Бүгин болса буған зәрүрлик қалмады. Олардың көпшилиги қолымыздағы смартфонда жәмленген. Турмысымызға жедел кирип киятырған санлы технологиялар күнделикли турмыс тәризимизди түп-тийкарынан өзгертип жиберди.

Бул болса ҳәр бир инсаннан заман менен тең болыўды, жаңа технологияларды өзлестириўди талап етпекте. Санлы саўатлылық дегенде тек компьютер ямаса мобил қурылмалардан пайдаланыўды билиў түсинилмейди. Ол мәлимлемени излеў ҳәм таңлап алыў, исенимлилигин баҳалаў, электрон хызметлерден үнемли пайдаланыў, жеке мағлыўматларды қорғаў ҳәм интернет мәканында қәўипсиз ҳәрекетлениў сыяқлы көнликпелерди де қамтып алады.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, XXI әсирде оқыў, жазыў ҳәм есаплаў менен бир қатарда санлы саўатлылық та инсанның тийкарғы компетенцияларынан бирине айланбақта. Себеби бүгинги глобалласыў ҳәм технологиялық раўажланыў шараятында табысқа ерисиў, мүнәсип жумыс табыў ҳәм бәсекиге шыдамлы болыў көп тәреплеме инсанның санлы көнликпелерине байланыслы. Усы мәнисте, санлы саўатлылық енди жеке раўажланыў қуралы болыўы менен бирге, жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўының әҳмийетли факторларынан бири болмақта.

Санлы Өзбекстанға қарай

Кейинги жыллары мәмлекетимизде санластырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. "Санлы Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў, электрон мәмлекетлик хызметлер көлемин кеңейтиў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм халықтың санлы көнликпелерин арттырыў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Бул стратегия тек ғана экономика тармақларын модернизациялаў, ал мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм пуқаралар ушын қолайлы хызметлер орталығын жаратыўға хызмет етпекте. Соның ишинде, мәмлекетлик хызметлердиң үлкен бөлеги электрон түрде көрсетилмекте.

Санлы технологиялар министрлигиниң мағлыўматына бола, 2026-жылдың басында Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында дизимнен өткен пайдаланыўшылардың саны 12,5 миллионнан артқан. Порталдың мобил қосымшасында 600 ден аслам электрон хызмет бар болып, мобил пайдаланыўшылардың саны 7,5 миллионнан асламды қурамақта. Усы жылы санлы мәмлекетлик хызметлерди және де кеңейтиў мақсетинде олардың санын 900 ге жеткериў, 50 ден аслам хызметте жасалма интеллект технологияларын енгизиў, бизнести дизимнен өткериў, банк карталары ҳәм СИМ-карталарын рәсмийлестириў сыяқлы процесслерди толық санластырыў режелестирилген.

Мәмлекетимизде санлы экономиканы раўажландырыў бағдарындағы нәтийжелер де итибарға ылайық. Бүгин ИТ Парк резидентлериниң саны 2800 ден артқан. Олардың 750 ден асламы сырт ел компаниялары болып есапланады. Мәлимлеме технологиялары тараўында 40 мыңға шамалас жаслар жумыс алып бармақта, ИТ хызметлериниң экспорт баҳасы болса соңғы бес жылда дерлик бир миллиард долларға жетти. Бул көрсеткишлер пуқаралардың санлы хызметлерге талабы ҳәм исеними барған сайын артып атырғанынан дәрек береди. Ең әҳмийетлиси, санластырыў нәтийжесинде көплеген ҳүжжетлер, мағлыўматнамалар, төлемлер ҳәм мүрәжатлар бир неше минутларда электрон түрде орынланбақта. Нәтийжеде ўақыт үнемленип, бюрократиялық тосқынлықлар қысқармақта, мәмлекетлик хызметлердиң ашық-айдынлығы болса жаңа басқышқа көтерилмекте.

Интернет - имканиятлар майданы

Санлы саўатлылық раўажланыўында интернет әҳмийетли орын ийелейди. Соңғы жыллары Өзбекстанда интернет қамтып алыўы ҳәм оннан пайдаланыўшылардың саны турақлы өсип бармақта. Мағлыўматларға қарағанда, 2026-жылға келип елимизде глобал тармақ пайдаланыўшыларының саны 33 миллионнан асты. Бул халықтың дерлик 89-94 проценти, дегени. Мобил байланыс байланысларының саны болса 34 миллионнан асламды қурамақта. Бул көрсеткишлер интернеттиң жәмийет турмысына барған сайын терең кирип барып атырғанынан дәрек береди. Бүгин оқыўшылар ҳәм студентлер онлайн билимлендириў платформаларынан пайдаланбақта, исбилерменлер электрон коммерция арқалы жаңа базарларға шықпақта, илимпазлар ҳәм қәнигелер халықаралық мәлимлеме ресурслары менен ислемекте, пуқаралар болса көплеген мәмлекетлик хызметлерди аралықтан турып алмақта. Яғный заманагөй турмыстың дерлик барлық тараўы санлы орталық пенен үзликсиз байланыслы.

Бирақ, интернеттен пайдаланыў имканиятының бар екенлиги ҳәр дайым оннан нәтийжели ҳәм қәўипсиз пайдаланыў көнликпеси қәлиплескенлигин аңлатпайды. Бүгинги күнде мәлимлемени таңлап алыў, исенимлилигин баҳалаў, жеке мағлыўматларды қорғаў ҳәм киберқәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў мәселелери барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Қәнигелердиң атап өткениндей, санлы инфраструктураны раўажландырыў менен бир қатарда жәмийетте санлы мәденият ҳәм медиа саўатлылықты арттырыў да әҳмийетли ўазыйпалардан. Интернет имканиятлар майданы болыўы менен бирге, оннан ақылға муўапық пайдаланыўды да талап етеди. Сонлықтан, санлы саўатлылық бүгин тек ғана технологияларды билиў емес, ал мәлимлеме менен ислесиў мәдениятын қәлиплестириў мәселеси болып табылады.

Жалған мәлимлемелер дәўиринде сын көзқарастан пикирлеў зәрүрлиги

Санлы технологиялар - үлкен имканият. Бирақ, мәлимлеме ағымының кескин артыўы менен байланыслы жаңа қәўип-қәтерлер де бар. Әсиресе, жасалма интеллект технологияларының ғалаба ен жайыўы нәтийжесинде жалған мәлимлемелер, манипуляциялық материаллар ҳәм жалған өнимлер барған сайын көбеймекте. Енди әпиўайы сүўрет, аудио ямаса видеоның ҳақыйқый екенлигин анықлаў да бираз қыйын. Халықаралық изертлеўлерде кибер алдаўшылық, жеке мағлыўматларды урлаў ҳәм жасалма интеллект жәрдеминде жаратылған жалған контент глобал көлемдеги ең әҳмийетли санлы қәўиплерден бири сыпатында баҳаланып атырғаны бийкарға емес. Қәнигелердиң пикиринше, социаллық тармақларда тарқатылып атырған тексерилип көрилмеген мағлыўматлар жәмийетшиликтиң пикирине, социаллық турақлылыққа ҳәм ҳәттеки экономикалық процесслерге унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Бундай шараятта санлы саўатлылық тек ғана техникалық көнликпелер менен шекленип қалмайды. Ол, бәринен бурын, мәлимлемени сын көзқарастан таллаў, дереклерди салыстырыў, мағлыўмат исенимлилигин тексериў ҳәм жалған хабарлардан қорғаныўды да қамтып алады. Ҳәр бир пуқара интернетте ушырасатуғын ҳәр қандай мағлыўматты дәрриў қабыл етпей, оның дереги, мақсети ҳәм ҳақыйқатлығын баҳалаў көнликпесине ийе болыўы зәрүр.

Сондай-ақ, жеке мағлыўматларды қорғаў, күшли пароллардан пайдаланыў, еки басқышлы аутентификацияны қолланыў ҳәм киберқәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў бүгинги күнниң әҳмийетли талапларынан. Себеби санлы мәкандағы итибарсызлық тек ғана жеке мағлыўматлардың жоғалыўына емес, ал финанслық зыян ҳәм басқа да унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Қәнигелердиң атап өткениндей, келешекте мәлимлеме менен ислесиў мәденияты ҳәм сын көзқарастан пикирлеў көнликпелери оқыў ҳәм жазыў сыяқлы әҳмийетли компетенциялардан бирине айланады. Себеби, санлы дәўирде ең қымбат ресурс мәлимлеме болса, оны дурыс таллаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў табыстың әҳмийетли факторы болып есапланады.

Келешек кәсиплериниң гилти

Бүгин мийнет базарында санлы көнликпелерге ийе қәнигелерге талап жедел пәт пенен артып бармақта. Программаластырыў, мағлыўматлар аналитикасы (Data Analytics), киберқәўипсизлик, жасалма интеллект, робототехника, бултлы технологиялар, санлы маркетинг ҳәм электрон коммерция сыяқлы бағдарлар ең перспективалы кәсиплер қатарынан орын алмақта. 2030-жылға шекем жасалма интеллект ҳәм санластырыў нәтийжесинде миллионлаған жаңа жумыс орынлары ашылады. Ҳәзирги ўақытта айырым дәстүрий кәсиплер мазмуны жағынан өзгереди ямаса автоматластырылады. Өзбекстанда да ИТ тараўы экономиканың ең тез раўажланып атырған тармақларынан бирине айланбақта. Кейинги жыллары мәлимлеме технологиялары тараўында ашылып атырған жаңа жумыс орынларының саны да избе-из артқан. Жасларды заманагөй кәсиплерге таярлаў мақсетинде ИТ парклерден тысқары "Бир миллион өзбек программистлери", "Бес миллион жасалма интеллект жетекшиси" жойбарлары, оқыў орайлары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәлимлеме технологияларына байланыслы билимлендириў бағдарламалары кеңнен енгизилмекте. Нәтийжеде мыңлаған жаслар халықаралық ИТ компаниялары ҳәм сырт елли буйыртпашылар менен аралықтан турып ислеў имканиятына ийе болмақта.

Жақын жылларда жасалма интеллект айырым қайталаныўшы ўазыйпаларды автоматластырыўы мүмкин. Бирақ бул процесс жаңа технологияларды басқаратуғын, мағлыўматлар менен ислейтуғын, креатив ҳәм сын көзқарастан пикирлей алатуғын қәнигелерге болған талапты және де арттырады. Сонлықтан, бүгинги жаслар ушын санлы көнликпелерди ийелеў тек ғана сапалы билим алыў емес, ал келешекте мүнәсип жумыс табыў ҳәм мийнет базарында бәсекиге шыдамлы болыўдың әҳмийетли шәртине айланбақта. Келешек кәсиплериниң гилти санлы технологияларды пуқта ийелеў ҳәм әмелиятта нәтийжели қолланыў қәбилетинде көринеди. Жаңа Өзбекстанның раўажланыўы ушын да заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, инновациялық пикирлейтуғын жас кадрлар ең әҳмийетли стратегиялық ресурс.

Билимлендириў системасы алдындағы әҳмийетли ўазыйпа

Санлы саўатлылықты қәлиплестириў билимлендириў системасынан басланады. Кейинги жылларда мектеплер жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинленип, электрон билимлендириў платформалары, санлы китапханалар ҳәм аралықтан билимлендириў қуралларынан пайдаланыў имканияты кеңейген. Әсиресе, билимлендириў реформалары нәтийжесинде мәлимлеме технологиялары ҳәм шет тиллерин оқытыўға айрықша итибар қаратылмақта. Улыўма билим бериў мектеплеринде информатика пәниниң мазмуны жаңаланып, программаластырыў, робототехника ҳәм жасалма интеллект тийкарларын үйретиўге қаратылған заманагөй оқыў бағдарламалары басқышпа-басқыш енгизилмекте.

Быйылғы жылға келип елимизде жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 50 проценттен асты, мәлимлеме технологиялары бағдарлары бойынша билим алып атырған студентлердиң саны болса бир неше есеге көбейди. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде жасалма интеллект, мағлыўматлар анализи, киберқәўипсизлик ҳәм программалық инжиниринг сыяқлы бағдарлар бойынша жаңа билимлендириў бағдарламалары жолға қойылды. Бул болса санлы экономика ушын маман кадрлар таярлаўға хызмет етпекте. Соның менен бирге, заманагөй технологияларды билимлендириў процесине алып кириўдиң өзи жетерли емес. Әҳмийетлиси, оқыўшыларда мәлимлеме менен ислесиў мәденияты, өз бетинше излениў көнликпелери, медиа саўатлылық ҳәм сын көзқарастан пикирлеў компетенцияларын қәлиплестириў болып есапланады. Себеби келешекте табысқа ерисетуғын жаслар тек ғана технологиялардан пайдалана алатуғын емес, ал мәлимлемени таллайтуғын, машқалаларға инновациялық шешим табатуғын ҳәм жаңалық жарата алатуғын қәнигелер болады. Халықаралық экспертлер де инсан капиталы ҳәм санлы көнликпелерди заманагөй раўажланыўдың тийкарғы факторы сыпатында тән алмақта. Усы мәнисте, Өзбекстанда билимлендириў тараўындағы кең көлемли реформалар мәмлекеттиң узақ мүддетли бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге хызмет етпекте. Демек, бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпасы тек ғана интернет тармақлары ҳәм заманагөй технологияларды кеңейтиў емес, ал олардан нәтийжели пайдалана алатуғын, санлы мәдениятқа ийе, билимли ҳәм интакер әўладты тәрбиялаў болып табылады. Себеби, жаңа Өзбекстанның ертеңги раўажланыўы әйне бүгин билим алып атырған жаслардың билими ҳәм потенциалына тиккелей байланыслы.

Раўажланыў тийкары

Санластырыў халыққа қолайлық жаратыў, мәмлекетлик хызметлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм инсан факторы менен байланыслы артықша бюрократиялық процесслерди қысқартып атырғаны дурыс. Бул болса мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы қатнасықлардың жаңа басқышқа көтерилип атырғанынан дәрек береди. Бирақ, ҳәр қандай технологиялық жетискенлик орайында инсан факторы турады. Ең заманагөй серверлер, жоқары тезликтеги интернет тармақлары ямаса жасалма интеллект системалары қаншелли раўажланған болмасын, олардан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдалана алатуғын пуқаралар болмаса, күтилген нәтийжеге ерисиў қыйын. Сонлықтан, енди санлы саўатлылық пенен бирге санлы мәдениятты қәлиплестириў мәселеси де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Санлы мәденият, бәринен бурын, интернет ҳәм мәлимлеме ресурсларынан жуўапкершилик пенен пайдаланыў, мәлимлеме қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў, жеке мағлыўматларды қорғаў, авторлық ҳуқықын ҳүрмет етиў ҳәм виртуал мәканда сөйлесиў этикасына әмел етиўди аңлатады. Әсиресе, жасалма интеллект ҳәм социаллық тармақлар дәўиринде мәлимлемени сын көзқарастан баҳалаў, жалған хабарларды ажырата алыў ҳәм исенимли дәреклерге сүениў ҳәр бир пуқара ушын әҳмийетли көнликпеге айланбақта. Санлы экономиканың табысы тек ғана технологиялық инфраструктура емес, ал жәмийеттиң санлы мәденияты дәрежеси менен де белгиленеди. Соның ушын да бүгин мектептен баслап жоқары билимлендириўге шекем, мәмлекетлик шөлкемлерден жеке меншик секторға шекемги барлық буўында санлы мәдениятты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Дүнья раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қоймақта. Бул шараятта санлы саўатлылық қосымша абзаллық емес, ал заманагөй турмыстың ажыралмас талабы ҳәм табыс гиреўине айланбақта. Соның ушын, санлы көнликпелерге инвестиция киргизиў келешекке инвестиция киргизиў деген сөз. Бүгинги дәўир қаҳарманлары заманагөй билимлерге ийе, технологияларды пуқта ийелеген, сын көзқарастан пикирлейтуғын ҳәм инновациялық идеяларды турмысқа енгизе алатуғын жаслар болып есапланады. Жаңа Өзбекстанның ертеңги күни де әне усындай интеллектуаллық потенциалға, санлы мәдениятқа ийе әўлад қолында қурылады. Себеби, санлы саўатлылық тек ғана бүгинги күнниң талабы емес, ал ертеңги раўажланыўдың исенимли тийкары.

Акбар САФАРОВ,

Жоқары билимлендириўди раўажландырыў ҳәм глобал бирге ислесиў орайы басқармасының баслығы