Сапардың әҳмийети еки тәреплеме күн тәртибинен сыртқа шығады. Технологиялық модернизациялаў, инсан капиталын раўажландырыў, өндирис кооперациясын тереңлестириў ҳәм пүткил Орайлық Азия регионы көлеминде Корея Республикасы менен бирге ислесиўди кеңейтиў биринши орында турады. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қатнасықларды раўажландырыў бойынша көзқарасын мәмлекетимиздиң абырайлы басылымлары – “The Chosun Daily”, инглис тилиндеги “Chosun Ilbo” платформасы ҳәм “The Korea Herald” газетасында жарық көрген "Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы: өзгерислер дәўириндеги келешекке қаратылған шериклик" атамасындағы мақаласында билдирди. Тарийхый дослықтан айрықша шерикликке шекем Мақалада Өзбекстан-Корея дослығының тийкарлары заманагөй дипломатиялық қатнасықлар орнатылыўынан көп бурын қәлиплескени атап өтиледи: Уллы жипек жолы дәўиринде-ақ Орайлық Азия ҳәм Корея ярым атаўы саўда ҳәм мәдений байланыслардың бирден-бир системасына кирген. Самарқандтағы Афросиёб сарайының шығыс ҳәм батыс мәмлекетлери дипломатиялық делегацияларының сүўретлери түсирилген фрескасы бул байланыслардың айқын дәлийли болып есапланады. Ҳәзирги қатнасықлардың беккемлигин тек ғана тарийхый емес, ал инсаныйлық байланыслар да белгилейди. Өзбекстан корейс диаспорасы саны бойынша дүньяда төртинши орында турады: көп мыңлаған корейс-сарамлар бир неше әўладлар даўамында мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына ҳәм жәмийетлик турақлылыққа сезилерли үлес қосқан, Ташкент ҳәм Сеул арасында тәбийғый көпир ўазыйпасын атқарған. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, "Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы тек ғана әзелий ҳәм ўақыт пенен сыналған шериклер емес, ал беккем ҳәм ҳәр тәреплеме өз-ара пайдалы байланыслар байланыстырып турған жақын дослар екенин шын жүректен мақтаныш пенен айтыўға барлық тийкарларымыз бар". Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён менен биринши ушырасыўы өткен жылы 23-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясы сессиясы шеңберинде болып өткен еди. Жетекшилер арасындағы тиккелей ҳәм исенимли сөйлесиў еки мәмлекет пуқаралары ушын узақ мүддетли тийкарғы бағдарларды келисиў ҳәм әмелий нәтийже беретуғын шешимлер табыўға шараят жаратады. Бул әмелий сапар 2025-жылы Ли Чжэ Мён сайланғанынан кейин биринши мәрте болып өтпекте - оның айрықша сиясий әҳмийети де соннан ибарат: тәреплер стратегиялық мөлшерлерди салыстырыў ҳәм қәлиплескен шерикликке пәт бағышлаў имканиятына ийе болмақта. Жаңа басқыш ушын экономикалық база Соңғы жыллардағы экономикалық көрсеткишлер айрықша атап өтилди. Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы товар алмасыў көлеми 5 есеге артты, елимизде жәмленген инвестициялардың көлеми 8 миллиард доллардан артты, 700 ден аслам қоспа кәрхана ҳәм жойбарлар жумыс алып бармақта. Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA), Корея Эксимбанки ҳәм оның қорлары менен бағдарламалар портфели 3,5 миллиард доллардан артты. Кореяның “Samsung”, “LG”, “Hyundai”, “KIA”, “KOGAS”, “Lotte”, “Youngone”, “Bomi” сыяқлы ири компаниялары Өзбекстан базарында жақсы танылған болып, олардың жойбарлары санаат, транспорт, денсаўлықты сақлаў ҳәм санлы инфраструктураны қамтып алған. Өзбекстан Корея Республикасының Орайлық Азиядағы ең жақын ҳәм исенимли саўда-экономикалық шериклеринен бири екенин айрықша атап өтиў зәрүр. Базарымыз жедел өспекте, Корея технологиялары ҳәм инвестициялары болса анық нәтийжелер берип, жаңа өндирислерди раўажландырыў, заманагөй шешимлерди енгизиў ҳәм өз-ара экономикалық байланысларды беккемлеўге хызмет етпекте, - деп атап өтти Өзбекстан Президенти. Бул нәтийжелер басқа нәрсени де көрсетеди: өз-ара бирге ислесиў потенциалы еле узақта емес. Кейинги басқыш - айырым инвестициялық жойбарлардан улыўма өндирис системалары, технологиялық платформалар ҳәм жаңа базарларды қәлиплестириўге өтиў. Өзбекстан ушын бул жерде бир әўладта аўыл хожалығы экономикасынан жоқары технологиялық мәмлекетке айланған Корея Республикасының, атап айтқанда, санаат, билимлендириў, технология, инфраструктура ҳәм инсан капиталына узақ мүддетли инвестициялар бағдарындағы тәжирийбеси айрықша әҳмийетке ийе. Республикамыз "Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў ҳәм Жаңа Өзбекстанды қурыў арқалы қурамлық модернизациялаўдың уқсас үлкен ўазыйпасын шешпекте. Кейинги он жылда экономиканың көлеми 2,5 еседен зыятқа көбейди, санааттың жалпы ишки өнимдеги үлеси 30 процентке жетти, экономиканың ашық-айдынлығы дерлик 40 миллион халық жасайтуғын ишки базардың тартымлылығын арттырды. Бул жерде Қубла Корея тәжирийбеси әмелий әҳмийетке ийе: инвестицияларды тартыўдың өзи емес, ал олардың тийкарында жаңа компетенцияларды қәлиплестириў, өндиристи локализациялаў ҳәм кәрханаларды халықаралық жеткерип бериў шынжырларына киргизиў қәбилети әҳмийетли. Өзбекстан глобал қосымша қун шынжырларына терең интеграцияласыўға умтылмақта, Корея Республикасы болса оларды диверсификациялаўдан мәпдар - бул мәплердиң сәйкес келиўи елимизде терең локализацияланған жоқары технологиялық өндирислерди жайластырыў ушын имканиятлар ашады. Инвестициялар бир жойбар менен жүретуғын модельдиң орнына қурамалы система қәлиплеседи: өндирис, жеткерип бериўшилер, илимий орайлар, кадрлар таярлаў, экспорт ҳәм жаңа базарларға шығыў бир пүтин байланыста жумыс алып барады. Технологиялық күн тәртиби Мақалада жаңа басқыш - келешек экономикасының бәсекиге шыдамлылығын белгилейтуғын технологиялар: жасалма интеллект, оғада әҳмийетли материаллар ҳәм ярымөткизгишлер ислеп шығарыў, робототехника, электр транспорты, биофармацевтика, заманагөй химия, "ақыллы" аўыл хожалығы ҳәм "ақыллы қалалар"ға итибарды қаратыўға айрықша итибар қаратылған. Дәстүрий санаат кооперациясы билим ҳәм технологиялар тийкарғы ресурс болатуғын тармақлардағы бирге ислесиў менен байытылады. Мәмлекетимиз басшысы атап өтти: "Әйне усы тийкарда шерикликтиң жаңа бетин ашыў, айырым тармақлардағы табыслы бирге ислесиўден улыўма өндирис системалары, технологиялық платформалар ҳәм жаңа базарларды қәлиплестириўге өтип, мәмлекетлеримиздиң турақлы ҳәм узақ мүддетли раўажланыўы ушын және де беккем тийкар жарата алыўымызға исенемен". Жасалма интеллект әҳмийетли орын ийелейди - оны қолланыў айырым процесслерди емес, ал пүткил тараўларды өзгертиўге уқыплы: өндирис, логистика, медицина, аўыл хожалығы, мәмлекетлик басқарыў. Корея Республикасы менен шериклик Өзбекстанға санлы трансформацияның әҳмийетли жолын басып өткен мәмлекет тәжирийбесинен пайдаланыў имканиятын бермекте. Робототехника өнимдарлықтың өсиўи, операциялар анықлығының артыўы, қурамалы өнимлерди өзлестириўди аңлатады. Электр транспорты машина қурылысы, аккумулятор технологиялары, энергетика ҳәм қала инфраструктурасының раўажланыўы менен байланыслы. Биофармацевтика ҳәм заманагөй химия жоқары қосымша қунлы өнимлерге өтиў имканиятын бермекте. "Ақыллы" аўыл хожалығы суўдан анық пайдаланыў, егинлерди мониторинг етиў ҳәм айырым жумысларды автоматластырыў арқалы нәтийже бериўге уқыплы. Интеллектуаллық қалалардың раўажланыўы да буннан қалыспайды. Халықтың көбейиўи менен қала инфраструктурасы транспорт, энергетика, суў тәмийнаты ҳәм коммуналлық системаларға артып баратырған жүклемеге дус келмекте. "Ақыллы қала" бул тараўларды санлы платформалар, сенсорлар ҳәм мағлыўматларды таллаў менен байланыстырады - гәп көшелерди қурылмалар менен байытыў ҳаққында емес, ал қала орталығын ақылға уғрас басқарыў ҳаққында: транспорт ағымлары, энергия жумсалыўы ҳәм ҳаўа сапасы ҳаққындағы мағлыўматлар машқалаларға тезирек жуўап бериўге ҳәм ресурсларды нәтийжели бөлистириўге жәрдем береди. Бул жерде Сеулдың тәжирийбеси айрықша қызығыўшылық оятады: ақыллы транспорт системалары, санлы мәмлекетлик хызметлер, қала орталығын режелестириўде мағлыўматлардан пайдаланыў Ташкент ҳәм мәмлекеттиң раўажланып атырған басқа қалаларының шараятларын есапқа алған ҳалда раўажланыўы мүмкин. Санластырыў турмыс сапасын арттырыў қуралы болып қалмақта - технологиялар транспортты күтиў ўақтын қысқартыў, суў ҳәм энергияны үнемлеўге жәрдемлесиў, қәўипсизликти арттырыў ҳәм пуқаралар ушын мәмлекетлик хызметлерди қолайлы етиўде әҳмийетли. Тийкарғы ресурс - инсан капиталы Ең заманагөй технологиялар да қәнигелерсиз нәтийже бермейди, соның ушын билимлендириў ҳәм инсан капиталы Өзбекстан-Корея бирге ислесиўиниң перспективасында орайлық орынды ийелейди. Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысының "Корея университетлери ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын, академиялық мобильликти раўажландырыў, илимий лабораториялар ҳәм алдыңғы қолланбалар орайларын шөлкемлестириўден мәпдармыз", деген сөзлери оғада дурыс айтылды. Мәмлекетимиз басшысы мақалада атап өткениндей, жаңа компетенциялар топламына ийе болған жаңа тармақлар ушын кадрлар таярлаў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Соның ушын тек ғана инвестициялық келисимлер емес, ал студентлер, жас илимпазлар, исбилерменлер ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер менен алмасыўлар да әҳмийетли - бундай байланыслар ўақыт өтиўи менен жаңа биргеликтеги жойбарларға тийкар болады. Шерикликтиң инсаныйлық өзгешелиги еки халықтың мәдений жақынлығын толықтырады: өзбекстанлы ҳәм корейслерди шаңарақ, жасы үлкенлер ҳәм дәстүрлерге ҳүрмет, мийнетти жоқары қәдирлеў ҳәм келешекти еркин қурыўға умтылыў бирлестиреди. Бул байланыслар, әсиресе, жаслар арасында көзге тасланбақта - Өзбекстанда корейс мәденияты, кино ҳәм музыкасы белгили, Корея Республикасында болса елимиздиң тарийхы ҳәм мийрасына қызығыўшылық артып бармақта. Орайлық Азия - шерикликтиң жаңа көлеми сыпатында Сапар етиўдиң және бир тийкарғы бағдары - Өзбекстан-Корея бирге ислесиўиниң регионаллық дәрежеге шығыўы. Бул жерде "Орайлық Азия - Корея Республикасы" сөйлесиўи тийкарғы роль атқармақта: биринши мәрте 2007-жылы Сеулде өткерилген бул сөйлесиў "Орайлық Азия плюс" форматларының ең узақ даўам еткен ҳәм талап жоқары болғанлары қатарына киреди, соңғы он жылда болса оның шеңберинде тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың өз-ара бирге ислесиўи сезилерли дәрежеде беккемленди. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен билдирилген тезис бул бағдарды анық көрсетеди: "Бүгин биз жаңа тарийхый шекке жақынладық. Бизиң айрықша стратегиялық шериклигимиз еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинен шығып, Корея Республикасы ҳәм пүткил Орайлық Азия регионы арасындағы өз-ара байланыслардың жаңа басқышын сәўлелендиреди". Усы жылдың 16-сентябрь күни Сеул қаласында барлық 6 мәмлекет - сөйлесиў қатнасыўшыларының қатнасыўында тарийхта биринши мәрте "Орайлық Азия - Корея Республикасы" саммити болып өтеди, бул Азиядағы жетекши технологиялық мәмлекетлерден бири менен бирге ислесиўдиң және де системалы моделин жаратыў жолындағы қәдем болып есапланады. Улыўма сиясий ерк-ықрарды беккемлейтуғын ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги инфраструктуралық жойбарлар, инновациялар ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы узақ мүддетли бағдарларды белгилеп беретуғын Сеул декларациясының қабыл етилиўи күтилмекте. Мақалада Өзбекстан "Орайлық Азия - Корея Республикасы" форматын сапа жағынан басқаша дәрежеге алып шығыў, оны және де системалы ҳәм узақ мүддетли регионаллық әҳмийетке қаратылған етиў мақсетинде сиясий сөйлесиўди тереңлестириў ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа қуралларын жаратыў бойынша басламалар менен шығыў нийетинде екени атап өтилген. Бундай көзқарас региондағы экономикалық өзгерислерге де жуўап береди: Орайлық Азия мәмлекетлери экономикасының орташа өсиў пәтлери 7 проценттен артады, 2025-жылға барып жалпы ишки өнимниң улыўма көлеми 500 миллиард доллардан артты. Саўда, энергетика ҳәм транспорт байланыслары беккемленбекте, трансшегаралық бирге ислесиў раўажланбақта. Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия Евразияның дәл ортасында жайласқан болып, ири логистика хабы потенциалына ийе: транспорт коридорларын раўажландырыў Азия ҳәм Европа базарларын байланыстырыў ҳәм жаңа трансрегионаллық өндирис шынжырлары ушын шараят жаратыў имканиятына ийе. Корея бизнеси ушын бул айрықша әҳмийетке ийе - ири компаниялар тек ғана бир мәмлекеттиң базарына емес, ал пүткил регионның абзаллықларына да итибар қаратады, соның ушын Орайлық Азияға инвестициялар кең көлемли өндирис ҳәм логистика стратегиясының бир бөлеги сыпатында қаралмақта. Уллы жипек жолының тарийхый рольи заманагөй даўам еттирилмекте: кәрўан жолларының орнына ҳәзирги күнде транспорт коридорлары, санлы тармақлар, энергетика инфраструктурасы ҳәм өндирис шынжырлары жумыс алып бармақта, олардың ўазыйпасы бурынғыдай - мәмлекетлер, базарлар, технологиялар ҳәм адамларды байланыстырыў. *** Бул сапардың тийкарғы нәтийжеси айрықша келисим ямаса жойбар менен байланыслы емес - оның әҳмийети бирге ислесиўдиң узақ мүддетли моделин келисиў имканияты менен белгиленеди. Оның ушын экономикалық база қәлиплестирилди, ендиги ўазыйпа терең кооперацияға өтиўден ибарат: технологиялар, өндиристи локализациялаў, илимий изертлеўлер, кадрлар таярлаў ҳәм жаңа базарларға шығыў бир-бирин толықтырыўы керек. Өзбекстан Президентиниң Корея Республикасына мәмлекетлик сапары стратегиялық әҳмийетке ийе: өз-ара байланыслардың топланған потенциалы кейинги басқышқа өтиўди талап етпекте ҳәм технология, инвестиция, инсан капиталы, инновация ҳәм регионаллық кооперация жаңа күн тәртибиниң орайында турмақта. Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы сиясий исенимди анық экономикалық нәтийжелерге айландырыўға уқыплы екенин дәлиллеп үлгерди.
Сапардың әҳмийети еки тәреплеме күн тәртибинен сыртқа шығады. Технологиялық модернизациялаў, инсан капиталын раўажландырыў, өндирис кооперациясын тереңлестириў ҳәм пүткил Орайлық Азия регионы көлеминде Корея Республикасы менен бирге ислесиўди кеңейтиў биринши орында турады.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қатнасықларды раўажландырыў бойынша көзқарасын мәмлекетимиздиң абырайлы басылымлары – “The Chosun Daily”, инглис тилиндеги “Chosun Ilbo” платформасы ҳәм “The Korea Herald” газетасында жарық көрген "Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы: өзгерислер дәўириндеги келешекке қаратылған шериклик" атамасындағы мақаласында билдирди.
Тарийхый дослықтан айрықша шерикликке шекем
Мақалада Өзбекстан-Корея дослығының тийкарлары заманагөй дипломатиялық қатнасықлар орнатылыўынан көп бурын қәлиплескени атап өтиледи: Уллы жипек жолы дәўиринде-ақ Орайлық Азия ҳәм Корея ярым атаўы саўда ҳәм мәдений байланыслардың бирден-бир системасына кирген. Самарқандтағы Афросиёб сарайының шығыс ҳәм батыс мәмлекетлери дипломатиялық делегацияларының сүўретлери түсирилген фрескасы бул байланыслардың айқын дәлийли болып есапланады.
Ҳәзирги қатнасықлардың беккемлигин тек ғана тарийхый емес, ал инсаныйлық байланыслар да белгилейди. Өзбекстан корейс диаспорасы саны бойынша дүньяда төртинши орында турады: көп мыңлаған корейс-сарамлар бир неше әўладлар даўамында мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына ҳәм жәмийетлик турақлылыққа сезилерли үлес қосқан, Ташкент ҳәм Сеул арасында тәбийғый көпир ўазыйпасын атқарған.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, "Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы тек ғана әзелий ҳәм ўақыт пенен сыналған шериклер емес, ал беккем ҳәм ҳәр тәреплеме өз-ара пайдалы байланыслар байланыстырып турған жақын дослар екенин шын жүректен мақтаныш пенен айтыўға барлық тийкарларымыз бар".
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён менен биринши ушырасыўы өткен жылы 23-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясы сессиясы шеңберинде болып өткен еди. Жетекшилер арасындағы тиккелей ҳәм исенимли сөйлесиў еки мәмлекет пуқаралары ушын узақ мүддетли тийкарғы бағдарларды келисиў ҳәм әмелий нәтийже беретуғын шешимлер табыўға шараят жаратады. Бул әмелий сапар 2025-жылы Ли Чжэ Мён сайланғанынан кейин биринши мәрте болып өтпекте - оның айрықша сиясий әҳмийети де соннан ибарат: тәреплер стратегиялық мөлшерлерди салыстырыў ҳәм қәлиплескен шерикликке пәт бағышлаў имканиятына ийе болмақта.
Жаңа басқыш ушын экономикалық база
Соңғы жыллардағы экономикалық көрсеткишлер айрықша атап өтилди. Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы товар алмасыў көлеми 5 есеге артты, елимизде жәмленген инвестициялардың көлеми 8 миллиард доллардан артты, 700 ден аслам қоспа кәрхана ҳәм жойбарлар жумыс алып бармақта. Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA), Корея Эксимбанки ҳәм оның қорлары менен бағдарламалар портфели 3,5 миллиард доллардан артты. Кореяның “Samsung”, “LG”, “Hyundai”, “KIA”, “KOGAS”, “Lotte”, “Youngone”, “Bomi” сыяқлы ири компаниялары Өзбекстан базарында жақсы танылған болып, олардың жойбарлары санаат, транспорт, денсаўлықты сақлаў ҳәм санлы инфраструктураны қамтып алған.
Өзбекстан Корея Республикасының Орайлық Азиядағы ең жақын ҳәм исенимли саўда-экономикалық шериклеринен бири екенин айрықша атап өтиў зәрүр. Базарымыз жедел өспекте, Корея технологиялары ҳәм инвестициялары болса анық нәтийжелер берип, жаңа өндирислерди раўажландырыў, заманагөй шешимлерди енгизиў ҳәм өз-ара экономикалық байланысларды беккемлеўге хызмет етпекте, - деп атап өтти Өзбекстан Президенти.
Бул нәтийжелер басқа нәрсени де көрсетеди: өз-ара бирге ислесиў потенциалы еле узақта емес. Кейинги басқыш - айырым инвестициялық жойбарлардан улыўма өндирис системалары, технологиялық платформалар ҳәм жаңа базарларды қәлиплестириўге өтиў. Өзбекстан ушын бул жерде бир әўладта аўыл хожалығы экономикасынан жоқары технологиялық мәмлекетке айланған Корея Республикасының, атап айтқанда, санаат, билимлендириў, технология, инфраструктура ҳәм инсан капиталына узақ мүддетли инвестициялар бағдарындағы тәжирийбеси айрықша әҳмийетке ийе.
Республикамыз "Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў ҳәм Жаңа Өзбекстанды қурыў арқалы қурамлық модернизациялаўдың уқсас үлкен ўазыйпасын шешпекте. Кейинги он жылда экономиканың көлеми 2,5 еседен зыятқа көбейди, санааттың жалпы ишки өнимдеги үлеси 30 процентке жетти, экономиканың ашық-айдынлығы дерлик 40 миллион халық жасайтуғын ишки базардың тартымлылығын арттырды. Бул жерде Қубла Корея тәжирийбеси әмелий әҳмийетке ийе: инвестицияларды тартыўдың өзи емес, ал олардың тийкарында жаңа компетенцияларды қәлиплестириў, өндиристи локализациялаў ҳәм кәрханаларды халықаралық жеткерип бериў шынжырларына киргизиў қәбилети әҳмийетли.
Өзбекстан глобал қосымша қун шынжырларына терең интеграцияласыўға умтылмақта, Корея Республикасы болса оларды диверсификациялаўдан мәпдар - бул мәплердиң сәйкес келиўи елимизде терең локализацияланған жоқары технологиялық өндирислерди жайластырыў ушын имканиятлар ашады. Инвестициялар бир жойбар менен жүретуғын модельдиң орнына қурамалы система қәлиплеседи: өндирис, жеткерип бериўшилер, илимий орайлар, кадрлар таярлаў, экспорт ҳәм жаңа базарларға шығыў бир пүтин байланыста жумыс алып барады.
Технологиялық күн тәртиби
Мақалада жаңа басқыш - келешек экономикасының бәсекиге шыдамлылығын белгилейтуғын технологиялар: жасалма интеллект, оғада әҳмийетли материаллар ҳәм ярымөткизгишлер ислеп шығарыў, робототехника, электр транспорты, биофармацевтика, заманагөй химия, "ақыллы" аўыл хожалығы ҳәм "ақыллы қалалар"ға итибарды қаратыўға айрықша итибар қаратылған. Дәстүрий санаат кооперациясы билим ҳәм технологиялар тийкарғы ресурс болатуғын тармақлардағы бирге ислесиў менен байытылады. Мәмлекетимиз басшысы атап өтти: "Әйне усы тийкарда шерикликтиң жаңа бетин ашыў, айырым тармақлардағы табыслы бирге ислесиўден улыўма өндирис системалары, технологиялық платформалар ҳәм жаңа базарларды қәлиплестириўге өтип, мәмлекетлеримиздиң турақлы ҳәм узақ мүддетли раўажланыўы ушын және де беккем тийкар жарата алыўымызға исенемен".
Жасалма интеллект әҳмийетли орын ийелейди - оны қолланыў айырым процесслерди емес, ал пүткил тараўларды өзгертиўге уқыплы: өндирис, логистика, медицина, аўыл хожалығы, мәмлекетлик басқарыў. Корея Республикасы менен шериклик Өзбекстанға санлы трансформацияның әҳмийетли жолын басып өткен мәмлекет тәжирийбесинен пайдаланыў имканиятын бермекте.
Робототехника өнимдарлықтың өсиўи, операциялар анықлығының артыўы, қурамалы өнимлерди өзлестириўди аңлатады. Электр транспорты машина қурылысы, аккумулятор технологиялары, энергетика ҳәм қала инфраструктурасының раўажланыўы менен байланыслы. Биофармацевтика ҳәм заманагөй химия жоқары қосымша қунлы өнимлерге өтиў имканиятын бермекте. "Ақыллы" аўыл хожалығы суўдан анық пайдаланыў, егинлерди мониторинг етиў ҳәм айырым жумысларды автоматластырыў арқалы нәтийже бериўге уқыплы.
Интеллектуаллық қалалардың раўажланыўы да буннан қалыспайды. Халықтың көбейиўи менен қала инфраструктурасы транспорт, энергетика, суў тәмийнаты ҳәм коммуналлық системаларға артып баратырған жүклемеге дус келмекте. "Ақыллы қала" бул тараўларды санлы платформалар, сенсорлар ҳәм мағлыўматларды таллаў менен байланыстырады - гәп көшелерди қурылмалар менен байытыў ҳаққында емес, ал қала орталығын ақылға уғрас басқарыў ҳаққында: транспорт ағымлары, энергия жумсалыўы ҳәм ҳаўа сапасы ҳаққындағы мағлыўматлар машқалаларға тезирек жуўап бериўге ҳәм ресурсларды нәтийжели бөлистириўге жәрдем береди.
Бул жерде Сеулдың тәжирийбеси айрықша қызығыўшылық оятады: ақыллы транспорт системалары, санлы мәмлекетлик хызметлер, қала орталығын режелестириўде мағлыўматлардан пайдаланыў Ташкент ҳәм мәмлекеттиң раўажланып атырған басқа қалаларының шараятларын есапқа алған ҳалда раўажланыўы мүмкин. Санластырыў турмыс сапасын арттырыў қуралы болып қалмақта - технологиялар транспортты күтиў ўақтын қысқартыў, суў ҳәм энергияны үнемлеўге жәрдемлесиў, қәўипсизликти арттырыў ҳәм пуқаралар ушын мәмлекетлик хызметлерди қолайлы етиўде әҳмийетли.
Тийкарғы ресурс - инсан капиталы
Ең заманагөй технологиялар да қәнигелерсиз нәтийже бермейди, соның ушын билимлендириў ҳәм инсан капиталы Өзбекстан-Корея бирге ислесиўиниң перспективасында орайлық орынды ийелейди. Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысының "Корея университетлери ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын, академиялық мобильликти раўажландырыў, илимий лабораториялар ҳәм алдыңғы қолланбалар орайларын шөлкемлестириўден мәпдармыз", деген сөзлери оғада дурыс айтылды.
Мәмлекетимиз басшысы мақалада атап өткениндей, жаңа компетенциялар топламына ийе болған жаңа тармақлар ушын кадрлар таярлаў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Соның ушын тек ғана инвестициялық келисимлер емес, ал студентлер, жас илимпазлар, исбилерменлер ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер менен алмасыўлар да әҳмийетли - бундай байланыслар ўақыт өтиўи менен жаңа биргеликтеги жойбарларға тийкар болады.
Шерикликтиң инсаныйлық өзгешелиги еки халықтың мәдений жақынлығын толықтырады: өзбекстанлы ҳәм корейслерди шаңарақ, жасы үлкенлер ҳәм дәстүрлерге ҳүрмет, мийнетти жоқары қәдирлеў ҳәм келешекти еркин қурыўға умтылыў бирлестиреди. Бул байланыслар, әсиресе, жаслар арасында көзге тасланбақта - Өзбекстанда корейс мәденияты, кино ҳәм музыкасы белгили, Корея Республикасында болса елимиздиң тарийхы ҳәм мийрасына қызығыўшылық артып бармақта.
Орайлық Азия - шерикликтиң жаңа көлеми сыпатында
Сапар етиўдиң және бир тийкарғы бағдары - Өзбекстан-Корея бирге ислесиўиниң регионаллық дәрежеге шығыўы. Бул жерде "Орайлық Азия - Корея Республикасы" сөйлесиўи тийкарғы роль атқармақта: биринши мәрте 2007-жылы Сеулде өткерилген бул сөйлесиў "Орайлық Азия плюс" форматларының ең узақ даўам еткен ҳәм талап жоқары болғанлары қатарына киреди, соңғы он жылда болса оның шеңберинде тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың өз-ара бирге ислесиўи сезилерли дәрежеде беккемленди.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен билдирилген тезис бул бағдарды анық көрсетеди: "Бүгин биз жаңа тарийхый шекке жақынладық. Бизиң айрықша стратегиялық шериклигимиз еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинен шығып, Корея Республикасы ҳәм пүткил Орайлық Азия регионы арасындағы өз-ара байланыслардың жаңа басқышын сәўлелендиреди".
Усы жылдың 16-сентябрь күни Сеул қаласында барлық 6 мәмлекет - сөйлесиў қатнасыўшыларының қатнасыўында тарийхта биринши мәрте "Орайлық Азия - Корея Республикасы" саммити болып өтеди, бул Азиядағы жетекши технологиялық мәмлекетлерден бири менен бирге ислесиўдиң және де системалы моделин жаратыў жолындағы қәдем болып есапланады. Улыўма сиясий ерк-ықрарды беккемлейтуғын ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги инфраструктуралық жойбарлар, инновациялар ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы узақ мүддетли бағдарларды белгилеп беретуғын Сеул декларациясының қабыл етилиўи күтилмекте.
Мақалада Өзбекстан "Орайлық Азия - Корея Республикасы" форматын сапа жағынан басқаша дәрежеге алып шығыў, оны және де системалы ҳәм узақ мүддетли регионаллық әҳмийетке қаратылған етиў мақсетинде сиясий сөйлесиўди тереңлестириў ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа қуралларын жаратыў бойынша басламалар менен шығыў нийетинде екени атап өтилген.
Бундай көзқарас региондағы экономикалық өзгерислерге де жуўап береди: Орайлық Азия мәмлекетлери экономикасының орташа өсиў пәтлери 7 проценттен артады, 2025-жылға барып жалпы ишки өнимниң улыўма көлеми 500 миллиард доллардан артты. Саўда, энергетика ҳәм транспорт байланыслары беккемленбекте, трансшегаралық бирге ислесиў раўажланбақта.
Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия Евразияның дәл ортасында жайласқан болып, ири логистика хабы потенциалына ийе: транспорт коридорларын раўажландырыў Азия ҳәм Европа базарларын байланыстырыў ҳәм жаңа трансрегионаллық өндирис шынжырлары ушын шараят жаратыў имканиятына ийе. Корея бизнеси ушын бул айрықша әҳмийетке ийе - ири компаниялар тек ғана бир мәмлекеттиң базарына емес, ал пүткил регионның абзаллықларына да итибар қаратады, соның ушын Орайлық Азияға инвестициялар кең көлемли өндирис ҳәм логистика стратегиясының бир бөлеги сыпатында қаралмақта. Уллы жипек жолының тарийхый рольи заманагөй даўам еттирилмекте: кәрўан жолларының орнына ҳәзирги күнде транспорт коридорлары, санлы тармақлар, энергетика инфраструктурасы ҳәм өндирис шынжырлары жумыс алып бармақта, олардың ўазыйпасы бурынғыдай - мәмлекетлер, базарлар, технологиялар ҳәм адамларды байланыстырыў.
***
Бул сапардың тийкарғы нәтийжеси айрықша келисим ямаса жойбар менен байланыслы емес - оның әҳмийети бирге ислесиўдиң узақ мүддетли моделин келисиў имканияты менен белгиленеди. Оның ушын экономикалық база қәлиплестирилди, ендиги ўазыйпа терең кооперацияға өтиўден ибарат: технологиялар, өндиристи локализациялаў, илимий изертлеўлер, кадрлар таярлаў ҳәм жаңа базарларға шығыў бир-бирин толықтырыўы керек.
Өзбекстан Президентиниң Корея Республикасына мәмлекетлик сапары стратегиялық әҳмийетке ийе: өз-ара байланыслардың топланған потенциалы кейинги басқышқа өтиўди талап етпекте ҳәм технология, инвестиция, инсан капиталы, инновация ҳәм регионаллық кооперация жаңа күн тәртибиниң орайында турмақта. Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы сиясий исенимди анық экономикалық нәтийжелерге айландырыўға уқыплы екенин дәлиллеп үлгерди.
Мәмлекетимиз
басшысы өзиниң қатнасықларды раўажландырыў бойынша көзқарасын мәмлекетимиздиң
абырайлы басылымлары – “The Chosun Daily”, инглис тилиндеги “Chosun Ilbo”
платформасы ҳәм “The Korea Herald” газетасында жарық көрген "Өзбекстан ҳәм
Корея Республикасы: өзгерислер дәўириндеги келешекке қаратылған шериклик"
атамасындағы мақаласында билдирди.
Тарийхый
дослықтан айрықша шерикликке шекем
Мақалада
Өзбекстан-Корея дослығының тийкарлары заманагөй дипломатиялық қатнасықлар
орнатылыўынан көп бурын қәлиплескени атап өтиледи: Уллы жипек жолы дәўиринде-ақ
Орайлық Азия ҳәм Корея ярым атаўы саўда ҳәм мәдений байланыслардың бирден-бир
системасына кирген. Самарқандтағы Афросиёб сарайының шығыс ҳәм батыс мәмлекетлери
дипломатиялық делегацияларының сүўретлери түсирилген фрескасы бул
байланыслардың айқын дәлийли болып есапланады.
Ҳәзирги
қатнасықлардың беккемлигин тек ғана тарийхый емес, ал инсаныйлық байланыслар да
белгилейди. Өзбекстан корейс диаспорасы саны бойынша дүньяда төртинши орында
турады: көп мыңлаған корейс-сарамлар бир неше әўладлар даўамында мәмлекеттиң
социаллық-экономикалық раўажланыўына ҳәм жәмийетлик турақлылыққа сезилерли үлес
қосқан, Ташкент ҳәм Сеул арасында тәбийғый көпир ўазыйпасын атқарған.
Мәмлекетимиз
басшысы атап өткениндей, "Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы тек ғана әзелий
ҳәм ўақыт пенен сыналған шериклер емес, ал беккем ҳәм ҳәр тәреплеме өз-ара
пайдалы байланыслар байланыстырып турған жақын дослар екенин шын жүректен
мақтаныш пенен айтыўға барлық тийкарларымыз бар".
Өзбекстан
Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён менен
биринши ушырасыўы өткен жылы 23-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында БМШ Бас
Ассамблеясы сессиясы шеңберинде болып өткен еди. Жетекшилер арасындағы тиккелей
ҳәм исенимли сөйлесиў еки мәмлекет пуқаралары ушын узақ мүддетли тийкарғы
бағдарларды келисиў ҳәм әмелий нәтийже беретуғын шешимлер табыўға шараят
жаратады. Бул әмелий сапар 2025-жылы Ли Чжэ Мён сайланғанынан кейин биринши
мәрте болып өтпекте - оның айрықша сиясий әҳмийети де соннан ибарат: тәреплер
стратегиялық мөлшерлерди салыстырыў ҳәм қәлиплескен шерикликке пәт бағышлаў
имканиятына ийе болмақта.
Жаңа басқыш ушын
экономикалық база
Соңғы жыллардағы
экономикалық көрсеткишлер айрықша атап өтилди. Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы
арасындағы товар алмасыў көлеми 5 есеге артты, елимизде жәмленген
инвестициялардың көлеми 8 миллиард доллардан артты, 700 ден аслам қоспа кәрхана
ҳәм жойбарлар жумыс алып бармақта. Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA),
Корея Эксимбанки ҳәм оның қорлары менен бағдарламалар портфели 3,5 миллиард
доллардан артты. Кореяның “Samsung”, “LG”, “Hyundai”, “KIA”, “KOGAS”, “Lotte”, “Youngone”,
“Bomi” сыяқлы ири компаниялары Өзбекстан базарында жақсы танылған болып,
олардың жойбарлары санаат, транспорт, денсаўлықты сақлаў ҳәм санлы
инфраструктураны қамтып алған.
Өзбекстан Корея
Республикасының Орайлық Азиядағы ең жақын ҳәм исенимли саўда-экономикалық
шериклеринен бири екенин айрықша атап өтиў зәрүр. Базарымыз жедел өспекте,
Корея технологиялары ҳәм инвестициялары болса анық нәтийжелер берип, жаңа
өндирислерди раўажландырыў, заманагөй шешимлерди енгизиў ҳәм өз-ара
экономикалық байланысларды беккемлеўге хызмет етпекте, - деп атап өтти
Өзбекстан Президенти.
Бул нәтийжелер
басқа нәрсени де көрсетеди: өз-ара бирге ислесиў потенциалы еле узақта емес.
Кейинги басқыш - айырым инвестициялық жойбарлардан улыўма өндирис системалары,
технологиялық платформалар ҳәм жаңа базарларды қәлиплестириўге өтиў. Өзбекстан
ушын бул жерде бир әўладта аўыл хожалығы экономикасынан жоқары технологиялық
мәмлекетке айланған Корея Республикасының, атап айтқанда, санаат,
билимлендириў, технология, инфраструктура ҳәм инсан капиталына узақ мүддетли
инвестициялар бағдарындағы тәжирийбеси айрықша әҳмийетке ийе.
Республикамыз
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў ҳәм Жаңа Өзбекстанды
қурыў арқалы қурамлық модернизациялаўдың уқсас үлкен ўазыйпасын шешпекте.
Кейинги он жылда экономиканың көлеми 2,5 еседен зыятқа көбейди, санааттың жалпы
ишки өнимдеги үлеси 30 процентке жетти, экономиканың ашық-айдынлығы дерлик 40
миллион халық жасайтуғын ишки базардың тартымлылығын арттырды. Бул жерде Қубла
Корея тәжирийбеси әмелий әҳмийетке ийе: инвестицияларды тартыўдың өзи емес, ал
олардың тийкарында жаңа компетенцияларды қәлиплестириў, өндиристи
локализациялаў ҳәм кәрханаларды халықаралық жеткерип бериў шынжырларына
киргизиў қәбилети әҳмийетли.
Өзбекстан глобал
қосымша қун шынжырларына терең интеграцияласыўға умтылмақта, Корея Республикасы
болса оларды диверсификациялаўдан мәпдар - бул мәплердиң сәйкес келиўи елимизде
терең локализацияланған жоқары технологиялық өндирислерди жайластырыў ушын
имканиятлар ашады. Инвестициялар бир жойбар менен жүретуғын модельдиң орнына
қурамалы система қәлиплеседи: өндирис, жеткерип бериўшилер, илимий орайлар,
кадрлар таярлаў, экспорт ҳәм жаңа базарларға шығыў бир пүтин байланыста жумыс
алып барады.
Технологиялық күн
тәртиби
Мақалада жаңа
басқыш - келешек экономикасының бәсекиге шыдамлылығын белгилейтуғын
технологиялар: жасалма интеллект, оғада әҳмийетли материаллар ҳәм
ярымөткизгишлер ислеп шығарыў, робототехника, электр транспорты,
биофармацевтика, заманагөй химия, "ақыллы" аўыл хожалығы ҳәм
"ақыллы қалалар"ға итибарды қаратыўға айрықша итибар қаратылған.
Дәстүрий санаат кооперациясы билим ҳәм технологиялар тийкарғы ресурс болатуғын
тармақлардағы бирге ислесиў менен байытылады. Мәмлекетимиз басшысы атап өтти:
"Әйне усы тийкарда шерикликтиң жаңа бетин ашыў, айырым тармақлардағы
табыслы бирге ислесиўден улыўма өндирис системалары, технологиялық платформалар
ҳәм жаңа базарларды қәлиплестириўге өтип, мәмлекетлеримиздиң турақлы ҳәм узақ
мүддетли раўажланыўы ушын және де беккем тийкар жарата алыўымызға
исенемен".
Жасалма интеллект
әҳмийетли орын ийелейди - оны қолланыў айырым процесслерди емес, ал пүткил
тараўларды өзгертиўге уқыплы: өндирис, логистика, медицина, аўыл хожалығы,
мәмлекетлик басқарыў. Корея Республикасы менен шериклик Өзбекстанға санлы
трансформацияның әҳмийетли жолын басып өткен мәмлекет тәжирийбесинен пайдаланыў
имканиятын бермекте.
Робототехника
өнимдарлықтың өсиўи, операциялар анықлығының артыўы, қурамалы өнимлерди
өзлестириўди аңлатады. Электр транспорты машина қурылысы, аккумулятор
технологиялары, энергетика ҳәм қала инфраструктурасының раўажланыўы менен
байланыслы. Биофармацевтика ҳәм заманагөй химия жоқары қосымша қунлы өнимлерге
өтиў имканиятын бермекте. "Ақыллы" аўыл хожалығы суўдан анық
пайдаланыў, егинлерди мониторинг етиў ҳәм айырым жумысларды автоматластырыў
арқалы нәтийже бериўге уқыплы.
Интеллектуаллық
қалалардың раўажланыўы да буннан қалыспайды. Халықтың көбейиўи менен қала
инфраструктурасы транспорт, энергетика, суў тәмийнаты ҳәм коммуналлық
системаларға артып баратырған жүклемеге дус келмекте. "Ақыллы қала"
бул тараўларды санлы платформалар, сенсорлар ҳәм мағлыўматларды таллаў менен
байланыстырады - гәп көшелерди қурылмалар менен байытыў ҳаққында емес, ал қала
орталығын ақылға уғрас басқарыў ҳаққында: транспорт ағымлары, энергия жумсалыўы
ҳәм ҳаўа сапасы ҳаққындағы мағлыўматлар машқалаларға тезирек жуўап бериўге ҳәм
ресурсларды нәтийжели бөлистириўге жәрдем береди.
Бул жерде Сеулдың
тәжирийбеси айрықша қызығыўшылық оятады: ақыллы транспорт системалары, санлы мәмлекетлик
хызметлер, қала орталығын режелестириўде мағлыўматлардан пайдаланыў Ташкент ҳәм
мәмлекеттиң раўажланып атырған басқа қалаларының шараятларын есапқа алған ҳалда
раўажланыўы мүмкин. Санластырыў турмыс сапасын арттырыў қуралы болып қалмақта -
технологиялар транспортты күтиў ўақтын қысқартыў, суў ҳәм энергияны үнемлеўге
жәрдемлесиў, қәўипсизликти арттырыў ҳәм пуқаралар ушын мәмлекетлик хызметлерди
қолайлы етиўде әҳмийетли.
Тийкарғы ресурс -
инсан капиталы
Ең заманагөй
технологиялар да қәнигелерсиз нәтийже бермейди, соның ушын билимлендириў ҳәм
инсан капиталы Өзбекстан-Корея бирге ислесиўиниң перспективасында орайлық
орынды ийелейди. Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысының "Корея
университетлери ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиўди буннан былай
да кеңейтиў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын, академиялық мобильликти
раўажландырыў, илимий лабораториялар ҳәм алдыңғы қолланбалар орайларын
шөлкемлестириўден мәпдармыз", деген сөзлери оғада дурыс айтылды.
Мәмлекетимиз
басшысы мақалада атап өткениндей, жаңа компетенциялар топламына ийе болған жаңа
тармақлар ушын кадрлар таярлаў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Соның ушын тек
ғана инвестициялық келисимлер емес, ал студентлер, жас илимпазлар,
исбилерменлер ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер менен алмасыўлар да әҳмийетли -
бундай байланыслар ўақыт өтиўи менен жаңа биргеликтеги жойбарларға тийкар
болады.
Шерикликтиң
инсаныйлық өзгешелиги еки халықтың мәдений жақынлығын толықтырады: өзбекстанлы
ҳәм корейслерди шаңарақ, жасы үлкенлер ҳәм дәстүрлерге ҳүрмет, мийнетти жоқары
қәдирлеў ҳәм келешекти еркин қурыўға умтылыў бирлестиреди. Бул байланыслар,
әсиресе, жаслар арасында көзге тасланбақта - Өзбекстанда корейс мәденияты, кино
ҳәм музыкасы белгили, Корея Республикасында болса елимиздиң тарийхы ҳәм
мийрасына қызығыўшылық артып бармақта.
Орайлық Азия -
шерикликтиң жаңа көлеми сыпатында
Сапар етиўдиң
және бир тийкарғы бағдары - Өзбекстан-Корея бирге ислесиўиниң регионаллық
дәрежеге шығыўы. Бул жерде "Орайлық Азия - Корея Республикасы"
сөйлесиўи тийкарғы роль атқармақта: биринши мәрте 2007-жылы Сеулде өткерилген
бул сөйлесиў "Орайлық Азия плюс" форматларының ең узақ даўам еткен
ҳәм талап жоқары болғанлары қатарына киреди, соңғы он жылда болса оның
шеңберинде тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың өз-ара бирге ислесиўи сезилерли
дәрежеде беккемленди.
Өзбекстан
Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен билдирилген тезис бул бағдарды анық
көрсетеди: "Бүгин биз жаңа тарийхый шекке жақынладық. Бизиң айрықша
стратегиялық шериклигимиз еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинен шығып, Корея
Республикасы ҳәм пүткил Орайлық Азия регионы арасындағы өз-ара байланыслардың
жаңа басқышын сәўлелендиреди".
Усы жылдың
16-сентябрь күни Сеул қаласында барлық 6 мәмлекет - сөйлесиў қатнасыўшыларының
қатнасыўында тарийхта биринши мәрте "Орайлық Азия - Корея
Республикасы" саммити болып өтеди, бул Азиядағы жетекши технологиялық
мәмлекетлерден бири менен бирге ислесиўдиң және де системалы моделин жаратыў
жолындағы қәдем болып есапланады. Улыўма сиясий ерк-ықрарды беккемлейтуғын ҳәм
инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги инфраструктуралық
жойбарлар, инновациялар ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды қоллап-қуўатлаў
сыяқлы узақ мүддетли бағдарларды белгилеп беретуғын Сеул декларациясының қабыл
етилиўи күтилмекте.
Мақалада
Өзбекстан "Орайлық Азия - Корея Республикасы" форматын сапа жағынан
басқаша дәрежеге алып шығыў, оны және де системалы ҳәм узақ мүддетли
регионаллық әҳмийетке қаратылған етиў мақсетинде сиясий сөйлесиўди
тереңлестириў ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа қуралларын жаратыў бойынша басламалар
менен шығыў нийетинде екени атап өтилген.
Бундай көзқарас
региондағы экономикалық өзгерислерге де жуўап береди: Орайлық Азия мәмлекетлери
экономикасының орташа өсиў пәтлери 7 проценттен артады, 2025-жылға барып жалпы
ишки өнимниң улыўма көлеми 500 миллиард доллардан артты. Саўда, энергетика ҳәм
транспорт байланыслары беккемленбекте, трансшегаралық бирге ислесиў
раўажланбақта.
Өзбекстан ҳәм
Орайлық Азия Евразияның дәл ортасында жайласқан болып, ири логистика хабы
потенциалына ийе: транспорт коридорларын раўажландырыў Азия ҳәм Европа
базарларын байланыстырыў ҳәм жаңа трансрегионаллық өндирис шынжырлары ушын
шараят жаратыў имканиятына ийе. Корея бизнеси ушын бул айрықша әҳмийетке ийе -
ири компаниялар тек ғана бир мәмлекеттиң базарына емес, ал пүткил регионның
абзаллықларына да итибар қаратады, соның ушын Орайлық Азияға инвестициялар кең
көлемли өндирис ҳәм логистика стратегиясының бир бөлеги сыпатында қаралмақта. Уллы
жипек жолының тарийхый рольи заманагөй даўам еттирилмекте: кәрўан жолларының
орнына ҳәзирги күнде транспорт коридорлары, санлы тармақлар, энергетика
инфраструктурасы ҳәм өндирис шынжырлары жумыс алып бармақта, олардың ўазыйпасы
бурынғыдай - мәмлекетлер, базарлар, технологиялар ҳәм адамларды байланыстырыў.
***
Бул сапардың тийкарғы
нәтийжеси айрықша келисим ямаса жойбар менен байланыслы емес - оның әҳмийети
бирге ислесиўдиң узақ мүддетли моделин келисиў имканияты менен белгиленеди.
Оның ушын экономикалық база қәлиплестирилди, ендиги ўазыйпа терең кооперацияға
өтиўден ибарат: технологиялар, өндиристи локализациялаў, илимий изертлеўлер,
кадрлар таярлаў ҳәм жаңа базарларға шығыў бир-бирин толықтырыўы керек.
Өзбекстан
Президентиниң Корея Республикасына мәмлекетлик сапары стратегиялық әҳмийетке ийе:
өз-ара байланыслардың топланған потенциалы кейинги басқышқа өтиўди талап
етпекте ҳәм технология, инвестиция, инсан капиталы, инновация ҳәм регионаллық
кооперация жаңа күн тәртибиниң орайында турмақта. Өзбекстан ҳәм Корея
Республикасы сиясий исенимди анық экономикалық нәтийжелерге айландырыўға уқыплы
екенин дәлиллеп үлгерди.
Алексей Чукарин таярлады.
«Правда Востока».