Усындай илажлар шеңберинде Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайында “Китапқумар миллет” сүрени астында VI Республикалық “Китапқумарлық ҳәптелиги”ниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Орай директоры Н.Султанова китапқумарларды қутлықлап, елимизде китап оқыў мәдениятын жетилистириў ҳәм жасларды китап оқыўға бағдарлааў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти. Абонемент ҳәм пайдаланыўшыларға хызмет көрсетиў бойынша ҳәптелик даўамында өткерилетуғын илажлар – сәўбетлесиўлер, китаплар көргизбеси, “Заковат” интеллектуаллық ойынлары ҳәм викториналар менен таныстырылды.
Илажда китапқумарлар қосықлар ҳәм аяқ ойынлар атқарылды, белсенди китапқумарлар өз дөретпелеринен үзиндилер оқып, байрам менен қутлықлады. Билим ҳәм руўхый байлыққа толы болған илаж соңында барлық қатнасыўшылар Мәлимлеме-китапхана орайының китаплар көргизбеси менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.