Бул жағдайға түнги ўақытта қәлиплескен күшли температура инверциясы, қурғақ ҳаўа ҳәм жаўын-шашын бақланбай атырғаны себеп болмақта. Сондай-ақ, самалдың күшсизлиги қала үстинде жергиликли атмосфера шығындыларының топланып қалыўына қолайлы шараят жаратпақта.

Ҳаўа патасланыўын азайтыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине тийкарғы көшелер ҳәм жол шетлериндеги қум-шаңды жыйнаў, бар фонтанлардың жумысын шөлкемлестириў тапсырылған.

Сондай-ақ, 30 ири қурылыс шөлкемине қум ҳәм шаң бөлекшелериниң ҳаўаға көтерилиўин азайтыў бойынша илажлар көриў ўазыйпасы жүклетилген.

Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақларда жумыс алып барып атырған 7 ыссылық электр станциясы және қоршаған орталыққа тәсири бойынша 131 ири хожалық жүргизиўши субъектке атмосфераға шығарылатуғын шығындылар муғдарын еки есеге азайтыў бойынша ескертиў берилген.

Бул ескертиўлердиң орынланыўы бойынша арнаўлы мобил лаборатория кәрханалардың атмосфераға шығарып атырған шығындылары муғдарын мониторинг етпекте.

Ҳаўа сапасы жаманласқан дәўирлерде балалар, кекселер, ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаяллар, сондай-ақ, жүрек-қан тамыр ҳәм дем алыў системасы кеселликлери болған пуқараларға ашық ҳаўада узақ ўақыт қалмаў, физикалық белсендиликти шеклеў ҳәм қорғаныў нықабынан пайдаланыў усыныс етилмекте.