Ушырасыўда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы тиккелей байланысларды раўажландырыў перспективалары додаланды.

Бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларына, соның ишинде, "жасыл" энергетика, фармацевтика, санлы технологиялар, машина қурылысы, суў хожалығы ҳәм логистика тараўларына айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер анық биргеликтеги басламаларды алға қойыў ҳәм Өзбекстан-Дания исбилерменлик шериклигин буннан былай да беккемлеў бойынша әмелий жумысларды даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады.