Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы кең көлемли мәселелерди додалап, агросанаат ҳәм электротехника тараўындағы биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратты.

Тийкарғы итибар машина қурылысында санаат кооперациясын раўажландырыўға қаратылды. Ушырасыў қатнасыўшылары өз-ара бирге ислесиўдиң ҳәзирги пәтин талқылады ҳәм қоспа өндирис қуўатлықларын және де кеңейтиў бойынша қәдемлерди белгилеп алды.

Өз-ара саўданы кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Министрлер талап жоқары болған өнимлерди өз-ара жеткерип бериў бағдарындағы ҳәзирги жағдайды додалады ҳәм товар алмасыў көлемин арттырыў бойынша биргеликте илажлар көриўге келисип алды.

Ушырасыў жуўмағында стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳәм исбилермен топарлар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға өз-ара таярлық билдирилди.