Дәстүрге муўапық, ҳәр жылы қәнигелер тәрепинен ашық сабақлар, психологиялық шынығыўлар ҳәм заманагөй методикалық қатнаслар көрсетиледи. Мақсет жаңа оқыў жылы алдынан мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў мәкемелеринде тәлим-тәрбия процесин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, басшы ҳәм хызметкерлердиң интакерлигин ҳәм жуўапкершилигин күшейтиў, системада жумыс алып барып атырған педагог хызметкерлердиң кәсиплик потенциалын арттырыўдан ибарат.
Устазлар ушын спорт жарыслары ҳәм "Заковат" интеллектуаллық ойынларының шөлкемлестирилиўи болса быйылғы илаждың өзине тән жаңалығы болды. Ең әҳмийетлиси, бул илажлар жәмәәтлик руўхты беккемлеўге хызмет етти. Бирақ ҳәмме бирдей пикирлемесе де, "Бул форум бизге не ушын керек, не ушын әйне устазлар, не ушын олардың пикири ҳәм тәжирийбеси миллий көлемде додаланыўы керек? Сонша қәрежет есабынан болып атырған илаждың нәтийжеси мектепте, оқыўшыда қандай көринеди?" деген сораўлардың табылыўы, буның артынан түрли түсинбеўшиликлер болыўы тәбийғый. Соның ушын мине усы сораўлар бойынша илаж шөлкемлестириўшилери ҳәм қатнасыўшыларына мүрәжат еттик.
Инсан капиталы билимлендириў менен
Азизбек ТУРДИЕВ,
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары:
— Мәмлекетимиз басшысы айрықша атап өткениндей, билимлендириўдиң сапасын арттырыў жаңа Өзбекстанның раўажланыўының бирден-бир дурыс жолы болып есапланады. Мине, усы концептуаллық идеяны форумға тийкарғы сүрен етип алдық. Себеби XXI әсирде ең әҳмийетли талап - инсан капиталы. Инсан капиталы болса әлбетте билимлендириў менен әмелге асырылады.
Ал, билимлендириўдиң архитекторлары, яғный балаларымызды мине усы жаңа заманагөй компетенцияларға, минез-қулыққа үйрететуғын педагогларымыз бүгинги күнниң талапларынан қаншелли хабардар? Олар және нелерге көбирек итибар қаратыўы керек? Кәсиплик раўажланыў күни, кәсиплик раўажланыў саатларында қандай жаңа методикалар әмелге асырылыўы керек, деген сораўлар әтирапында пүткил елимизден жыйналған 300 ден аслам педагогларымыз өз пикир-усынысларын билдирди.
Быйылғы қурамды басқаша қәлиплестирдик. Себеби бул жерде мәлим етилип атырған жаңалықлардан тек ғана бир бағдардағы кәсиплеслеримиз емес, системадағы басқа хызметкерлер де хабардар болсын дедик. Мақсет мәнаўиятшы өз тараўындағы, оқыў ислери бойынша орынбасарлар, мектеп кеңесгөйлери де өзлерине тийисли өзгерислердиң мәнисин түсинип жетсин.
Сонлықтан, форум секторларға бөлинген ҳалда жумыс алып барды. Онда мектепке шекемги билимлендириў системасындағы реформалардың нәтийжеси, жетискенлик ҳәм кемшиликлер талланды. Сондай-ақ, методикаға байланыслы, әсиресе, ҳәзирги ўақытта көп итибар қаратылып атырған психо-эмоционаллық жағдайлар бойынша мастер-тренерлеримиз педагоглар ушын керекли шынығыўлар өткерди.
Және бир тәрепи, мектеплеримизде өткен жылдан баслап енгизилген "Келешек сааты" сабақларын басқаша шөлкемлестириўге айрықша итибар қараттық. Бул бағдарда бир жыллық тәжирийбе топланды, 600 ге шамалас контент таярланды. Енди алдымызда буны жетилистириў мәселеси турыпты. Яғный сабақтың тәсиршеңлигин арттырыў ҳәм оқыўшылардан қайтатуғын нәтийжени де баҳалап барыў зәрүрлиги туўылмақта. Биз өтип атырған темалар, билдирип атырған пикир-усыныслар балаларға қалай тәсир етип атырғанын таллаўымыз керек. Несип етсе, жаңа оқыў жылынан баслап форумда билдирилген пикир-усыныслар, инновациялық көзқараслар жыл даўамында әмелде - сабақларда өз көринисин табады, деген үмиттемиз.
Ўақты да, қаржысы да үнемленеди
Қаҳрамон АЛИМАРДОНОВ,
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги басқарма баслығы:
— Быйылғы илажға аймақлардан 300 ден аслам алдыңғы, интакер, жетекши муғаллим ҳәм тәрбияшы тартылды. Тийисли бағдарларда бирге ислесиўши шөлкемлердиң басшылары ҳәм хызметкерлери, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Республикалық диагностика орайының жуўапкер хызметкерлери тәрепинен сабақлар, психологиялық шынығыўлар шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, тәжирийбели тренер ҳәм қәнигелер тәрепинен "Дәслепки қәдем" миллий оқыў бағдарламасы тийкарында балалардың бес таяныш компетенциясын қәлиплестириў, мектепте баҳалаў процесин шөлкемлестириў, қадағалаў ҳәм ҳүжжетлестириў тәртиби үйретилди.
Буннан тысқары, оқыў процесин басқарыўда “е Maktаb” платформасы менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыў, санлы дүньяда тәсир көрсетиў өнери, системадағы кадрларды қайта таярлаў процесслеринде retrain.uzedu.uz платформасынан пайдаланыў бойынша түсиниклер бериледи. Сондай-ақ, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлеринде үзликсиз кәсипке бағдарлаў системасын және қосымша билимлендириў системасын раўажландырыўдың жаңа басқышы, сырт елли қәнигелер менен ислесиўди шөлкемлестириў тәртиби, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жумыс алып барып атырған жойбарлар, инклюзив билимлендириўде шаңарақ ҳәм жәмийетшиликтиң роли сыяқлы темаларда шеберлик сабақлары өткерилди.
Ҳәр жылғыдай, бул илаж каскад усылында барлық аймақларға жетип барады. 17-18-август күнлери ўәлаят көлеминде, 20-21-август күнлери район (қала) ларда сектор мәжилислери көринисинде, 24-29-август күнлери барлық билимлендириў мәкемелеринде педагогикалық кеңеслер түринде шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Жаңалық сыпатында айтыў керек, оқытыўшыларымызға оқыў режелериндеги ҳәм сабақлықлардағы жаңалықлар "Кәсиплик раўажланыў күни" ҳәм "Кәсиплик раўажланыў саатлары"нда берилип барылады, жыл даўамында пайтахтқа шақырылмайды. Бул болса устазларымыздың ҳәм ўақтын, ҳәм қаржысын үнемлейди.
Тек ғана оқыўшы емес, ата-ана менен де тиккелей ислесемиз
Умида ҲАСАНОВА,
Жиззақ қаласындағы 22-айырым пәнлер тереңлестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеби директорының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары:
— Бесинши муғаллимлер миллий форумында қатнасқанымнан оғада қуўанышлыман. Форум оғада көтериңки руўхта, шырайлы түрде өтти. Илаж шеңберинде билимлендириўде болатуғын жаңалықлар, киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында мағлыўматлар берилди. Әсиресе, "Келешек сааты" сабақларымызда жаңа оқыў жылынан болатуғын өзгерислер мени илҳамландырды, соның ушын алдыма үлкен мақсетлер қойдым.
"Келешек сааты" ушын ҳәр ҳәптеде биреўден жаңа тема контентлер тийкарында берилетуғынын атап өтиў керек. Енди биринши сабақта белгиленген контент көрсетиледи ҳәм үйде ата-ана менен биргеликте додаланады. Екинши сабақта ҳәрбир оқыўшы менен ата-анасының тап сол тема ҳаққындағы пикири талқыланады. Кейинги сапар болса оқыўшыға тап сол темада жойбар жумысын орынлаў тапсырылады. Төртинши сабақта жойбар жумысын орынлап келген оқыўшының жойбары талқыланған ҳалда, тап сол темада шығарма яки эссе жазыў тапсырмасы берилмекте.
Қолайлығы сонда, алдынғыдай бир теманы 45 минут емес, бир ай даўамында үйренемиз, оның үстинде шын кеўилден ислеймиз. Себеби, "Келешек сааты" сабақлары тийкарынан оқыўшы жасларды миллий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған. Қысқаша айтқанда, бир айда 4 емес, бир темаға терең кирип барып, оның мазмун-мәнисин оқыўшы ҳәм оның шаңарағы менен биргеликте үйрениў имканияты жаратылмақта.
Шараят жетерли, бәнеге орын жоқ
Жалғасбай ШАМУРАТОВ,
Қарақалпақстан Республикасы, Әмиўдәрья районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими баслығы:
— Ҳәр жылы август айында биз, педагоглар жаңа оқыў жылына таярлық, жаңа методлар ойлап табыў, улыўма, қызғын жумыс кейпиятына түсип қаламыз. Бул бағдарда дәстүрий шөлкемлестирилетуғын устазлар миллий форумы ҳәм оның шеңбериндеги оқыў семинарлары бизге үлкен жәрдем береди.
Хорезмде де август кеңеслери шеңбериндеги илажлар көтериңки руўхта өткерилмекте. Себеби, оқытыўшы сыпатында бүгинги күнде бизден тек сабақ бериў емес, ал заманагөй билим ҳәм технологияларды ийелеген, еркин пикирлейтуғын, ўатансүйиўши ҳәм бәсекиге шыдамлы әўладты тәрбиялаў талап етилмекте.
Мениңше, устазлар миллий форумының ең әҳмийетли тәреплеринен бири педагогларды бир мақсет әтирапында бирлестирип, оларға өз пикир ҳәм усынысларын билдириў имканиятын берип атырғанында. "Сапалы билимлендириў - жаңа Өзбекстан келешеги" сүрени астында шөлкемлестирилген оқыў семинарында, "Заковат" ойынында қатнастық. Хийўа қаласына саяхатымыз да өзгеше болды. Қаладағы 15-мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде балалар ушын жаратылған шараятлар, билимлендириў процесслери менен танысып, тәжирийбе алмастық. Бундай имканият ҳәм итибарды үлкен жуўапкершилик пенен қабыл етиўимиз керек. Себеби, ҳәр бир жақсы сабақ, ҳәр бир берилген билим ҳәм тәрбия келешек әўладтың камалға келиўи ушын қосылған үлес болып есапланады.
Жаңа оқыў жылын үлкен мақсетлер, жаңа идеялар ҳәм жоқары жуўапкершилик пенен баслаўға таярмыз. Устазлар миллий форумында белгиленип атырған ўазыйпалар билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў, оқытыўшының абырайын көтериў ҳәм жас әўлад ушын және де кең имканиятлар жаратыўға хызмет ететуғынына исенемен.
***
Билимлендириўдеги ҳәр қандай реформаның нәтийжеси, бәринен бурын, әмелиятта - класс бөлмесинде әмелге асыратуғын муғаллимге байланыслы. Муғаллим пидайы болып, өз үстинде тынымсыз ислесе ҳәм изленсе, жаңадан-жаңа идеялар, көзқараслар пайда болады. Бундай алдынғы педагоглардың тәжирийбеси пүткил системада ғалаба ен жаяды.
Алдынғы тәжирийбелер болса үлкен-үлкен илимий әнжуманлар, миллий форум сыяқлы илажларда кеңнен додаланады. Ҳәм бул додалаўлар орайында билимлендириўди раўажландырыў арқалы миллет келешегин жоқарылатыў мәселеси турады. Усы мәнисте, устазлар миллий форумы тек ғана муғаллимлердиң емес, ата-ана, оқыўшы ҳәм пүткил жәмийеттиң келешегине байланыслы.
Устазға итибар - билимлендириўге, билимлендириўге итибар - миллет келешегине инвестиция екенин терең түсинип жеткен жәмийет тек ғана алға бара береди. Биз бүгин әне усындай жәмийет болыўға умтылмақтамыз. "Өзбекстан - 2030" стратегиясында да билимлендириў системасын реформалаў тийкарғы бағдарлардан бири етип белгиленген. 2030-жылға шекем барлық мектеплердиң материаллық-техникалық базасын жетерли дәрежеде жаңалаў менен бирге муғаллимлердиң потенциалын арттырыў әҳмийетли ўазыйпалар қатарына киргизилген. Демек, билимлендириўдиң сапасы тек ғана заманагөй имаратларға емес, муғаллимлердиң методикасы, шеберлиги сыяқлы факторларға да байланыслы. Соның ушын кейинги жыллары муғаллим шахсына айрықша ҳүрмет, итибар менен қаралмақта.
Бир сөз бенен айтқанда, бүгин мәмлекетимиз билимлендириўдиң раўажланыўы ушын талап етилип атырған инвестицияны аямай атыр. Буның артында болса айдын келешекке үмит, илимде дүньяға даңқ таратыў исеними тур. Усы мақсетте бирлессек, әлбетте гөзленген мақсетке жетемиз.
Муножат МЎМИНОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы