Форумның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына мүрәжаты оқып еситтирилди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәлим етти.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қутлықлаўында Орайлық Азия мәмлекетлери арасында өз-ара исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықлары беккемленип атырғанын атап өткен.
Атап өтилиўинше, дерлик 85 миллион халыққа ийе регионның ең үлкен байлығы билимге умтылған жас әўлад болып есапланады.
"Әне усы үлкен демографиялық потенциалды қүдиретли интеллектуаллық күшке айландырыўда ең нәтийжели жол — сапалы, заманагөй билимлендириў ҳәм тәрбия болып есапланады", — делинеди Президент мүрәжатында.
Шавкат Мирзиёев Өзбекстанда билимлендириў реформалары мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланғанын атап өткен.
Жақында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, кәсиплик ҳәм жоқары билимлендириў және илим басқарыўы бирден-бир системаға бирлестирилди. Буның тийкарғы мақсети баланың дәслепки билим алыўынан баслап, жетик қәниге ҳәм илимпаз болып қәлиплесиўине шекемги басқышлардың избе-излигин тәмийинлеўден ибарат.
Мүрәжатта билимлендириў жасларды еркин пикирлеў, дөретиўшилик ҳәм пүткил өмири даўамында үйрениўге таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилген.
Сондай-ақ, муғаллим ҳәм устазлардың ролин арттырыў, мектеп, техникум, университет ҳәм өндирис арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли ўазыйпалар сыпатында көрсетилген.
Әсиресе, қызлар, шетки аймақлардағы балалар ҳәм айрықша билимлендириўге мүтәжлиги бар жаслар ушын имканиятларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилген.
Президент жасалма интеллект ҳәм заманагөй инженерлик бағдарларын раўажландырыў, университетлер арасындағы қоспа бағдарламалар ҳәм изертлеўлерди көбейтиў, студентлер ҳәм илимпазлар алмасыўын қоллап-қуўатлаўға шақырған.
Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азияны илим-ағартыўшылық, жоқары технологиялар ҳәм инновациялар бирлескен улыўма интеллектуаллық мәканға айландырыў стратегиялық мақсет екенин атап өтип, форумда бул бағдарда әмелий усыныслар алға қойылатуғынына исеним билдирген.