Баслама Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети тәрепинен БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Глобал экологиялық қор менен биргеликте "Арал теңизи суўлы-батпақлы жерлери" жойбары шеңберинде әмелге асырылды.
Үстирт шөлиниң суў ресурслары шекленген аймағында орнатылған системалар, әсиресе, сайғақлар ҳәм басқа да жабайы ҳайўанлар ушын қосымша суў дереги болып хызмет етеди.
Қуяш энергиясында ислейтуғын ҳәм толық автоматластырылған системалардың ҳәр бири 3 куб метр сыйымлы суў бассейни, насослар, датчиклер ҳәм есаплағышлар менен үскенеленген. Бул орайласқан электр энергиясы ҳәм суў тәмийнатына турақлы жалғаныўсыз суў жеткерип бериў имканиятын береди.
Сондай-ақ, аймаққа 10 камера ҳәм 10 фотоқақпан орнатылды. Олар жабайы ҳайўанларды сутка даўамында бақлаў, ҳәрекетлениўин жазып алыў ҳәм суў ишетуғын орынлардан пайдаланыўын үйрениў имканиятын береди.
Бул бақлаў қураллары арқалы ҳайўанлар популяциясының жағдайын мониторинг етиў ушын да мағлыўматлар топланады.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, Үстирттиң аўыр тәбийғый шараятында қосымша суў дәреклерин жаратыў сайғақлар ҳәм басқа да жабайы ҳайўанлар популяцияларын сақлаў және тиклеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Жаңа инфраструктура тәбиятты қорғаў илажларын заманагөй бақлаў технологиялары менен үйлестириўге хызмет етеди.