Чемпионат жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы улыўма командалық есапта барлық бағдарларда 2 гүмис ҳәм 4 бронза медалын жеңип алды.
Умиджон Жалолов гүрес бойынша жәҳән чемпионатында гүмис медалды қолға киргизди
Сербияның Нови-Сад қаласында спорт гүреслери бойынша 23 жасқа шекемги жаслар арасында жәҳән чемпионаты жуўмақланды. Жарыстың соңғы күнинде тәжирийбели еркин гүресшилеримизден бири Умиджон Жалолов 65 килограммға шекемги салмақ категориясында гүмис медалды қолға киргизди.