер, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўшылар бир мақсетке бирлести. Мийирбийкелер халықтың қан басымын турақлы өлшеп барды, үй бийкелери аўқамы аўылларда 344 мәрте "узын өмир кешеси"н өткерди, кәрханалар болса дуз ҳәм май муғдары аз өнимлер шығара баслады. Нәтийжеде 2012-жылға шекем мийнетке жарамлы жастағы еркеклер арасында бул кеселликтен өлим 82 процентке, ҳаяллар арасында болса 84 процентке азайды. Илимпазлар бул пәсейиўдиң дерлик үштен еки бөлегин қәўип факторларының азайғаны менен түсиндиреди.
Қағаз карточкадан жасалма интеллектке шекем
Профилактика анық мағлыўматқа сүйенеди. Шыпакер наўқастың алдынғы анализлери, ишип атырған дәрилери ҳәм қәўип факторларын бир қарағанда көре алыўы керек. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 2026-жыл 27-октябрьдеги мәжилисинде медицинада санлы технологияларды кеңнен енгизиў бағдарындағы жумыслар, бар машқалалар ҳәм олардың шешими ҳаққында денсаўлықты сақлаў министриниң мәлимлемеси мәселеси көрип шығылды.
Мәжилисте келтирилген мағлыўматларға бола, системада 20 дан аслам функционал модуль ҳәм санлы хызмет енгизилген. Бүгинги күнде 4 мың мәмлекетлик медицина шөлкеми, 6 мың жеке меншик клиника, 11 мың дәрихана ҳәм 38 миллионнан аслам пуқара санлы системалар менен қамтып алынған. Сондай-ақ, 44 миллионнан аслам лаборатория анализи санлы түрге өткерилген, мәкемелер ушын 96 мың 301 компьютер ҳәм 43 мың 520 планшет сатып алынған.
Жасалма интеллект те шыпакердиң исенимли жәрдемшисине айланып бармақта. Клиникалық қарарлар қабыл етиўге жәрдемлесиўши система арқалы 6 мыңнан аслам жағдай талланған, шыпакер ҳәм наўқас арасындағы 2,5 мыңнан аслам сәўбет болса автоматикалық түрде текстке айландырылған. Буннан тысқары, 2026-жылдың ақырына шекем кардиология ҳәм маммологиядан баслап гематологияға шекемги алты бағдарда жасалма интеллект системаларын толық ямаса сынаў тәризинде иске қосыў белгиленген.
Соның менен бирге, айырым мәкемелерде заманагөй компьютерлер елеге шекем жетиспей атырғаны, мәлимлеме системаларын өз-ара байланыстырыў жумыслары толық жуўмақланбағаны да тән алынды ҳәм министрдиң бул бойынша мәлимлемесин тыңлаў ҳаққында қарар қабыл етилди. Себеби, системалар өз-ара тил табыса алмаса, ең баҳалы мағлыўмат та профилактикаға хызмет етпейди.
Жуўмақлап айтқанда, денсаўлықты сақлаўға мәмлекетлик қәрежетлерди ЖИӨниң 5 процентине жеткериў экономикалық жақтан ең ақылға уғрас таңлаў болып есапланады. Тек бир шәрт бар. Ҳәр бир сум кеселлик себебине қарсы бағдарланған жағдайда ғана көп есе болып қайтады. Солай екен, реформа нәтийжесин емлеўханаға мүтәж болмай жасап атырған инсанлардың саны менен өлшеў ўақты келди. Узақ өмирдиң ең арзан ҳәм ең исенимли дәри болса ўақтында көрсетилген профилактикалық жәрдем болып есапланады.
Гулбаҳор САИДОВА,
Парламентлик изертлеўлер
институтының жетекши илимий хызметкери